Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызметиниң 28-июньдеги брифингинде Шерзод Асадов атап өтти.

Президент баспасөз хаткери мәмлекетимиз басшысының усы ҳәптедеги жумыс кестеси ҳаққында төмендегилерди мәлим етти:

– 28-июнь күни Түркия Республикасы Вице-президенти Фуат Октай менен ушырасыў, мыс ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша мәжилис болады.

Шийшемби күни мәмлекетлик активлерди меншиклестириў процесслери, пийшемби күни жүзим жетистириў ҳәм қайта ислеў мәселелери бойынша презентациялар өткерилиўи мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысы  30-июнь күни Өзбекстан жаслары ҳәм студентлери форумы шеңберинде жаслар менен ушырасады. Ҳәпте даўамында республикамыз аймақларына әмелий сапар да режелестирилген. Бул ҳаққында қосымша түрде толық мағлыўмат беремиз,-деди Шерзод Асадов.

 

ӨзА