Нөкис қаласындағы «Қос булақ» МПЖ да жайласқан 22-санлы  мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде мектеп жасына жеткен тәрбияланыўшылардың питкериў кешеси өткерилди.

– Быйыл бақшамыздағы 37 тәрбияланыўшы мектеп жасына жетти. Оларға енди өмирде кеңирек есиклер ушын жол ашылмақта,-дейди бақша директоры Айсулыў Найзабаева. – Биз олардың билимли, шаққан, денсаўлығы беккем болып жетилисиўи ушын барынша ҳәрекет еттик.

Себеби, бул ушын Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен барлық мүмкиншиликлер жаратылмақта. Питкериўши балаларымыз мектепке таяр, десек те болады. Бул жерде олар оқыўды, сүўрет салыўды, жазыўды, шет тиллеринде сөзлер айтыўды үйренди. Олар өз балаларымыздай болып кеткен еди. Сағынамыз, әлбетте. Олардың мектеп жасына жеткенине ата-аналары қатарында бизлер де қуўанышлымыз. Жақсы инсанлар болып жетилисиўине тилеклеспиз.

Байрам кешесинде бақша тәрбияланыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Мунаввар Қасимова,

ҚМУ Журналистика бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги