Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Фракциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Күн тәртибинде комитет ҳәм фракция жумыслары менен байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.
Дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығының орынбасары лаўазымына 8-“Жеке терек” сайлаў округинен депутат Ақылбек Толибеков ҳәм комитет хаткери лаўазымына 58-санлы “Тазажол” сайлаў округинен депутат Фатима Палванова сайланды. Буннан соң, Президент пәрманларының орынланыўы барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты, Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының мәлимлемеси бойынша мәселелер қарап шығылды.
Мәжилис даўамында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.
Комитет мәжилисине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги