Илон Маск рекорд дәрежеде байып бармақта. Өткен жыл даўамында байлығы дерлик 120 миллиард долларға көбейген америкалы исбилермен өз рекордын жаңалады ҳәм Bloomberg анықлаўы бойынша биринши орынды ийеледи.

Бир күн алдын оның байлығы 348 миллиард долларды қурап, тарийхый нәтийжеге еристи. Буннан тысқары, алдыңғы рекорд 340,4 миллиардты қурады – бул да Маск тәрепинен 2021-жылдың ноябринде орнатылған еди. Салыстырыў ушын, оның ең жақын қарсыласы, Amazonның негизин салыўшы Жефф Безостың байлығы 219 миллиард долларға тең.

Масктиң байлығының артыўы оның компаниялары, атап айтқанда Tesla ҳәм жасалма интеллект стартапы табысы менен байланыслы. Солай етип, Tesla акциялары 2023-жылдың ноябрь айынан берли 45 процентке артты ҳәм компанияның базар баҳасын 350 миллиардқа асырды, ҳәзирде Маск Тесла акцияларының 20,5 процентине ийелик етеди.

Bloomberg’тиң атап өтиўинше, Доналд Трамптың АҚШ президентлик сайлаўындағы жеңиси бизнесменниң табысы ҳәм компаниялары баҳасының өсиўинде әҳмийетли рол ойнаған. Маск Республикашы талабанды ашық қоллап-қуўатлаған аз санлы бизнесменлердиң бири еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги