Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы, қарары тийкарында социаллық жағдайы төмен, жумыссыз ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў, оларға мәмлекет тәрепинен жәрдем бериў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында бүгинги ўақытта 920 хожалықта 5243 пуқара жасайды. Соннан социаллық қорғаўға мүтәж 41 пуқара «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилип, 37 ҳаял қыздың машқалалары унамлы тәризде өз шешимин тапқан. 8 ҳаял-қыз кәсипке оқытылған, бесеўи жеңиллетилген кредит алған. Социаллық қорғаўға мүтәж 17 ҳаялдың ҳәр бирине 735 мың сумнан бир мәртелик материаллық жәрдемлер көрсетилген.

Усы аймақта жасаўшы «Темир дәптер»ге кирген 22 пуқарадан 11 пуқараға әмелий жәрдемлер көрсетилген. Ал, «Жаслар дәптери»не 152 пуқара дизимге алынған болып, соннан 52 жасқа материаллық жәрдем көрсетилген. Атап айтқанда, Наўайы көшесинде жасаўшы Рая Пралиева кәсипке қайта оқытылып, оған сертификат ҳәм исеним хаты берилген. Бердақ көшесинде жасайтуғын пуқара Гүлбаҳар Қазымбетова, Қ.Сайпов көшесинде жасаўшы пуқара Насиба Атаубаева ҳәм бир қатар ҳаял-қызларға 735.000 мың сумнан бир мәртелик жәрдем пуллары берилген.

– Мен жақын күнлерге шекем жумыссыз едим. «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилип, шаштәрезлик бойынша қайта кәсипке оқыдым. Сондай-ақ, исбилерменлик пенен шуғылланыўым ушын Халқ банки тәрепинен маған 36000000 сум кредит ажыратылып берилди. Усы қаржы есабынан Нөкис қаласында «Дива» атлы салонын аштым ҳәм ҳәзирги ўақытта жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеп киятырман. Бундай шараятларды жаратып берип атырған Президентимизге ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны басшыларына миннетдаршылығымды билдиремен»,-дейди қаратылып атырған ғамқорлықтан кеўли толған Махсуда Юсупова.

 

Азизбек Дабылов, Гүлсара Жартыбаева, Ақсынгүл Орақбаева

ҚМУдың Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс студентлери

Қарақалпақстан хабар агентлиги