Өзбекстан нотариаты заманагөй технологиялар раўажланған ҳәзирги заманда соған сәйкес дүньяға қайтадан келген жаңа тараў сыяқлы.

Себеби бул система алдын тек ғана қағаздағы ҳүжжетлерди тән алған, ең жаманы, коррупцияласқан тармақ болғаны ҳеш кимге сыр емес. Бүгинги күнге келип тараў пүткиллей электронластырылып, ең ашық-айдын тараўлардан бирине айланбақта.

«Notarius» (https://e-notarius.uz) электрон системасы арқалы нотариал ҳәрекетлерге байланыслы барлық мағлыўматларды алыў ҳәм электрон гезекке жазылыў мүмкин.

Ҳәр бир нотариустың ҳәрекети усы системада көриниўи оларды ҳадал бәсеки орталығында тек ғана нызамлы ислеўге мәжбүрлемекте.

Жеке меншик нотариуслардың шөлкемлестирилгени, ҳәзирги күнде олардың салмағы жоқары екенлиги, системаны Нотариуслар палатасы муўапықластырып атырғаны, машқалалардың жеделлик пенен шешилип атырғаны халыққа сапалы хызмет көрсетиўди тәмийинлемекте.

Әсиресе, халықаралық бирге ислесиў байланыслары, алдыңғы тәжирийбелерди миллий әмелиятқа енгизиўге қаратылған ҳәрекетлер нотариал тараўдың раўажланыўында әҳмийетли орын ийелемекте. Қалаберди, бундай бирге ислесиў сырт еллерде жумыс ислеп атырған пуқараларымызға да қолайлық жаратыў болып есапланады.

Өзбекстан Нотариуслар палатасы Пүткил жер жүзилик Нотариуслар аўқамы менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў менен бирге раўажланған мәмлекетлердиң Нотариуслар палаталары менен де жедел сөйлесиў алып бармақта.

Жақында Италияның «Gazetta di Milano» газетасында Өзбекстан Нотариуслар палатасының баслығы Дилшод Ашуровтың миллий нотариал тараўындағы жаңаланыўлар ҳаққындағы мақаласы басып шығарылды.

Буннан тысқары, Италияның «Gazetta di Avellino», «Gazetta di Napoli», «Gazetta di Salerno» сыяқлы газеталарында да Өзбекстан нотариал тараўындағы жаңалықлар ҳаққында мақалалар жәрияланды.

Буннан алдын Саудия Арабстаны, Оман патшалығы, Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Украина мәмлекетлери ғалаба хабар қуралларында усындай мақалалар басып шығарылған еди.

Әҳмийетлиси, бундай шығыўларда тек ғана жетискенликлер емес,  ал халықаралық бирге ислесиў байланыслары, сырт еллерде жумыс ислеп атырған ўатанласларымызға хызмет көрсетиў тәртиплери ҳаққында да мағлыўматлар берип ьарылмақта.

Сырт елде ислеп атырған, оқып атырған жерлеслеримизге қолайлық жаратыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде меморандумларға да қол қойылмақта.

Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги менен де өз-ара келисим шәртнамасына қол қойылған.

Қысқа ўақыт ишинде Өзбекстан Республикасы Нотариал палатасы Украина, Литва, Беларусь Республикалары Нотариал палаталары менен бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылған болса, күни кеше Қазақстан Нотариал палатасы менен де меморандумға қол қойылды.

Итибарлы тәрепи, усы жылы Өзбекстан Республикасы Нотариал палатасы Пүткил жер жүзилик Нотариуслар аўқамына ағза болады.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы