Галереяларға, устаханаға, әсиресе, художниктиң устаханасына бир мәрте болса да кирип көрдиңиз бе? Мениңше, кирип көрдим деўшилер жүдә аз. Бирақ, көпшилик Леонардо Да Винчидиң «Жакондо»сы ҳаққында биледи. Ўатанлас художниклерден санаўлы инсанларды ғана биледи. Демек, Сиз сүўретлеў көркем өнери менен жақыннан таныс емессиз. Бирақ, бул дүньяның қаншелли қызық ҳәм заўықлы екенлигин билгениңизде еди…

Сизлерди қарақалпақстанлы художник ҳәм мүсинши Дәрибай Тәжимуратовтың дөретиўшилиги менен жақыннан таныстырыўды қәледим. Келиң, оның устаханасына виртуал саяхат етемиз. Айтпақшы, бул художник адамларға бираз белгили, салмақлы шығармалардың авторы болып, ҳәзирги ўақытта дөретиўшиниң мүсиншилик ҳәм сүўретлеў өнери, графикалық шығармалары елимиздиң абырайлы көркем өнер музейлеринде, АҚШ, Англия, Франция, Япония, Германия ҳәм бир қанша мәмлекетлерден келген көркем өнерди жақсы көретуғын инсанлардың жеке коллекцияларында сақланбақта. Художниктиң Шымбай районында ықшам устаханасы бар. Устахана бәрқулла мийманлар менен толы. Сырт еллилер де Дәрибай ағаның дөретиўшилик жумыслары менен танысыў мақсетинде тез-тезден келип турады. Жақында ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери жоқары атағына ийе болды.

Интернет тармағында «facebook» ҳәм «instagramm» бетлери арқалы Дәрибай Тәжимуратовтың дөретиўшилигин турақлы түрде бақлап барыў имканияты да бар. Күни кеше, художниктиң таўар, майбояўда исленген «Қобызым» деп аталған дөретпеси социаллық тармақтағы ленталарында итибарымды тартты. Миллий саз әсбапымыз болып есапланған қобыз ҳәм жас жыраў шығарманың бас композициясынан орын алған болып, символикалық тымсалларға сүйенген ҳалда художник өзиниң философиясын «Қобызым»ға бағышлайды.

Нама саз әсбапы менен исленген картиналар әзелден художниклердиң ең сүйикли темасы болып есапланған. Ески дәўир Египет архитектурасында дийўалға безеўлер сыпатында да әйне нама саз әсбаплары менен исленген көплеген сүўретлеў көркем өнерлерин ушыратамыз. Ояныў дәўири ҳәм Орта әсирлерде нама саз әсбаплары менен исленген көплеген көркем өнер шығармалары художниклердиң тийкарғы тымсалларынан бири сыпатында таўарларды жаўлап алды ҳәм сийрек ушырасатуғын шығармалар жаратылды. Дәрибай Тәжимуратовтың устаханасында жаратылған гезектеги «Қобызым» шығармасы да айрықша болып есапланады.

Дийўалдағы сүўреттен хош ҳаўаз таралғанының гүўасы болғансыз баЎ Мениңше, жоқ. Сүўретлеў көркем өнериниң ўәкиллери реңлерди музыка ҳаўазлары менен үнлес ҳалда дөретеди екен. Дәрибай Тәжимуратовтың «Қобызым» шығармасын көрип, қулақлары қобыздың дәртли ҳаўазы еситиле баслады. Көз алдымда болса халық батырларының тынышлық ҳәм азатлық ушын гүресип атырған мәўритлери сүўретленеди. Художникке шығарманың дөретилиўи ҳаққында билгим келгенин айтқан, германиялы мийманларды күтип атырған болыўына қарамастан, қысқаша айтып берди: «Қарақалпақ миллий музыкасы ҳаққында сөз еткенде, әлбетте, жыраў ҳәм бақсылар туўралы мақтаныш пенен айтамыз. Қобыз жыраўлардың музыкалық сазлы әсбабы. Қобыздың жаратылыўы оғада ески заманларға барып тақалады. Қобыздың тарийхы қыпшақ қызынан туўылған Қорқыт ата ҳаққында әпсаналарға байланыслы. Бир заманларда халық оғада қыйын жағдайда қалып, басқыншылардан көп азап шеккен. Сол ўақытлары Қорқыт ата бир теректиң саясында уйқылап қалады. Уйқылап атырған ўақтында оған ғайыптан саза келип, былай дейди: «Бир музыка әсбабын жаратқан. Бул сазлы әсбап маған инсанияттың қайғы-қуўанышларын жеткерип турады. Оны жасаўда тек ғана жийдениң тереги ҳәм ат жолынан пайдалан. Себеби, ат мен инсанларға инәм еткен жети ажайыбаттың бири. Бул сазлы әсбапты шерткен ўақтында, жерде самал көтериледи, гүлдирмама болып, жаўын жаўады. Соны билиң, қобыздан таратылып атырған ҳаўаз маған дәртиңизди жеткерип атырған болады». Усы тәризде қобыз жаратылған. дейди. Той, мәресимлер дәстанларсыз өтпейди. Жыраўларымыз батырлық дәстанларын қобыз сазлы әсбабында кәмине келтирип атқарады. Бурынғы Аўқам дәўиринде «Едиге» дәстанының атқарылыўы қадаған етилип қойылған. Ғәрезсизлик жәрияланғаннан кейин, миллий тарийхымыз ҳәм дәстүрлеримиз қайтадан туўылды, бақсы ҳәм жыраўларға итибар күшейди. Олар халық аўызеки дөретиўшилигин әсирлер өтсе де, әўладтан-әўладқа жеткерип келмекте. Өткен әсирлердеги жазба дәреклер аз ушырасады. Бирақ қобыздың ҳаўазы ҳәм жыраўлардың атқарыўшылығы кешеги күн, өтмиш ҳаққында жырлайды. Мениң бул шығармам жыраўларға шексиз ҳүрметимниң белгилиси болып есапланады».

Ҳәр бир халықтың келип шығыўы, оның тарийхы, миллий қәдириятлары, дәстүрлери, мәденияты ҳәм көркем өнери менен тығыз байланыслы. Қарақалпақ халқының да тарийх бетлеринде өшпес из қалдырған уллы қәдириятлары бар. Художник шығарманы, мине, усы өтмишти мақтаныш пенен таўарға реңлер менен сәўлелендиреди. Шығармада бир неше детальлар итибарыңызды тартады: қобыз услаған жыраў жүзин бир тәрепке қаратып тур. Оның жоқары тәрепин айдың он еки топ жулдызлар жыйнағы сүўрети менен оралған. Улыўма фон ақ ҳәм көк реңлер менен көз алдыңызда тунғыйықты келтиреди. Көк бул ашық аспан болса, ақ реңлерде қуслар – еркинлик тымсалында художниктиң шығармасына және де көркемлик бағышлайды. Енди шығарманы толық тамашалаң. Және сол қобыздың ҳаўазы, қуслардың пәрўазы тунғыйықты пайда етип атыр. Жыраў болса кәмине келтирип дәстан атқарып атыр. Басыңыз бираз айланды, дурыс па? Художниктиң таланты ма ямаса тәсирлерим сондай көринисти сәўлелендире ме? Мен шығарманың ишинде бир неше минутлар жасадым. Алыслардан еситилип атырған тарийх ҳаўазы қобыздың нәзик ҳәм дәртли тарларына қосылып кетти. Жазып атырман, бирақ, қайтадан жазғым келип атыр. Шығарма ҳаққында ҳәр кимниң өз пикири бар екенлигин билемен. Қалған пикир-усынысларды Сизлерден күтип қаламыз.

 

Көркем өнертаныўшы Шоҳиста Абдурахманова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги