Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары
Өзбекстан Республикаси Президентиниӊ «Өз әҳмийетин жойтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталықты жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы
70-статьясының 12-бәнтине ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 8-статьясы 15-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
- Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманында 2021-жылдыӊ 1-июньға шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкарлаў илажлары белгиленгенлиги инабатқа алынсын.
- Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилген ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан нормативлик түстеги қарарлар қосымшаға муўапық өз күшин жойтқан деп есаплансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Баспасөз хаткерине (Б.Айтмуратов) усы қарарды рәсмий жәриялаў ҳәм Жоқарғы Кеңестиӊ рәсмий веб-сайтына жайластырыў тапсырылсын.
- Усы қарар рәсмий жәрияланғаннан кейин күшке киреди.
- Усы қарар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясына тастыйықлаў ушын усынылсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетовқа жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов
Нөкис қаласы,
12-май 2021-жыл
№ 337
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ
2021-жыл 12-майдағы
337-санлы қарарына
қосымша
Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ өз күшин жойтқан деп белгиленип атырған айырым қарарларыныӊ
ДИЗИМИ
Т/р | НҲҲ* реестрге киритиў сәнеси | НҲҲ түри | НҲҲ қабыл еткен орган(лар) | НҲҲ атамасы | НҲҲ қабыл етиў сәнаси ҳәм оныӊ саны** |
2 | 3 | 4 | 5 | 6 | |
1 | 07/01/2014 | Қарар | Халық депутатлары Шымбай районы Кеӊеси | «Шымбай районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында» | 30.12.2013 ж. №84/19 |
2 | 09/01/2014 | Қарар | Халық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси | «Қараөзек районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында» | 30,12,2013 ж. № XXV/48 |
3 | 09.01.2014 | Қарор | Халық депутатлары Қоӊырат районы Кеӊеси | «Қоӊырат районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында» | 30,12,2021 ж. № 156/26-04 |
4 | 06.02.2014 | Қарар | Халық депутатлары Беруний районы Кеӊеси | «Беруний районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында» | 30.12.2013 ж. № 19/78 |
5 | 06.02.2014 | Қарар | Халық депутатлары Кегейли районы Кеӊеси | «Кегейли районыныӊ 2014-жылғы жергиликли бюджет параметрлери ҳаққында» | 30.12.2013 ж. № 111/20 |
6 | 11.02.2014 | Қарар | Халық депутатлары Елликқала районы Кеӊеси | «Елликқала районы жергиликли бюджетиниӊ 2014 жылғы тийкарғы көрсетикишлери ҳаққында» | 30.12.2013 ж. №17/1 |
7 | 06.06.2014 | Қарар | Халық депутатлары Тахтакөпир районы Кеӊеси | «Тахтакөпир районының 2014-жылғы жергиликли бюджети параметрлери ҳаққында» | 30.12.2013 ж. № 19/63 |
8 | 11.06.2014 | Қарар | Халық депутатлары Хожели районы Кеӊеси | «2014-жыл ушын Хожели районыныӊ бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында» | 30.12.2013 ж. № 121/27 |
9 | 06.01.2015 | Қарар | Халық депутатлары Шоманай районы Кеӊеси | «2014-жылда Шоманай районыныӊ социаллық-экономикалық раўажланыўыныӊ жуўмақлары ҳәм 2015 жылда жергиликли бюджеттиӊ прогноз параметрларын тастыйықлаў ҳаққында» | 11.12.2014 ж. № 150/32/4 |
10 | 08.01.2015 | Қарар | Халық депутатлары Мойнақ районы Кеӊеси | «Мойнақ районыныӊ 2015 жылғы жергеликли бюджетиниӊ тийкарғы көрсеткишлери, жергиликли бюджетиниӊ тийкарғы көрсеткишлери, жергиликли бюджеттиӊ 2014-жыл орынланыўы ҳаққында» | 11.12.2014 ж. № 139/28 |
11 | 12.01.2015 | Қарар | Халық депутатлары Беруний районы Кеӊеси | «Беруний районыныӊ 2015 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында» | 11.12.2014 ж. № 27/105 |
12 | 16.01.2015 | Қарар | Халық депутатлары Нөкис қаласы Кеӊеси | «Нөкис қаласыныӊ 2015 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында» | 11.12.2014 ж. 121/XXVI |
13 | 26.01.2015 | Қарар | Халық депутатлары Тахтакөпир районы Кеӊеси | «Тахтакөпир районыныӊ 2015 жылғы жергиликли бюджет параметрлары ҳақкында» | 11.12.2014 ж. № 24/83 |
14 | 16.02.2015 | Қарар | Халық депутатлары Беруний районы Кеӊеси | «Беруний районында 2014 жыл бәнтлик дәстүриниӊ орынланылыўы ҳәм 2015 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәмде халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳаққында» | 06.02.2015 ж. № 2/12 |
15 | 10.03.2015 | Қарар | Халық депутатлары Нөкис районы Кеӊеси | «Районда 2015 жылы жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳаққында» | 06.03.2015 ж. № 14/111 |
16 | 12.03.2015 | Қарар | Халық депутатлары Хожели районы Кеӊеси | «2015 жыл ушын Хожели районыныӊ бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында» | 11,12,2014 ж. № 144/32 |
17 | 07.01.2016 | Қарар | Халық депутатлары Шымбай районы Кеӊеси | «Шымбай районыныӊ 2016 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында» | 28.12.2015 ж. 6/23 |
18 | 07.01.2016 | Қарар | Халық депутатлары Шымбай районы Кеӊеси | «Шымбай районында 2016 жылда жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтилигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында» | 28.12.2015 ж. 6/24 |
19 | 12.01.2016 | Қарар | Халық депутатлары Қоӊырат районы Кеӊеси | «Қоӊырат районыныӊ 2016 жылғы бәнтлик дәстүрин тастыйықлаў ҳақкында” | 26.12.2015 ж. 04/06-05 |
20 | 12.01.2016 | Қарор | Халық депутатлары Қоӊырат районы Кеӊеси | «2016 жылғы жергиликли бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳаққында» | 26,12,2015 ж. 02/06-05 |
21 | 12.01.2016 | Қарар | Халық депутатлары Беруний районы Кеӊеси | «Район аймағанда той, шаӊарақ салтанатлары, мерекелерди өткиризиўди тәртипке салыў ҳаққында» | 28.12.2015 ж. 7/35 |
22 | 24.01.2016 | Қарар | Халық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси | «Қараөзек районыныӊ 2016 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў» | 26.12.2016 ж. VI/25 |
23 | 16.05.2016 525/6 | Қарар | Халық депутатлары Мойнақ районы Кеӊеси | «Мойнақ районында 2016 жылда жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў Дәстүри ҳақкында» | 30.04.2016 ж. 67/13-05 |
24 | 10.01.2017 60/6 | Қарар | Халық депутатлары Кегейли районы Кеӊеси | «Кегейли районында 2016 жылда баӊтлик дәстүриниӊ орынланыўы» | 29.12.2016 ж. № 72/23 |
25 | 13.01.2017 66/6 | Қарар | Халық депутатлары Тахтакөпир районы Кеӊеси | «Районда 2016 жылы жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў Дәстүриниӊ орынланыўы ҳәмде 2017 жылғы ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў Дәстури жойбары ҳақкында» | 30.12.2016 ж. № 21/59 |
26 | 18.01.2017 93/6 | Қарар | Халық депутатлары Хожели районы Кеӊеси | «Хожели районында 2016 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳаққында»ғы | 29.12.2016 ж. № 52/24 |
27 | 23.01.2017 98/6 | Қарар | Халық депутатлары Шоманай районы Кеӊеси | «Шоманай районында 2016 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»ғы | 29.12.2016 ж. № 67/18-5 |
28 | 23.01.2017 103/6 | Қарар | Халық депутатлары Нөкис қаласы Кеӊеси | «Нөкис қаласында 2016 жылда ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда дәстүри ҳаққында»ғы | 16.01.2017 ж. № 12/3 |
29 | 24.01.2017 117/6 | Қарар | Халық депутатлары Нөкис районы Кеӊеси | «Нөкис районыныӊ 2017 жылғы бюджет параметрларын тастыйықлаў ҳақкында»ғы | 30.12.2016 ж. № 57/21 |
30 | 24.01.2017 117/6 | Қарар | Халық депутатлары Нөкис районы Кеӊеси | «Районда 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында»ғы | 30.12.2016 ж. № 60/21 |
31 | 06.02.2017 166/6 | Қарар | Халық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси | «2017 жылда жумыссыз деп табылған пуқараларды жумысқа жайластырыў, жәмәәт жумысларына тартыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққында»ғы | 17.01.2017 ж. № ХХ/51 |
32 | 07.02.2017 176/6 | Қарар | Халық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси | «Районда 2017 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў ҳақкында»ғы | 17.01.2017 ж. № ХХ/53 |
33 | 23.06.2017 617/6 | Қарар | Халық депутатлары Әмиўдәрья районы Кеӊеси | «Әмиўдәрья районы жергиликли бюджетининг 2017 жылғы тийкарғы көрсеткишлери ҳақкында» | 29.12.2016 ж. 96/26-05 |
34 | 23.06.2017 617/6 | Қарар | Халық депутатлары Әмиўдарья районы Кеӊеси | «Әмиўдарья районында 2016 жыл ис орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийнлеў дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылғы Дәстүри ҳақкында» | 29.12.2016 ж. 97/26-05 |
35 | 10.08.2017 769/6 | Қарар | Халық депутатлары Қанлыкөл районы Кеӊеси | «Қанлыкөл районында 2016 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2017 жылда жаӊа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтыӊ бәнтилигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында» | 30.12.2016 ж. 68/23-5 |
36 | 12.01.2018 1260/6 | Қарар | Халық депутатлары Беруний районы Кеӊеси | «Беруний районында 2017 жыл бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2018 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәмде халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында» | 31.12.2017 ж. №91/27 |
37 | 16.10.2018 704/6 | Қарар | Халық депутатлары Мойнақ районы Кеӊеси | «Мойнақ районында 2017 жыл жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дастүриниӊ орынланыўы ҳәм 2018 жылға жаӊа ис орынларын шөлкемлестириў параметр көрсеткишлериниӊ режеси ҳақкында» | 31.12.2017 ж. №137/26-05 |
38 | 09.11.2018 775/6 | Қарар | Халық депутатлары Төрткүл районы Кеӊеси | «Төрткүл районында 2017 жыл ис орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри прогноз параметрларыныӊ орынланылыўы бойынша ҳәм 2018 жылғы дәстүр жойбары ҳаққында» | 30.04.2018 ж. №31/89 |
39 | 17.01.2019 21/6 | Қарар | Халық депутатлары Қараөзек районы Кеӊеси | «Қараөзек районында 2018 жылда бәнтлик дәстүриниӊ орынланыўы ҳәм 2019 жылда жаӊа ис орынларын жаратыў ҳәмде халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў дәстүри ҳақкында» | 28.12.2018 ж. №43/138 |