Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбаева басшылығындағы парламент делегациясы Санкт-Петербургта болып өткен ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының 57-сессиясында қатнасты.

Т.Нарбаева өз сөзинде Өзбекстан тәрепинен ислеп шығылған басламаларды илгери сүрди.

Мәжилис даўамында парламент ағзалары сайлаў процесслерин халықаралық бақлаў институтының демократияны раўажландырыўдағы роли мәселесин көрип шықты. ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы демократиялық принциплерди илгери сүриў, парламентаризм ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, халықларымыз арасындағы аўызбиршиликти беккемлеўде әҳмийетли орын тутып атырғаны атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытқа шекем Ассамблеяның бақлаў миссиялары 100 ден аслам сайлаў кампанияларын мониторинг етиўде қатнасты. Олардың қурамында Өзбекстан парламенти ағзалары да белсенди қатнаспақта.

Қатнасыўшылар Өзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен өткерилген Сайлаў уйымлары басшыларының мәсләҳәт кеңеси жумысына итибар берди.

Мәжилисте Өзбекстан парламенти делегациясы ағзалары көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге жәрдемлесетуғын, нызам дөретиўшилиги басламаларын сәўлелендиретуғын ҳәм Өзбекстан мәплерине хызмет ететуғын модел нызамлар ҳәм усынысларды қоллап-қуўатлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги