Өзбекстан миллий баспасөз орайында «2021-2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларына таярлық жағдайы» атамасындағы баспасөз конференциясына Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Мәмлекетлик тест орайы ўәкиллери қатнаспақта.
Баспасөз конференциясында дөретиўшилик имтиханлар тапсырылатуғын бағдарлар ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы А.Маманазаров мағлыўмат берди.
– Дөретиўшилик имтиханлар жоқары оқыў орынларында өткериледи. Бунда имтиханларды онлайн тәризде бақлап барыў ушын видеобақлаў үскенелери орнатылады;
– Журналистика бағдарларында тек ғана дөретиўшилик имтихан нәзерде тутылмаған, яғный 2 тәлим бағдарына сәйкес ҳәм 3 мәжбүрий пәннен тест имтиханлары шөлкемлестириледи;
– Тек ғана педагогикалық тәлим бағдарларында дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлары менен биргеликте 3 мәжбүрий пәннен имтихан өткерилиўи белгиленген;
– Баҳалаў критерияларына муўапық, барлық формадағы имтиханларда ең жоқары балл 280,5 етип белгиленген.
Бийбиназ Сәрсенбаева,
ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.