Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқуловтың Қарақалпақстанға сапары даўам етпекте.
Бүгин, 24-май күни күнниң екинши ярымында министр Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған барлық жоқары оқыў орынларының басшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда А.Тошқулов Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларының жумыслары нәтийжели алып барылып, көплеген бағдарларда жақсы нәтийжелерге ерисилип атырғанын айрықша атап өтти ҳәм ректорлар, филиаллар директорларына буннан да жоқары көрсеткишлерге ерисиўине исеним билдирди.
Шын кеўилден, ашық түрде өткен сәўбетлесиўде жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылатуғын реформалар, әсиресе, системада коррупциялық ҳәрекетлерди болдырмаў ҳәм алдын алыўға бағдарланған илажлар, сондай-ақ, республикада жумыс алып барып атырған филиалларды басқышпа-басқыш өз алдына жоқары оқыў орынларына айландырыў мәселелери ҳаққында пикир алмасылды.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары басшыларының кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етип, олардың өз жумысларын шын кеўилден атқаратуғынына исеним билдирди.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов қатнасты.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.