30-сентябрь күни Олий Мажлис Сенатының он тоғызыншы жалпы мәжлиси өз жумысын даўам еттирди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисинде Сенат ағзалары, ҳүкимет жуўапкерлери, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей көрсетилди.

Дәслеп сенаторлар «Төлеўге уқыпсызлық  ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Атап өтилгениндей, ҳүжжетте төлеўге уқыпсызлықтың саламатландырыў принциплерин өткериў процесинде жүзеге келген ағымдағы салық төлемлерин есаплаўды тоқтатып турыў ҳәм процесс мүддети жуўмақланғаннан кейин төлеў, қарыздардың төлеў уқыбын тиклеў мақсетинде коммерциялық банклер, қаржы шөлкемлери ҳәм басқа да дәреклердиң қаржыларын тартыў және саламатландырыў режелеринде алдыннан қарыздарлықтың қанша бөлегин қаплаўды нәзерде тутыў сыяқлы  тәртиплер өз көринисин таппақта.

Буннан тысқары суд басқарыўшысының ҳуқықлары кеңейтилмекте. Соның ишинде, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги арқалы көрсетилетуғын хызметлерден алдыннан төлемлерди әмелге асырмай пайдаланыў, мәмлекетлик уйымлардан қарыздардың жумысы бойынша мағлыўматларды бийпул алыў, мүлки болмаған кәрханаларды сапластырыўда суд басқарыўшысына ҳақы төлеў сыяқлы жаңа тәртиплер белгиленбекте.

Пуқаралық ҳәм экономикалық суд ислерин жүргизиўге қәнигелесиўи бойынша лицензияға ийе болған адвокатларға да төлеўге уқыпсызлық принциплерин өткериў ҳуқықы берилген.

Үлес киргизиў тийкарында қурылған турақ жайларды сатып алған мүлк ийелериниң ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде қурылысшыларды төлеўге уқыпсыз деп табыўдың айрықша тәртиби ислеп шығылған.

Қарыздар юридикалық тәрепке суд санкциясы ямаса сыртқы басқарыў принципин қолланыўына ерискен суд басқарыўшысын хошаметлеў, қосымша ҳуқық ҳәм ўәкилликлер бериў және басқа да нормалар усыныс етилмекте.

Нызамға қарыздарды басқарыўшы шахслардың нызамға қарсы ҳәрекетлери ақыбетинде кредиторлардың талапларының толық қапланыўын имкансыз етип қойған шахслар қарыздардың қапланбай қалған миннетлери бойынша суд қарарына тийкарланып субсидиар жуўапкер болыўы қағыйдасы киргизилмекте.

Нызамда физикалық тәреплердиң мәплерине айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, қарыздардың (физикалық тәрептин) айлық дәраматларынан келип шығып, төлем графиги тийкарында бөлип-бөлип төлеў тәртиби енгизилмекте.

Улыўма бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинглерде төлеўге уқыпсызлық индикаторындағы орнын көтериў және әмелиятта төлеўге уқыпсызлық жағдайына түскен кәрханалардың жумысын жеделлик пенен тиклеў имканиятын береди.

Нызам санеторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын додалады.

Атап өтилгениндей, ҳүжжетте меншиклестириў объектлери ҳәм меншиклестирилмейтуғын жер участкалары және меншиклестириў субъектлери шеңбери, жер участкаларын меншиклестириў түрлери белгиленген.

Сондай-ақ, бос турған жер участкаларын, мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери жайласқан жер участкаларын меншиклестириў тәртиби, жер участкаларын меншиклестириў бойынша электрон онлайн-аукционда қатнасыўға байланыслы буйыртпа, меншиклестирилетуғын жер участкасының баҳасына байланыслы нормалар беккемленбекте.

Буннан тысқары, меншиклестирилген жер участкаларының ҳуқықый статусы белгиленбекте.

Мәмлекетлик ордер ҳуқықты белгилейтуғын ҳүжжет болып, ол меншиклестирилетуғын жер участкасының қунын төлеў толық  ҳәм өз ўақтында әмелге асырылғанынан кейин бир жумыс күни ишинде Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен бериледи.

Жер участкасы онда жайласқан мәмлекетлик көшпес мүлк объекти менен бир ўақытта меншиклестирилген жағдайда, жер участкасы ҳәм көшпес мүлк объектине болған мүлк ҳуқықы ушын бирден-бир мәмлекетлик ордер рәсмийлестириледи.

Соның менен бирге, меншиклестирилген жер участкалары мүлк ийелериниң ҳуқықлары менен миннетлери, жер участкаларына болған мүлк ҳуқықының меншиклестириў субъектлери болмаған шахсларға өтиўи, меншиклестирилген жер участкаларына болған мүлк ҳуқықын сапластырыў, алып қойылып атырған меншиклестирилген жер участкасының қунын анықлаў, оны мәмлекет ҳәм жәмийеттиң мүтәжликлери ушын сатып алыў, реквизициялаў және конфискациялаўға байланыслы нормалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, нызам менен Меншиклестириў субъектлерине турақлы пайдаланыў (ийелик етиў), ижара мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықлары тийкарында тийисли болған жер участкаларын меншиклестириў механизмлери ашып берилмекте.

Ҳүжжеттиң қабыл етилиўи жер базараның қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына, көшпес мүлк базарының жедел өсиўине, халықтың кредитке уқыплылығы ҳәм мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўға имканият жаратады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодесине қосымшалар  ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы додаланды.

Ҳүжжет пуқаралардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын күшейтиў ҳәм айрым категориядағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға қолланылатуғын жәрийма муғдарларын көрип шығыўға қаратылған.

Нызам профилактика (үлкен) инспекторларының пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплери қорғалаўын күшейтиў, оларға бириктирилген аймақта жынаятлардың санын азайтыў, олардың алдын алыў ҳәм сапластырыў илажларын әмелге асырыўда ўәкилликлери кеңейтпекте. Кодекс «Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша жарасыў институт»ын енгизиў арқалы ҳәкимшилик ис қатнасыўшыларының жаратылғанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў бойынша  жаңа нормалар менен толықтырылмақта.

Бунан тысқары, бажыхана нызамшылығын бузыўға байланыслы болған айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды Мәмлекетлик бажыхана комитетинде автоматластырылған мәлимлеме системалары жәрдеминде дизимге алыў, инсан факторын азайтыў ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайларын әпиўайыластырылған ҳалда көрип шығыў тәртиби енгизилип, олар менен байланыслы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс 2 статья менен толықтырылмақта және оның 9 статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды көрип шығыў ўәкиллигиниң альтернатив уйым сыпатында профилактика (үлкен) инспекторларына берилиўи ҳуқықбузарлық жүз берген жерден узақ аралықта жайласқан басқа ўәкилликли уйымлар ямаса судларға барыўды бурынғысынан басқаша тәризде пуқаралардың артықша қәрежет  жумысы ҳәм ҳәлек болыўының алды алыныўына хызмет етеди.

Сондай-ақ, жүз берген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын тез тәсиршең илажлар көрилиўи нәтийжесинде пуқараларға қосымша сергизданлық ҳәм қолайсызлықлар туўылыўы және ҳуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыў, артықша қағазпазлыққа шек қойыў, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў, пуқараларға нызамға ҳүрмет ҳәм нызам бузылыўының ҳәр қандай көринисине маўасасызлық мүнәсибетин сиңдириўге ерисиледи.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Соң «Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Бул нызам менен бажыхана хызметиндеги айырым процесслерге жаңалықлар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, жынайый истен алынған дәраматларды легалластырыў, терроризм ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евразия топарының (ФАТФ) топарының усынысына тийкарланып нақ валютаның шегара пунктлери арқалы кирип келиўин қадағалаў бажыхана уйымларына жүкленген.

Сонлықтан нызам өз ўәкилликлери шеңберинде жынайый истен алынған дәраматларды легалластырыў, терроризм ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша илажларды ислеп шығыў және әмелге асырыўда қатнасыў ўазыйпасы менен толықтырылмақта.

Соның менен бирге, нызам бажыхана аудитин әмелге асырыў ҳәм ҳүжжетлерди тексериў, Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығының буйрығы тийкарында отыз жастан асқан пуқараларды бажыхана уйымларының қәнигелестирилген қурамалы структураларына хызметке қабыл етиў мүмкин екенлигин белгилейтуғын нормалар менен толықтырылмақта.

Буннан тысқары, нызамшылықта бар муўапықсызлықлар ҳәм анықсызлықлар себепли әмелиятта ушырасып атырған машқалалы жағдайларды сапластырыў мақсетинде нызамға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизимекте.

Ҳүжжеттиң қабыл етилиўи нызам үстинлигин тәмийинлеўге, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыўға, пуқараларды нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға, сондай-ақ, әмелиятта ушырасып атырған машқалалы жағдайларды келтирип шығарып атырған муўапықсызлықларды сапластырыўға хызмет етеди.

Бул нызам да мақулланды.

Соң жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы көрип шығылды.

Атап өтилиўинше, өткен жыллар ишинде мәмлекетте тынышлықты тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаўдың пүткиллей жаңа механизмлерин енгизиў ҳәм халықта жеке қәўипсизлик сезимин қәлиплестириў бағдарында системалы ҳәм нәтийжели илажлар әмелге асырылды. Бул нызам әне усы реформаларды және бир мәрте беккемлеўге қаратылған.

Нызам менен нәзерде тутылған биринши бағдар – Жынаят кодексиниң ҳәкимият ўәкили ямаса пуқаралық миннетин орынлап атырған шахсқа қарсылық көрсетиў, яғный хызмет ўазыйпасын орынлап атырған ҳәкимият ўәкилиниң нызамлы жумысын ямаса пуқаралық миннетин орынлап атырған шахсқа жедел қарсылық көрсетиўге байланыслы жынаяттың жаза илажлары күшейтилмекте.

Екинши бағдар болса Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ишки ислер уйымларының хызметкери ямаса Миллий гвардия әскерий хызметкери (хызметкери)ниң нызамлы талапларын орынламаў, олардың өз хызмет миннетлерин орынлаўына қарсылық көрсетиў ҳәм ҳәкимият ўәкилиниң нызамлы талапларын орынламаў ямаса хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық еткени ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Усы нызам менен мәмлекетимизде Жынаят кодексинде ҳәкимият ўәкилине қарсылық көрсеткени ушын жуўапкершилик белгиленеди ҳәм ҳәкимият ўәкиллериниң ҳуқықый қорғалыўы тәмийинленеди.

Қалаберди, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте тек ишки ислер уйымларының хызметкерлери ямаса Миллий гвардия әскерий хызметкерлери емес, ал басқа да ҳәкимият ўәкиллериниң өз хызмет миннетлерин орынлаўына қарсылық көрсетиў ямаса тосқынлық еткени ушын жуўапкершиликти күшейтиў арқалы олардың өзиниң нызамлы жумысын тосқынлықсыз әмелге асырыўына шараят жаратылады. Сондай-ақ, ҳәкимият ўәкиллериниң денсаўлығы ҳәм өмириниң қәўипсизлигин тәмийинлеўге ерисиледи.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасы жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Ҳүжжетке муўапық 1 Кодекс және 9 нызамға, атап айтқанда, «Прокуратура ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Регламенти ҳаққында»ғы, «Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы Конвенциясына (Нью-Йорк, 2003-жыл 31-октябрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы, «Жынаят исин жүргизиў ўақтында қамақта сақлаў ҳаққында»ғы, «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы, «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы және «Ҳәкимшилик қамақты өтеў тәртиби ҳаққында»ғы нызамлар, сондай-ақ, Жынаят-атқарыў кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл  29-июньдағы 6013-санлы ҳәм 2019-жыл 27-майдағы 5729-санлы  пәрманлары менен тастыйықланған «2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў» Мәмлекетлик бағдарламаның 25-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың толық әмелге асырылыўында зәрүр ҳуқықый база беккемленеди.

Буннан тысқары, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм бул жумысты тиккелей әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымлар алдында турған ўазыйпалардың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлейди.

Қалаберсе, коррупцияға қарсы гүресиў жумысын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң буннан былай да жетилистирилиўи, жәмийетте коррупцияның ҳәр қандай көринислерине шек қойыў ҳәм оған қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар бул нызамды мақуллады.

Буннан кейин «Перзентликке алыў тәртибиниң ҳуқықый тийкарларының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы көрип шығылды.

Миллий нызамшылығымызда енгизилген перзентликке алыў институтынан пайдаланған ҳалда 2017-жылы 4 мың бала суд тәртибинде перзентликке алынған. 2018-жылы бул көрсеткиш 4,1 мыңды, 2019-жылы болса 4,3 мыңды қураған.

Ҳәзирги ўақытта перзентликке алыў тилегинде гезекте турғанлардың саны перзентликке алғанларға салыстырғанда бираз жоқары қалмақта. Ақыбетинде нызамсыз жоллар менен перзент сақлап алыў, соның ишинде, бала саўдасына байланыслы жағдайлар ушыраспақта.

Сол себепли де «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада перзентликке алыў әмелиятын үйрениў ҳәм бул бойынша ҳуқықый тийкарларды қайта көрип шығыў белгиленген еди.

Перзентликке алыў бағдарындағы жумысларды таллаў ҳәм нызамшылықта бар тәртип-қағыйдаларға байланыслы бослықларды сапластырыў мақсетинде усы нызам ислеп шығылды.

Бул нызам менен Шаңарақ кодекси ҳәм «Қәўендерлик ҳәм қайырқомлық ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Буннан былай нызам менен социаллық әҳмийети үлкен болмаған, онша аўыр болмаған ҳәм перзентликке алыўға тосқынлық етпейтуғын жынаяттың түрлерин ислеп, жаза мүддетин өтегенлерге перзентликке ҳәм қәўендерликке алыў имканияты жаратылып атыр.

Баланың ең тийкарғы мәплерин есапқа алған ҳалда, перзентликке алыўға тосқынлық ететуғын кеселликлерге шалынған шахслардың дизими Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланыўы белгиленбекте.

Нызам бәринен бурын жәмийетимиздеги талаптан келип шығып таярланған ҳәм адамгершилик көзқарасынан әҳмийетли социаллық-руўхый әҳмийетке ийе.

Улыўма алғанда бул нызамның қабыл етилиўине байланыслы бала ҳуқықларының қорғалыўы толық түрде тәмийинлениўи ҳәм балаларды нызамға қайшы түрде перзентликке алыў, әсиресе, бала саўдасының алдын алыўға ерисиледи.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин ала сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын додалады.

Оған муўапық 2 кодекс ҳәм 2 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда «Сиясий партиялар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамынан депутат жәрдемшиси болыўы ушын қойылатуғын талаплар, олардың ўазыйпалары, депутат жәрдемшисин жумысқа қабыллаў ҳәм олардың мийнетине ҳақы төлеўге байланыслы норма шығарып тасланбақта. Бул норма «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенаты ағзасының статусы ҳаққында»ғы нызамға киргизилмекте. Сондай-ақ, салық төлеўшилер салық қарызын төлеў имканиятына ийе болмай атырғаны себепли, оларға салықларды бөлип-бөлип төлеў имканиятының берилиўи нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, ҳүжжет пенен Бажыхана кодексинде товарларды импорт етиў менен үш жылдан аслам ўақыттан берли шуғылланып атырған, бажыхана төлемлери бойынша миннетлемелерди орынлап келген, бирақ финанслық жағдайға бола төлемлерди белгиленген мүддетте төлеў имканиятына ийе болмаған сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына бажыхана төлемлерин бөлип-бөлип төлеў ҳуқықының берилиўи белгиленбекте.

Бул өзгерислердиң киргизилиўи исбилерменлик субъектлери ҳәм халық арасында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәр қыйлы талланыўының алдын алыўға ҳәм сырт елли инвесторларды тартыўда исбилерменлик орталығы тартымлығының артыўына хызмет ететуғын анық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жетилисиўине алып келеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң 2020-жылдағы ҳәм 2021-жылдың өткен дәўирдеги жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, комитет тәрепинен усы дәўирде мақуллаў ушын Сенатқа киргизилген 48 нызам ҳәм 31 мәселе дәслепки тәризде көрип шығылып, Сенат жалпы мәжилисиниң додалаўына киргизилген.

Қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде Бас прокурордың есабаты 3 рет, әдиллик министри ҳәм мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң мәлимлемелери 3 мәртеден, Олий Мажлис Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ның есабаты 2 мәрте, ишки ислер, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, қурылыс министрлери, Жоқары судтың баслығы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң мәлимлемелери 1 мәртеден тыңланған.

Халықтың мүрәжатларында көтерилген мәселелер бойынша жиберилген 4 парламентлик сораў нәтийжеси комитет ҳәм Сенаттың жалпы мәжилислеринде додаланған.

«Коррупциясыз тараў» жойбары бойынша әмелге асырылған жумыслардың жағдайы үйренилип, Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң мәлимлемеси ҳәм денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм қурылыс тараўларында коррупцияға жол қоймаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Бас прокурордың мәлимлемеси тыңланған.

Сенаттың прокуратура уйымларының жумысы үстинен қадағалаўшы комиссиясы менен биргеликте «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы, «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм тараўға байланыслы басқа да нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы Сурхандәрья, Хорезм ҳәм Наманган ўәлаятларында үйренилген.

Комитет тәрепинен өткен ўақыт даўамында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўге де айрықша итибар қаратылған. Халықты тәшўишке салып атырған машқалаларды терең үйрениў ҳәм олардың шешими бойынша зәрүр илажларды көриў мақсетинде 1 242 мәрте ушырасыў өткерилген.

Буннан тысқары, тийисли аймақ ҳәм сайлаўшылардың мәплерине тийисли машқалаларды шешиў бағдарында жәми 64 сенатор сораўы жиберилген.

Мәжилисте комитеттиң коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық тараўларында пайдаланылмай атырған имканиятлар ҳаққында да ҳәр-тәреплеме сөз етилди. Онда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында мәмлекетлик уйымлардың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислесиўин жеделлестириў, ең көп коррупция жағдайы дизимге алынған тараў, бағдар ҳәм аймақларды анықлаў илажларын буннан былай да жеделлестириў ҳәм исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин бузған мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли илажларлың көрилиўин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Комитет есабатының нәтийжелери бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети