Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-май күни Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң мирәт етиўине бола Сеул қаласында видеоконференция тәризинде өтип атырған «Жасыл өсиў ҳәм глобал мақсетлер ушын бирге ислесиў – 2030» екинши халықаралық саммитиниң жумысында қатнасты.
Еки күнлик форум күн тәртибинен климат өзгерисиниң ақыбетлерин жеңип өтиў, «жасыл» тиклениў ҳәм углерод нейтраллығын тәмийинлеў, сондай-ақ, БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм Климат бойынша Париж келисиминиң қағыйдаларын орынлаў мәселелери орын алған.
Илажда дүнья жүзиниң жетекши еллериниң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, жоқары дәрежедеги ўәкиллери, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнаспақта.
Атап айтқанда, самитте БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Европа Кеңеси Баслығы Шарль Мишель ҳәм Европа Комиссиясының Баслығы Урсула фон дер Ляйен, Германия Канцлери Ангела Меркель, Франция Президенти Эммануэль Макрон, Уллы Британия Бас министри Борис Жонсон, ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Кэцян, АҚШ Президентиниң климат мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Жон Керри, ХВФ басқарыўшы директоры Кристалина Георгиева, Жасыл өсиў глобаллық институтының баслығы Пан Ги Мун ҳәм ЭБРШ бас хаткери Анхель Гуррия қатнаспақта.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «жасыл» тиклениў тараўында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлардың әҳмийетли бағдарларын атап өтти ҳәм бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиўдиң перспективалары бойынша өз көзқарасын билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы «жасыл» ҳәм турақлы раўажланыўға хызмет ететуғын нәтийжели қарарлар қабыл етиў ушын пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүр екенлигин айрықша атап өтти.
Арал теңизи апатшылығының глобаллық ақыбетлерин жеңип өтиў бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленди. Усы мүнәсибет пенен Президентимиз жақында Өзбекстанның басламасы менен Аралбойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў бойынша қабыл етилген БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы толық қоллап-қуўатланғаны ушын барлық бирге ислесиўшилерге миннетдаршылық билдирди. Усы бағдардағы жумысларды, соның ишинде, арнаўлы шөлкемлестирилген БМШ Траст фонды, Жасыл өсиў глобаллық институты, «P4G» шериклик платформасы ҳәм басқа да халықаралық институтлар шеңберинде биргеликте жедел даўам еттириў усыныс етилди.
Регионымызда климат өзгерислери, парланыў дәрежесин арттырыўшы газлер ҳәм атмосфераның патасланыў машқалалары тәсиринде трансшегаралық дәрьялар ағымы ҳәм биологиялық көптүрлилик қысқарып атырғаны мүнәсибети менен кескин қәўетерлениў билдирилди.
Өзбекстан Париж келисими шеңберинде 2030-жылға шекем парник газлерди атмосфераға шығарыўды қысқартыў бойынша өзине алған миннетлемелерди орынлаўға садық екени атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен «жасыл» технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм «жасыл» энергетика тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў Өзбекстанда жақын он жылда қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесин 3 еседен асламға көбейтиў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Келеси жылы Өзбекстанда «Раўажланып атырған мәмлекетлер ушын жасыл энергетика» темасында халықаралық конференция өткериў, сондай-ақ, «жасыл» тутыныў мәдениятын қәлиплестириў мақсетинде «жасыл экономика»ны жаратыўға жасларды тартыў бойынша арнаўлы бағдарламаны әмелге асырыў басламалары алға қойылды.
Президентимиз усы әҳмийетли тараўда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан «P4G» шериклигине қосылыў ҳәм оның толық түрде қатнасыўшысына айланыўға таяр екенин билдирди.
Форумның жумысы даўам етпекте. Оның жуўмағында «жасыл» тиклениў ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпаларды өзинде сәўлелендиретуғын Сеул декларациясы қабыл етиледи.
ӨзА