Ташкентте «Ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық жағдайларына уйымлараралық мүнәсибеттиң миллий тәжирийбеси: жуўмақ ҳәм нәтийжелер» темасында халықаралық дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева бүгин «Зорлыққа қарсы 16 күн жеделлик» илажларына старт берилгенин айрықша атап өтти.

– Мақсет – бар машқалаларды таллаў, бул бағдарда кең жәмийетшилик ўәкиллери, қәнигелер, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери пикирин үйрениў, мәмлекет тәрепинен әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпаларды белгилеў, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў жолында бәршени бирлестириўден ибарат. Тән алыў керек, мәмлекетимиз басшысының исенимли сиясий ерк-ықрары себепли «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында зорлықтың ҳәр қандай көринисине қарсы системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Нызамларымыз жетилистирилди, жаза илажлары беккемленди, усы иллетке қарсы ислейтуғын анық система – Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жумысы жолға қойылды. Қысқа мүддетте әмелге асырылған жумыслар ҳәм бүгинги нәтийжелеримиз – бул бағдарда ислениўи керек болған ҳақыйқый жумысқа дәслепки қәдем болып табылады.

Бул бағдарда еле машқалалар жетерли. Буның ушын бәршемиз жуўапкер болыўымыз керек. Пүткил жәмийетимиз зорлыққа қарсы гүресиў ушын бирден-бир күшке айланыўы керек. Бийпәрўа болмаў, зорлық анықланыўы ҳәм тоқтатылыўы ушын барлық имканиятларды иске қосыў арқалы ўайран болған тәғдирлер, жоқ болған үмитлерге мәдет бериўимиз мүмкин. Әлбетте, биз ҳаял-қызларға, балаларымызға ҳәр қандай көринистеги зорлық ҳәм кемситиўлердиң алдын алыў, шара көриў бойынша жумысларымызды избе-излик пенен даўам етемиз. Бул бағдарда барлық белсендилеримиздиң баслама ҳәм усынысларына сүйенемиз, – деди Т.Норбоева.

Н.Абдураимова, Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА