Мың жылдан аслам тарийхқа ийе «Алпамыс» ҳәм «Қоблан» дәстанлары қарақалпақ жыраўларының сүйип жырлаған дәстанларынан болып, оларды халқымызға кеңнен белгили жыраўлар Хожамберген Ниязов (Өгиз жыраў), Есемурат Нурабуллаев, Қурбанбай Тажибаев, Арзымбет жыраў, Қыяс Хайратдинов, Карам Нағимов, Тәңирберген Төрениязов, Жийемурат Бекмуратовлар жырлап, бүгинги күнге шекем жеткерип келген.

Ҳәр бир жыраўдың жырлаған варианты өзине тән өзгешеликлерге ийе.

1955-жылы илимпаз Артық Каримов Қыяс жыраў Хайратдиновтан «Алпамыс» дәстанын жазып алған еди ҳәм 2000-жылларға шекем Өзбекстан илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлиминиң фондында сақланып келинди. Бөлим басшылығы қарақалпақ фольклорының 100 томлығын баспадан шығарыў мақсетинде қайырлы ис баслап, 2007-жылы оның 1-8-томын баспадан шығарды. Бир китапқа жәмленген бул сегиз томнан «Алпамыс» дәстанының 8 варианты орын алған.

Жас әўладты қаҳарманлық, дослық, опадарлық ҳәм ўатансүйиўшиликке тәрбиялайтуғын бул дәстанлар өзиниң қызықлы ўақыялары менен оқыўшылардың бар дыққатын бийлеп алады.

Жақында «Жети Ықлым» баспасы тәрепинен халқымыздың бул дүрдана шығармалары филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Айтмурат Альниязовтың редакторлаўында баспадан басылып шықты.

Баспа тәрепинен басып шығарылып атырған бул китаплар ҳәр бир оқыўшының китап текшесинен орын алады деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы