Быйыл 1-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 19-июньдағы «Ташкент халықаралық кино фестивалын қайта тиклеў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, «Жипек жолы дүрданасы» XIII Ташкент халықаралық кинофестивалы басланады.
Ҳәзирги ўақытта усы кинофестивальды жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде таярлық жумыслары алып барылмақта.
Нөкис қаласында өткерилетуғын фестиваль илажлары даўамында сырт ел делегациялары менен рәсмий ушырасыўлар, «Әзербайжан киносы күнлери» қатнасыўшылары менен ашылыў мәресимине бағышланған баспасөз конференциясының өткерилиўи режелестирилмекте. Сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында ашылыў мәресими, фильмлер қойып берилиўи, жаслар ушын ушырасыўларды шөлкемлестириў, кино базарын үйрениў, оның шеңберинде инвесторлар ҳәм қатнасыўшылар менен сөйлесиўлер алып барыў, кинематография тараўына байланыслы жаңалықлар менен танысыў, дыққатқа ылайық орынларға, мәдений мийрас объетлерине саяхатлар шөлкемлестирилиўи ҳәм басқа да бир қатар фестиваль шеңбериндеги мәдений илажлардың өткерилиўи күтилмекте.
Халықаралық кинофестивальды өткериўден тийкарғы мақсет – миллий кино көркем өнериниң әсирлик дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыў, усы көркем өнер түри арқалы мәмлекетлер арасындағы дослық қатнасықларды беккемлеў, халықаралық дәрежеде бирге ислесиў көлемин ҳәм мәдений байланысларды кеңейтиў, көп жыллар даўамында өткерилип келинген дүньяға белгили Ташкент халықаралық кинофестивалын қайта тиклеў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги