Балалар өмиримиз даўамшылары, келешегимиз ийелери. Оларды асырап-абайлаў, ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаў ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир ата-ананың муқаддес миннети болып табылады.
Өзбекстанда да бәрше перзентлеримиз әне усындай меҳир-муҳаббат, үлкен ғамхорлықлар қушағында ер жетип, кәмалға келмекте.
1-июнь күни дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде, соның ишинде, Өзбекстанда да балалардың ҳуқықлары ҳәм оларды қорғаўға байланыслы байрам илажлары, қуўнақ ойынлар шөлкемлестириледи. Аўыр наўқас ҳәм майып балалардың ҳалынан хабар алынып, олар ушын қайыр-сақаўат акциялары ҳәм руўхый-мәдений илажлар өткериледи.
«Балаларды қорғаў күни» – тарийхқа нәзер
Халықаралық балаларды қорғаў күни – ең узақ ўақыттан берли белгиленип киятырған халықаралық байрамлардан бири. Оны өткериў ҳаққындағы қарар 1925-жылда Женевада балалар пәраўанлығына бағышланған Пүткил дүнья конференциясында қабыл етилген.
1925-жылда Сан-Францискодағы Қытайдың бас консулы бир топар қытайлы жетим балаларды топлап, олар ушын 1-июнь күни Дуань-у Цзе атлы байрамын өткерип берген.
Екинши жер жүзилик урыстан кейин, балалар денсаўлығын сақлаў ҳәм олардың пәраўанлығы машқалалары ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып турған дәўирде 1949-жылы Парижде балалар бахтының бирден-бир кепиллиги сыпатында беккем тынышлықты тәмийнлеў ушын тынымсыз гүрес ҳаққындағы ант бериў Ҳаяллар Конгресси болып өтти.
Сол жылы Ҳаял-қызлар демократиялық федерациясы Кеңесиниң Москвада болып өткен мәжлисинде оның II конгрессиниң қарарына тийкар усы байрам шөлкемлестирилди. 1950-жылдың 1-июнь күни биринши Халықаралық балаларды қорғаў күни өткерилди. Соннан берли усы байрам ҳәр жылы кең түрде белгиленбекте.
Бизиң мәмлекетимиз балалықты инсан өмириндеги зәрүр басқыш деп тән алады ҳәм балаларды жәмийетте толық түрде өмирге таярлаў, оларда социаллық әҳмийетли ҳәм дөретиўшилик белсендиликти раўажландырыў, ўатанға муҳаббат ҳәм пуқаралықты тәрбиялаў үстинлиги принциплеринен келип шығады.
«Балалар – бизиң бахтымыз». Ертеңги айдын келешегимиздиң даўамшылары, өмиримиздиң ажыралмас бир бөлеги сыпатында қанат қомлап аспанға қарай ушып баратырған қарлығашларымыз, кишкене күлкиси арқалы әлемге нур шашып турған балаларымыздың байрамы қутлы болсын!
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Фотолар авторы: Ҳаким Ержанов.