Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен мүбәрек Рамазан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен 100 жетим балаға саўғалар тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-майдағы «Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда карантин талапларына муўапық, бир қатар қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
Ҳақыйқатында Рамазан қайыр-сақаўат айы. Қурани кәримде мәрҳамат етилгениндей, «Жақсылықтың сыйлығы-тек жақсылық» болып табылады. Солай екен, бир-биреўге қайырқомлық етиў, мүтәжлерге жәрдем қолын созыў, жетим-жесирди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап жәрдем бериў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден есапланады.
Бундай қайырқомлық илажлары республикамызда даўам етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери