Нөкис қаласындағы «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны ең көп халық жасайтуғын аймақлардың бири. Жақында усы пуқаралар жыйынында болып, «Жаслар дәптери», «Ҳаял-қызлар даптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген пуқаралардың бүгинги күндеги жағдайы менен жақыннан таныстық.

Мәкан пуқаралар жыйынында усы жылдыӊ  апрель айында 38 пуқара «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилип, соннан 29 пуқараға «Сақаўат ҳәм көмек», «Ҳаял-қызлар», «Вақф» фонды тәрепинен бир мәртелик жәрдем пуллары берилген, 4 пуқараға болса Халқ банки тәрепинен жеңиллетилген кредитлер ажыратылған. Сондай-ақ, 5 ҳаял-қыз қайта кәсипке оқытылған ҳәм оларға сертификат, исеним хатлары тапсырылған.

– Мен  «Ҳаял –қызлар дәптери»не усы жылдыӊ  апрель айында кирдим ҳәм маған ҳүкиметимиз тәрепинен 1 250 000 сум бир мәртелик жәрдем пулы берилди. Соң 3 ай даўамында стипендиялы тәртипте қайта кәсипке оқыдым. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге ҳәм ҳүкимет басшыларына өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен – дейди, усы мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Бағдахан Есенбаева.

Сондай-ақ, бүгинги күни аймақтағы социаллық қорғаўға мүтәж 20 пуқара «Темир дәптери»не киргизилип, олардың шешилмей атырған машқалалары өз орнында унамлы тәризде шешимин тапқан.

Атап айтқанда, жыйын турғыны Анаргул Сержановаға тигиў машинасы саўға етилген ҳәм ҳәзирги ўақытта өзиниң қол өнери бойынша жумысын даўам еттирип келмекте.

Буннан тысқары, Кеӊесбай Аяпов, Генжемурат Жаббаров, Далибай Маўленбергенов ҳәм басқа да бир қатар социаллық жағдайы төмен, жумыссыз, пуқараларға МПЖ тәрепинен жәрдем көрсетилмекте…

-Бизлердиӊ баслы мақсетимиз, адамларды разы етиў, – дейди «Жийдели Байсын» МПЖ баслығы Бақберген Айдарбеков

 

Зерхан Орақбаева, Ақсүнгүл Орақбаева, Бийбиназ Сарсенбаева,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарыныӊ 2-курс студентлери

Қарақалпақстан хабар агентлиги