Пайтахтымыздағы Киношылар үйинде «Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалының салтанатлы ашылыўына бағышланған кеше болып өтти.

Усы салтанатлы илажда дүньяның көплеген мәмлекетлеринен келген кино ғайраткерлери, экран жулдызлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел дипломатиялық корпустың ўәкиллери, көркем өнер ықласбентлери қатнасты.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, туризм ҳәм спорт министри Азиз Абдуҳакимов оқып еситтирди.

Өзбекстанда кейинги төрт-бес жыл даўамында болып атырған түпкиликли унамлы реформалар мәмлекет абырайының халықаралық майданда артыўына, халқымыз турмысының және де  абат ҳәм абадан болыўына хызмет етпекте.

Бул тәреплер миллий мәденият ҳәм  көркем өнеримизди жедел раўажландырыў, дөретиўши зыялыларға ҳүрмет көрсетиў, олардың нәтийжели мийнет етиўи ушын зәрүр барлық имканиятлар менен шараятларды жаратыўда барған сайын көбирек көринбекте.

Қайта тикленген Ташкент халықаралық кинофестивалы тек кинематография емес, ал туристлик, көркем өнер тәлими, мәмлекетке инвестициялардың кирип келиўи, халықаралық бирге ислесиўде үлкен әҳмийетке ийе.

«Тынышлық, раўажланыў ҳәм мәрипат ушын» сүрени астында шөлкемлестирилип атырған бул халықаралық кинофестиваль дүнья көлеминде де өзине тән резонанс берди.

Халықаралық кинофестивальдың бағдарламасы оғада кең ҳәм рәңбе-рең екени усы дөретиўшилик жойбардың «Фестивальлар фестивалы» сыпатында өтип атырғанынан дәрек бермекте. «Кино 5 күнде» дөретиўшилик жойбары, жаңа көркем, ҳүжжетли фильмлердиң презентациясы, шеберлик сабақлары, әнжуманлар, презентациялар, кино жулдызларының қатнасыўындағы баспасөз әнжуманлары менен биргеликте болып өтпекте. Мәмлекетимиздиң көплеген аймақларында  жаңа кинотеатрлар қурылып, пайдаланыўға  тапсырылып атыр. Он төрт сырт мәмлекеттиң миллий кино күнлери тамашагөйлерди жәҳән кинематографиясындағы ең алдынғы бағдардағы дәстүрлер менен таныстырмақта. Соның менен бирге, миллий кинематографиямыздың перспективасына  бағдарланған жаңа бирге ислесиў ҳүжжетлерине қол қойылыўы, жаңа дөретиўшилик жойбарларға қәдем қойылыўы басланбақта.

– Өзбек дияры әййемги мәдениятқа, тарийхқа, дүнья цивилизацияларына тәсир  көрсеткен терең ҳәм беккем тамырларына ийе жер болып табылады, – деди түркиялы кино актёр Селим Байрактар. –Бизиң дәстүрлеримиз, қәдириятларымыз, тарийхымыз тутас болып есапланады. Өзбекстандай теберик  елде өткерилип атырған усындай халықаралық кинофестивальда қатнасып атырғаным мен ушын мақтаныш болып есапланады.

– Ташкент кинофестивалы және кино ықласбентлерин өзине шақырды, – деди әзербайжанлы кино ғайраткери Руфат Гасанов. – Қанша ўақыттан берли адамлар усындай абырайлы илажды оғада сағынып қалған еди. Бул фестиваль қайта туўылғанынан тек өзбек халқы, кино дөретиўшилери емес, ал сырт ел киношылары да оғада қуўанышта. Бул фестиваль жаңаланып атырған Өзбекстанда мәдений-ағартыўшылық  тараўларда да реформалар артқа қайтпайтуғын,  жедел, ҳәм әмелий түске енгенин дүньяға көрсетпекте.

…Алдынлары халқымыздиң тилинде «Панорама» деп аталған көркем өнер сарайы енди Киношылар үйи сыпатында көз алдымызда пайда болмақта. Дәстүрий ашық-қызыл гилемнен биз экранларда, киноларда көрген қаҳарманларымыз – жәҳән кино жулдызлары өтпекте.

Көркем өнер орайында қосық ҳәм намалар жаңламақта. Сахнада Ташкент халықаралық кинофестивалында қатнасыўшы мәмлекетлердиң байрақлары желбирейди. Миллий ҳәм жәҳән кинематографиясының ең сийрек ушырасатуғын үлгилери экранда сәўлеленеди.

«Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы рәсмий  ашық, деп жәрияланды. Алдымызда ҳәммемизди умытылмас тәсирлер күтпекте.

Ташкент халықаралық кинофестивалының салтанатлы ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдуваҳитов қатнасты.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы