Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан Миллий олимпиада комитети тәрепинен халықтың барлық қатламын спортқа кеңнен тартыў мақсетинде усы жыл январь-декабрь айлары даўамында аймақларда, атап айтқанда қала ҳәм районларда «Спортты сүй, спорт пенен жаса!» сүрени астында ғалабалық спорт илажлары, жәмлеспеген жаслар арасында өткериў режелестирилген.

Усы мүнәсибет пенен быйылғы жылдың май айы республикамызда «киши футбол айлығы» етип белгиленди ҳәм 30-май күни Нөкис қаласындағы спорттың ойын ҳәм жеңил атлетика түрлерине қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде киши футбол бойынша өткерилген жарыстың финал басқышы өткерилди.

Жарысқа қала ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 160 қа шамалас  спортшылар қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында Әмиўдәрья районы биринши, Нөкис районы екинши, Қоңырат районы үшинши орынды ийеледи.

Әмиўдәрья районының спортшылары декабрь айында өткерилетуғын Өзбекстан басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген)