Жерлеслеримиз паражүзиў чемпионатына белсене қатнасты

130

Ташкент қаласында спорттың паражүзиў түринен жаслар ҳәм ересеклер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өткен еди.

Чемпионатқа Өзбекстаб Республикасының барлық аймақларынан  200ден аслам пара жүзиўшилер қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес жүргизди.

Өткерилген жарыста қарақалпақстанлы пара жүзиўшилер де өзлериниң белсендилигин көрсетип, 1алтын, 1гүмис ҳәм 2 қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, Гүлдана Генжебекова алтын, Ислам Реймов гүмис, Саятхан Әжиниязова ҳәм Султанбек Қалбаевлар қола медальларын жеңип алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы