Ўзбекистон Президенти "Лукойл" компанияси раҳбарини қабул қилдиӨзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июнь күни елимизге әмелий сапар менен келген Россияның «Лукойл» компаниясының президенти Вагит Алекперовты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Россияның нефть-газ саласындағы усы компаниясы менен нәтийжели бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Дүньяның жетекши нефть-газ корпорацияларынан бири болған «Лукойл» елимизде перспективалы кәнлерди излеў ҳәм өзлестириў, углеводород шийки затын терең қайта ислеў, таяр өнимди ишки ҳәм сыртқы базарларға сатыў сыяқлы ири инвестициялық жойбарларды табыслы әмелге асырмақта.

Ҳәзирги ўақытта Үстирт блогин геологиялық үйрениў ҳәм Қубла-батыс Хисор нефть-газконденсат кәнин өзлестириў жумыслары биргеликте алып барылмақта.

Қандым кәнлер топарын тәртипке салыў ҳәм газди қайта ислейтуғын заманагөй комплексти қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул завод жақын келешекте жылына 8 миллиард куб метрден аслам тәбийғый газди қайта ислеп, өтимли газ өнимлерин ислеп шығарады.

Буннан тысқары, «Хавзак» ҳәм «Шоди» кәнлери өзлестирилмекте, Қоңырат участкасында геологиялық-излеў жумыслары даўам еттирилмекте.

Бүгинги күнде «Лукойл» компаниясы тәрепинен елимиздиң нефть-газ саласындағы қоспа жойбарларға тартылатуғын инвестициялардың көлеми 6,3 миллиард долларды қурайды.

rasmiy_6139.jpg

Ушырасыўда узақ мүддетли бирге ислесиўдиң әмелдеги жойбарларын әмелге асырыў ҳәм перспективалы жойбарларды таярлаў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Қазып алынатуғын тәбийғый газди терең қайта ислеўге байланыслы жаңа жойбарлар, сондай-ақ, тараў ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Вагит Алекперов Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа қабыл еткени ҳәм Өзбекистанда «Лукойл» компаниясының жойбарларын қоллап-қуўатлап атырғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди, нефть-газ саласында кең көлемли өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.

ӨзА