Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры И.Юлдашев Мойнақ районында болып, усы институттың Ферғана аймақлық ҳәм Нөкис филиаллары тәрепинен шөлкемлестирилген «Қоқан бағы» тамашалады. Олар бул жерде өсип турған түрли декоратив ҳәм мийўе нәллердиң тәрбиясы менен қызықсынды. Илаж қатнасыўшылары бағды еле де гүллендириў ҳәм өсип турған мийўе ағашлардың агротехникалық тәрбия жумысларына айрықша итибар қаратыў  кереклиги бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Буннан соң, Ректор И.Юлдашев ҳәм филиал директоры А.Аяповлар филиалға жеңиллик тийкарында қабыл етилген 5 студенттиң ата-анасы менен ушырасты. Илажда елимизде жаслар ушын жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып перзентлериниң студент болыў бахтына ерискени менен қутлықлап, келешекте илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын маман қәнигелер болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

Сондай-ақ, мийманлар Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик  музейиниң филиалы ­ Мойнақ экология музейинде болып, ол жерде Арал теңизиниң кешеги ҳәм бүгинги көринислери, балық консерва комбинатының турмысы, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да көплеген экспонатлар  менен танысты.

Илажға Мойнақ районы ҳәкими Е.Еденбаев қатнасты.

 

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги