Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўының тәсиршең системасын жаратыўда «Ijro.gov.uz» орынлаў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасының орнын беккемлеў, оның әҳмийетин буннан былай да арттырыў ҳәм нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-февральдағы «Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6166-санлы Пәрманы менен:
«Ijro.gov.uz» орынлаў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасы (кейинги орынларда – «Ijro.gov.uz» системасы) арқалы нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының (кейинги орынларда – нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар) орынланыўын қадағалаўдың пүткиллей жаңа системасы енгизилгенлиги;
2021- жыл 1-майдан баслап барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында орынлаўды қадағалаў, қадағалаў картотекаларын жүргизиў ҳәм есабатларды қәлиплестириў тек ғана «Ijro.gov.uz» системасында әмелге асырылыўы белгиленлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўдиң 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық төмендеги тәртиби енгизилсин:
биринши басқыш – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларды «Ijro.gov.uz» системасына киргизиў ушын Әдиллик министрлигине жибереди;
екинши басқыш – Әдиллик министрлиги «Ijro.gov.uz» системасына қадағалаўға алынатуғын тапсырмаларды киргизеди, усы тапсырмалардан келип шыққан ҳалда жуўапкер орынлаўшылар ҳәм орынлаў мүддетлерин белгилейди. Онда, Министрлер Кабинети Ҳүкимет системасындағы мәмлекетлик басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа да шөлкемлер бойынша өзиниң аппаратында тапсырмалардан келип шыққан ҳалда жуўапкер орынлаўшыны, зәрүр болғанда, министрликлер ҳәм уйымларды белгилейди және тапсырмаларды қадағалаўға алады;
үшинши басқыш – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, хожалық бирлеспелери нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлейди ҳәм бул ҳаққында «Ijro.gov.uz» системасына белгиленген түрдеги мағлыўматларды киргизеди;
төртинши басқыш – Әдиллик министрлиги нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларды орынлаў бойынша жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен «Ijro.gov.uz» системасына киргизилген мағлыўматлардың толықлығы ҳәм ҳақықыйқый екенлигин тексереди, оларды тастыйықлайды ямаса жуўапкер орынлаўшыға қайта ислеўге жибереди, сондай-ақ, нызашылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыў жағдайы ҳаққындағы улыўмаластырылған мағлыўматларды ҳәр айда Министрлер Кабинетине киргизип барады;
бесинши басқыш – Министрлер Кабинети «Ijro.gov.uz» системасында Ҳүкимет системасындағы мәмлекетлик басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен киргизилген және Әдиллик министрлиги тәрепинен тексерилген мағлыўматлардың толық ҳәм ҳақыйқый екенлигин тексереди, оларды Президиум мәжилислеринде нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўының нәтийжелилигин сын көзқарастан көрип шығады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына тийисли усыныслар менен биргеликте улыўмаластырылған мағлыўмат киргизеди;
алтыншы басқыш – Есап палатасы «Ijro.gov.uz» системасында жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен киргизилип, Әдиллик министрлиги ҳәм Ҳүкимет тәрепинен тексерилген мағлыўматлардың толық ҳәм ҳақыйқый екенлигин тексереди, оларды қадағалаўдан алып таслайды ямаса жуўапкер орынлаўшыға қайта ислеўге жибереди, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыў жағдайы бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киризип барады;
жетинши басқыш – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын қадағалаўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырады.
- Орынлаў тәртибин беккемлеў бойынша бирден-бир ҳәм избе-из «технологиялық шынжыр»ды шөлкемлестириў бағдарындағы тийкарғы бағдарлар етип төмендегилер белгиленсин:
нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың жойбарларын ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм жоқары профессионал дәрежеде таярлаў;
басқарыў системасын, заманагөй Өзбекстанды раўажландырыўдың жаңа басқышын, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўды, сондай-ақ, республикамыз аймақларын мақсетли ҳәм тийкарғы ўазыйпаларға муўапық жетилистириў;
нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын нәтийжели ҳәм режели шөлкемлестириў, олардың орынланыў жағдайын мақсетли үйрениў ҳәм анықланған кемшиликлер бойынша жедел илажлар көриў;
нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардағы қадағалаў бәнтлеринде анық механизмлер, мүддетлер ҳәм жуўапкерлердиң белгилениўи бойынша «жол карталары»н (ҳәрекет режелерин) өз ўақтында ислеп шығыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орынлаў тәртибине жуўапкер бөлимлериниң орынлаў тәртибин беккемлеўдеги ролин арттырыў;
шөлкемлестириўшилик, орынлаў ҳәм қадағалаў жумысы бирден-бир системасының нәтийжелилиги ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының жеке жуўапкершилигин белгилеў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола «Ijro.gov.uz» системасы арқалы қадағалаў ҳәм есап бериўди шөлкемлестириўде:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша қадағалаў ҳәм есап бериўди 3-қосымшаға муўапық тәртипте шөлкемлестиреди, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлейди және бул ҳаққында «Ijro.gov.uz» системасына тийисли мағлыўматларды киргизеди;
жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары аймақларда нызамшылық ҳүжжетлерин ҳәм тапсырмаларды орынлаў бойынша қадағалаў ҳәм есап бериўди 4-қосымшаға муўапық тәртипте шөлкемлестиреди, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлейди және бул ҳаққында «Ijro.gov.uz» системасына тийисли мағлыўматларды киргизеди;
хожалық бирлеспелери нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша қадағалаў ҳәм есап бериўди 5-қосымшаға муўапық тәртипте шөлкемлестиреди, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлейди және бул ҳаққында «Ijro.gov.uz» системасына тийисли мағлыўматларды киргизеди.
- «Ijro.gov.uz» орынлаў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасы арқалы нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының орынланыўын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы ўақтыншалық реже 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларда орынлаў мүддети белгиленбеген ямаса орынлаў мүддети бир жыл ҳәм оннан артық етип белгиленген тапсырмалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мағлыўмат ҳәр алты айда жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен «Ijro.gov.uz» системасына киргизип барылатуғыны;
«Ijro.gov.uz» системасына мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерди жалғаў ҳәм олардың «Ijro.gov.uz» системасынан пайдаланыўын тәмийинлеў Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларында белгиленген орынлаў мүддетлери тек ғана Әдиллик министрлиги ҳәм, зәрүр жағдайларда, Министрлер Кабинети тәрепинен көрип шығылып, Есап палатасының жуўмағы алынған усыныслар тийкарында және Өзбекстан Республикасы Президентиниң руқсаты менен созылатуғыны;
қупыялылық белгиси астындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының мағлыўматлар базасын жүргизиў ҳәм олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының тийисли структуралық бөлимлери жуўапкер болып есапланатуғыны белгиленсин.
- Қаржы министрлиги «Ijro.gov.uz» системасына мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерди жалғаў ҳәм олардың «Ijro.gov.uz» системасынан пайдаланыўын тәмийинлеўге байланыслы мақсетлер ушын қаржыларды 2021-жылы Мәмлекетлик бюджет параметлери шеңберинде, 2022-жылдан баслап болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийкарланған есап-санақларына муўапық ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-октябрьдеги «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде орынлаў тәртибин буннан былай да беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3962-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 10-январьға шекем «Ijro.gov.uz» системасы арқалы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын шөлкемлестириўде пайда болған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў, «Ijro.gov.uz» системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм орынлаў тәртибин буннан былай да беккемлеў мақсетинде усы қарар менен тастыйықланып атырған ўақтыншалық режени жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйлерине – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясында атқарыў тәртибин тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының әмелде орынланыўында жәрдемлесиў ушын;
Бас министр, Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлерине –нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, хожалық бирлеспелери тәрепинен толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша жумыслардың шөлкемлестирилиўи ушын;
Есап палатасының баслығына – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, хожалық бирлеспелеринде орынлаў тәртибин тийисли дәрежеде тәмийинлеў ушын;
әдиллик министрине – нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўын қадағалаўдың алып барылыўы, «Ijro.gov.uz» системасының нәтийжели жүргизилиўи және мәнзилли ҳәм тематикалық таллаўлардың сапалы шөлкемлестирилиўи ушын;
мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрине – «Ijro.gov.uz» системасының үзликсиз ислеўи ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша турақлы тийкарда илажлар көрип барылыўы ушын;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, хожалық бирлеспелериниң басшыларына – нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы, сондай-ақ, олардың орынланыў жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлар «Ijro.gov.uz» системасы арқалы толық, дурыс ҳәм өз ўақтында берилиўи ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 31-май