Халықаралық байланыслардың раўажланыўы ҳәр қандай тараўдың ең алдыңғы жетискенликлеринен хабардар болыў ҳәм оны әмелиятқа енгизиўге жәрдем береди.
Өзбекстан нотариал палатасы да мине усы мақсетте халықаралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырмақта. Палата Халықаралық нотариуслар аўқамына ағза болыўға таярланбақта.
Халықаралық нотариуслар аўқамына ағза болыўдан мақсет – миллий нотариат системасын реформалаў шеңберинде оны улыўма тән алынған халықаралық стандартлар және латын нотариат моделиндеги мәмлекетлердиң алдыңғы тәжирйибелерин қолланыў илажларын көриў болып есапланады.
Халықаралық нотариуслар аўқамының халықаралық нотариал бирге ислесиў бойынша комиссиясының президенти Ричард Бок басшылығындағы делегацияның Өзбекстанға үш күнлик сапары усы мақсетте шөлкемлестирилди.
Сапардың биринши күнинде делегация ағзалары Өзбекстан нотариал палатасында болып, палата администрациясы ҳәм басқарыў кеңеси ағзалары менен ушырасты.
Ушырасыўда Нотариал палата баслығы Дилшод Ашуров қысқа дәўир ишинде Өзбекстанда нотариат тараўының түп-тийкарынан жаңаланғанлығы туўралы мийманларға айтып берди.
1,5 жыл ишинде дерлик жүз процент нотариус мәмлекетлик нотариус статусынан жеке меншик әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус статусына өткерилди. Нотариат тараўын санластырыў күн сайын жетилисип бармақта. Өткерилип атырған реформалар себепли нотариуслардың халыққа ҳуқықый хызмет көрсетиў сапасы кескин артты. Сөйлесиў даўамында тараўда жаратылған қолайлықлар ҳаққындағы мағлыўматлардың презентациясы да өткерилди.
Мийманлар, өз гезегинде, Халықаралық нотариуслар аўқамының жумысы ҳаққында мағлыўмат берди. Соның менен бирге, Өзбекстан нотариал палатасы биринши қәдемлеринен-ақ табыслы жумысларды әмелге асырып атырғаны, системадағы реформалар раўажланған мәмлекетлер нотариал палаталары менен дерлик бирдей екени тән алынды.
Сапар шеңберинде делегация ағзалары Әдиллик министрлиги администрациясы менен де ушырасыў өткерди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы