Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги жумысшы топары республикамызда секторлардың басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери орынбасарларының жумысларын үйренип, оларға әмелий жәрдем көрсетпекте.

Елимиздиң басшысы тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Хожели районы ҳәкимлигинде шөлкемлестирилген семинарда Хожели, Нөкис, Тақыятас районлары секторларының басшылары, район ҳәкимлери орынбасарлары қатнасты. Онда секторлардың жумысын 13 көрсеткиш тийкарында жаңадан енгизилген баҳалаў системасының механизми және усы жылдың январь-апрель айлары рейтинг көрсеткишлери нәтийжелери додаланып, секторларда «Мәҳәлле кесиминде», «Пуқара кесиминде» ислеў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар түсиндирилди.

Сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимлериниң ҳәм олардың орынбасарларының  биринши шеректиң жуўмағы бойынша ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери додаланып,  олардың индикаторлар бойынша баҳалаў системасының болжаў көрсеткишлерине ерисилиўи ушын әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар туўралы пикир-усыныслар билдирилди.

Соның менен бирге, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар менен ислесиў бойынша секторларда алып барылып атырған жумыслар талланды. Бул бағдардағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қәнигелер тәрепинен усыныслар берилди.

Усындай семинар Қанлыкөл районы  ҳәкимлигинде де болып өтти. Онда Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат районлары секторларының басшылары, район ҳәкимлериниң орынбасарлары қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы