Мүнәсибет

Бүгинги күнде Орайлық Азия мәмлекетлериниң қарым-қатнасын беккемлеўде Өзбекстан шешиўши рольди атқармақта, десек қәтелеспеген боламыз.

Ҳүрметли Президентимиздиң ҳақыйқый жолбасшы сыпатындағы әмелге асырып атырған Өзбекстан Республикасының қысқа ҳәм тарийхый раўажланыў жолын бәршемиз дыққат пенен бақлап бармақтамыз.

«Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара қатнас. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» темасындағы халықаралық конференциядағы Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң баянатын тыңлар екенбиз, келешекке исенимли қәдем басып, мәмлекетимиз ең әҳмийетли стратегиялық орталықтағы шешиўши рольди атқара алатуғын мәмлекет екенине көзимиз жетти.

Бул конференцияда Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри, Россия, Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, басқа да бир нешше халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасқанынан, илаждың қандай дәрежеде әҳмийетли екенлигин сезиниў қыйын емес.

Бүгинги глобаллық машқалаға айланған нәшебентлик, терроризм, қәўип-қәтерлер ҳәм қарама-қарсылықларды тек ғана өз-ара байланысларды ҳәм бирге ислесиўди беккемлемей турып жақсы нәтийжелерди қолға киргизе алмайтуғынлығымызды көрсетип берди.

Атап өтилген мәмлекетлер менен саўда-экономикалық байланыслардың бир-нешше әсирлер даўамында дурыс жолға қойылыўы нәтийжесинде билимлендириў ҳәм илимниң қандай дәрежеде раўажланғанлығы, жақсы қоңсышылық қарым-қатнастың жолға қойылғанлығы тарийхый дәреклер менен, ал, соңғы дәўирлерде болса, бул байланыслардың үзилиске түсиўи себепли Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыўында кери тәсир тийгизгенлигин бирме-бир дәлийлеп берди.

Президентимиздиң усындай пандемия шараятларында да вакцинация бойынша өз-ара тән алынған сертификатлар тийкарында «Жаңа шараяттағы туризм» концепциясын енгизиў, мәмлекетимиз ҳәм халқымыздың тәғдири, келешеги болған жасларды тәлим-тәрбия алыўы жолында «Социаллық лифт»лерди жаратып бериўимиз зәрүр, деген сөзлери жер жүзиндеги ҳәр бир инсанның кеўлиндеги сезимлер, десем қәтелеспеген боламан.

Мәмлекетимиз басшысының усы конференциядағы  баянатын ҳәр бир пуқарамыз шын инсаныйлық сезимлер менен кеўлинен өткерип, бул бағдардағы барлық илажларда өзлериниң орнын билдиреди, деп ойлайман.

 

Ш.Өтемисов,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги