Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары

Өзбекстан Республикаси Президентиниӊ «Өз әҳмийетин жойтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталықты жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы
70-статьясының 12-бәнтине ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 8-статьясы 15-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманында 2021-жылдыӊ 1-июньға шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкарлаў илажлары белгиленгенлиги инабатқа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилген ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан нормативлик түстеги қарарлар қосымшаға муўапық өз күшин жойтқан деп есаплансын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Баспасөз хаткерине (Б.Айтмуратов) усы қарарды рәсмий жәриялаў ҳәм Жоқарғы Кеңестиӊ рәсмий веб-сайтына жайластырыў тапсырылсын.
  4. Усы қарар рәсмий жәрияланғаннан кейин күшке киреди.
  5. Усы қарар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясына тастыйықлаў ушын усынылсын.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетовқа жүкленсин.

 

        Қарақалпақстан Республикасы

        Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                                                                  М.Камалов

 

Нөкис қаласы,

12-май 2021-жыл

№ 337

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ

2021-жыл  12-майдағы
337-санлы қарарына

қосымша

 

Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ өз күшин жойтқан деп белгиленип атырған айырым қарарларыныӊ

ДИЗИМИ

Т/рНҲҲ* реестрге киритиў сәнесиНҲҲ түриНҲҲ қабыл еткен орган(лар)НҲҲ атамасыНҲҲ қабыл етиў сәнаси ҳәм оныӊ саны**
23456
107/01/2014ҚарарХалық депутатлары Шымбай районы Кеӊеси«Шымбай районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында»30.12.2013 ж. №84/19
209/01/2014ҚарарХалық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси«Қараөзек районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында»30,12,2013 ж.  № XXV/48
309.01.2014ҚарорХалық депутатлары Қоӊырат районы Кеӊеси«Қоӊырат районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында»30,12,2021 ж.   № 156/26-04
406.02.2014ҚарарХалық депутатлары Беруний районы Кеӊеси«Беруний районыныӊ  2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында»30.12.2013 ж. № 19/78
506.02.2014ҚарарХалық депутатлары Кегейли районы Кеӊеси«Кегейли районыныӊ  2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында»30.12.2013 ж. № 111/20
611.02.2014ҚарарХалық депутатлары Елликқала районы Кеӊеси«Елликқала районы жергиликли бюджетиниӊ 2014 жылғы тийкарғы көрсетикишлери ҳаққында»30.12.2013 ж.   №17/1
706.06.2014ҚарарХалық депутатлары  Тахтакөпир районы Кеӊеси«Тахтакөпир районының 2014-жылғы жергиликли бюджети параметрлери ҳаққында»30.12.2013 ж. № 19/63
811.06.2014ҚарарХалық депутатлары  Хожели районы Кеӊеси«2014-жыл ушын Хожели районыныӊ бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында»30.12.2013 ж. № 121/27
906.01.2015ҚарарХалық депутатлары Шоманай районы Кеӊеси«2014-жылда Шоманай районыныӊ социаллық-экономикалық раўажланыўыныӊ жуўмақлары ҳәм 2015 жылда жергиликли бюджеттиӊ прогноз параметрларын тастыйықлаў ҳаққында»11.12.2014 ж. № 150/32/4
1008.01.2015ҚарарХалық депутатлары Мойнақ районы Кеӊеси«Мойнақ районыныӊ 2015 жылғы жергеликли бюджетиниӊ тийкарғы көрсеткишлери, жергиликли бюджетиниӊ тийкарғы көрсеткишлери, жергиликли бюджеттиӊ 2014-жыл орынланыўы ҳаққында»11.12.2014 ж. № 139/28
1112.01.2015ҚарарХалық депутатлары Беруний районы Кеӊеси«Беруний районыныӊ 2015 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында»11.12.2014 ж. № 27/105
1216.01.2015ҚарарХалық депутатлары Нөкис қаласы Кеӊеси«Нөкис қаласыныӊ 2015 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында»11.12.2014 ж. 121/XXVI
1326.01.2015ҚарарХалық депутатлары  Тахтакөпир районы Кеӊеси«Тахтакөпир районыныӊ 2015 жылғы жергиликли бюджет параметрлары ҳақкында»11.12.2014 ж. № 24/83
1416.02.2015ҚарарХалық депутатлары Беруний районы Кеӊеси«Беруний районында 2014 жыл бәнтлик дәстүриниӊ орынланылыўы ҳәм 2015 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәмде халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳаққында»06.02.2015 ж. № 2/12
1510.03.2015ҚарарХалық депутатлары Нөкис районы Кеӊеси«Районда 2015 жылы жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳаққында»06.03.2015 ж. № 14/111
1612.03.2015ҚарарХалық депутатлары Хожели районы Кеӊеси«2015 жыл ушын Хожели районыныӊ бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында»11,12,2014 ж.

№ 144/32

1707.01.2016ҚарарХалық депутатлары Шымбай районы Кеӊеси«Шымбай районыныӊ 2016 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында»28.12.2015 ж. 6/23
1807.01.2016ҚарарХалық депутатлары Шымбай районы Кеӊеси«Шымбай районында 2016 жылда жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтилигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»28.12.2015 ж. 6/24
1912.01.2016ҚарарХалық депутатлары Қоӊырат районы Кеӊеси«Қоӊырат районыныӊ 2016 жылғы бәнтлик дәстүрин тастыйықлаў ҳақкында”26.12.2015 ж. 04/06-05
2012.01.2016ҚарорХалық депутатлары Қоӊырат районы Кеӊеси«2016 жылғы жергиликли бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында»26,12,2015 ж. 02/06-05
2112.01.2016ҚарарХалық депутатлары Беруний районы Кеӊеси«Район аймағанда той, шаӊарақ салтанатлары, мерекелерди өткиризиўди тәртипке салыў ҳаққында»28.12.2015 ж.   7/35
2224.01.2016ҚарарХалық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси«Қараөзек районыныӊ 2016 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў»26.12.2016 ж. VI/25
2316.05.2016 525/6ҚарарХалық депутатлары Мойнақ районы Кеӊеси«Мойнақ районында 2016 жылда жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў Дәстүри ҳақкында»30.04.2016 ж. 67/13-05
2410.01.2017
60/6
ҚарарХалық депутатлары Кегейли районы Кеӊеси«Кегейли районында 2016 жылда баӊтлик дәстүриниӊ орынланыўы»29.12.2016 ж.
№ 72/23
2513.01.2017
66/6
ҚарарХалық депутатлары Тахтакөпир районы Кеӊеси«Районда 2016 жылы жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў Дәстүриниӊ орынланыўы ҳәмде 2017 жылғы ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў Дәстури жойбары ҳақкында»30.12.2016 ж.
№ 21/59
2618.01.2017
93/6
ҚарарХалық депутатлары Хожели районы Кеӊеси«Хожели районында 2016 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳаққында»ғы29.12.2016 ж.
№ 52/24
2723.01.2017
98/6
ҚарарХалық депутатлары Шоманай районы Кеӊеси«Шоманай районында 2016 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»ғы29.12.2016 ж.
№ 67/18-5
2823.01.2017
103/6
ҚарарХалық депутатлары Нөкис қаласы Кеӊеси«Нөкис қаласында 2016 жылда ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда дәстүри ҳаққында»ғы16.01.2017 ж.
№ 12/3
2924.01.2017
117/6
ҚарарХалық депутатлары Нөкис районы Кеӊеси«Нөкис районыныӊ 2017 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳақкында»ғы30.12.2016 ж.
№ 57/21
3024.01.2017
117/6
ҚарарХалық депутатлары Нөкис районы Кеӊеси«Районда 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»ғы30.12.2016 ж.
№ 60/21
3106.02.2017
166/6
ҚарарХалық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси«2017 жылда жумыссыз деп табылған пуқараларды жумысқа жайластырыў, жәмәәт жумысларына тартыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққында»ғы17.01.2017 ж.
№ ХХ/51
3207.02.2017
176/6
ҚарарХалық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси«Районда 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў ҳақкында»ғы17.01.2017 ж.
№ ХХ/53
3323.06.2017
617/6
ҚарарХалық депутатлары Әмиўдәрья районы Кеӊеси«Әмиўдәрья районы жергиликли бюджетининг 2017 жылғы тийкарғы көрсеткишлери ҳақкында»29.12.2016 ж.
96/26-05
3423.06.2017
617/6
ҚарарХалық депутатлары Әмиўдарья районы Кеӊеси«Әмиўдарья районында 2016 жыл ис орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийнлеў дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылғы Дәстүри ҳақкында»29.12.2016 ж.
97/26-05
3510.08.2017
769/6
ҚарарХалық депутатлары Қанлыкөл районы Кеӊеси«Қанлыкөл районында 2016 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда жаӊа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтилигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»30.12.2016 ж.
68/23-5
3612.01.2018 1260/6ҚарарХалық депутатлары Беруний районы Кеӊеси«Беруний районында 2017 жыл бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2018 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәмде халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»31.12.2017 ж. №91/27
3716.10.2018 704/6ҚарарХалық депутатлары Мойнақ районы Кеӊеси«Мойнақ районында 2017 жыл жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ  бәнтлигин тәмийнлеў дастүриниӊ орынланыўы ҳәм 2018 жылға жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў параметр көрсеткишлериниӊ режеси ҳақкында»31.12.2017 ж. №137/26-05
3809.11.2018 775/6ҚарарХалық депутатлары Төрткүл районы Кеӊеси«Төрткүл районында 2017 жыл ис орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри прогноз параметрларыныӊ орынланылыўы бойынша ҳәм 2018 жылғы дәстүр жойбары ҳаққында»30.04.2018 ж. №31/89
3917.01.2019 21/6ҚарарХалық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси«Қараөзек районында 2018 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2019 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәмде халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»28.12.2018 ж. №43/138