Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 4-марттағы «2015 -2019-жылларда өндиристи структуралық жақтан өзгертиў, модернизациялаў ҳәм диверсификациялаўды тәмийинлеў бойынша илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде шет ел инвестициялары қатнасында республикамызда бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

Жақында Қараөзек районындағы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында  «Karakalpak sement» ЖШЖ түриндеги шет ел кәрханасы пайдаланыўға тапсырылып, дәслепки өнимди шығара баслады.  Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа кәрхананың иске түсиўи менен қутлықлады. Буннан соң сөзге шыққан район ҳәкими Д.Утемуратов, «Karakalpak sement» ЖШЖ түриндеги шет ел кәрханасының директоры А.Шукуров ҳәм басқалар, бүгинги күнниң талап дәрежесинде қурып питкерилген өндирис орнының әҳмийетине, оның келешегине тоқтап өтти

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында елимизде, соның ишинде республикамызда кең көлемдеги қурылыс жумыслары әмелге асырылып атырған бир пайытта бул кәрхананың иске түсирилиўи оғада әҳмийетли болды. Себеби, ҳәр қандай қурылыс жумысларын алып барыўда цемент зәрүр материаллардың бири болып табылады.

Улыўма инвестициялық баҳасы 40 миллион АҚШ доллары болған қурылыстың биринши басқышында 250 мың тонна, усы жылдың ақырына пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылып отырған II басқышы иске түскеннен соң 250 мың тонна, келеси жылдың ақырында иске түсириў режелестирилген III басқышында 700 мың тонна, толық иске түскеннен соң жылына 1 миллион 200 мың тонна өним ислеп шығарылады. Ең әҳмийетлиси, кәрхана ушын шийки зат усы жердиң өзинен алынады. Бул жерден шығарылған өнимлер Инвестициялық бағдарламаға киргизилген «Бостан» каналы сыяқлы ири қурылысларда пайдаланыў менен бирге, келешекте  бир бөлеги шет еллерге экспорт етиледи. Соның менен бирге  усы аймақтан 180 адам турақлы жумыс орны менен, тараўға байланыслы ҳәм оған хызмет көрсетиўши кәрханаларда және 70 тен зыят адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Атап өтиў тийис, өндиристиң I ҳәм II басқышларында өним ислеп шығарыў жаңа технология, яғный вертикал печ арқалы әмелге асырылса, III басқышта айланба печли линияның иске түсирилиўи режелестирилмекте. Солай етип, кәрхананың иске түсирилиўи республикамызды социаллық экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Илажда қурылыс жумысларын сапалы алып барған ҳәм өз мүддетинде пайдаланыўға тапсырыўда белсендилик көрсеткен бир топар қурылысшыларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қатнасыўшылар жаңа кәрхананың өндирислик қуўатлығы, имканиятлары ҳәм жумысшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың