Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен мүбәрек Рамазан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен 100 жетим балаға саўғалар тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-майдағы «Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы  қарары тийкарында республикамызда карантин талапларына муўапық, бир қатар қайырқомлық илажлары өткерилмекте.

Ҳақыйқатында Рамазан қайыр-сақаўат айы. Қурани кәримде мәрҳамат етилгениндей, «Жақсылықтың сыйлығы-тек жақсылық» болып табылады. Солай екен, бир-биреўге қайырқомлық етиў, мүтәжлерге жәрдем қолын созыў, жетим-жесирди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап жәрдем бериў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден есапланады.

– Рамазан ҳайыты байрамы алдынан балалардың кеўлин көтериўди мақсет еттик.-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.- Жақында ғана Чернобыль апатшылығын сапластырыўға қатнасып, қайтыс болған 32 жигиттиң шаңарақ ағзаларына, сондай-ақ, Түркияның «ТИКА» агентлиги менен биргеликте республикамыздағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 500 шаңараққа азық-аўқат өнимлери тапсырылған еди.

Бундай қайырқомлық илажлары республикамызда даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери