Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 26-июль күни Канаданың Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси (резиденциясы Москва қаласында) етип тайынланған Элисон Мери Леклерди қабыл етти.

Министр исеним жарлықларын қабыл етип, елшини жуўапкер лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлады және оның кәсиплик тәжирийбеси Өзбекстан-Канада бирге ислесиўин және де раўажландырыўға үлес қосатуғынына үмит билдирди.

Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықлардың жағдайы, перспективалы бағдарлар ҳәм биргеликтеги күн тәртибин кеңейтиў мәселелери додаланды.

Турақлы сиясий ҳәм экономикалық байланысты, атап айтқанда, еки мәмлекет Сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлер, парламентлераралық қатнасықларды тереңлестириў және саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў арқалы жеделлестириўден еки тәреп те бирдей мәпдар екени атап өтилди.

– Өзбекстанға 2018-жылы да келгенмен. Мәмлекетиңизде алып барылып атырған реформаларды көп ўақыттан берли бақлап келемен. Соның ишинде, шаңарақ ҳәм жәмийетти беккемлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы жумыслар ҳүрметке ылайық, – деди Элисон Мери Леклер. – Өзбекстан менен Канада арасында бир қатар бағдарлар бойынша бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар. Саўда-экономикалық, билимлендириў, кәншилик, аўыл хожалығы, энергетика, қайта тикленетуғын энергетика ҳәм авиация сыяқлы тараўларда қатнасықларды беккемлеўден мәпдармыз. Сондай-ақ, климат өзгериўи менен байланыслы глобал машқалаларды шешиўде, гендер теңлиги, парламентлик институтларды раўажландырыўда бир-биримизди қоллап-қуўатлаймыз.

Сәўбетлесиў ўақтында регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың басқа мәселелери бойынша да пикир алысылды.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы