Мәмлекетимизде Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығы кеңнен белгиленбекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы белгили сәне мүнәсибети менен 9-май күни Алмазар районындағы Жеңис паркине барды.

Әтирап байрамға сай тәризде безелген. Қураллы Күшлер системасына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлардың басшылар қурамы сап тартқан.

Мәмлекет басшысы, Қураллы Күшлеримиздиң Жоқары Бас сәркардасы оларды байрам менен қутлықлады.

Әскерий оркестрдиң атқарыўында «Еслеў қосығы» жаңлады.

Президент «Мәртлик гимни» естелик комплексине гүл қойды.

Бул естелик Екинши жер жүзилик урыста бес улынан айырылған жапакеш ҳәм мәрт ана – Зульфия ана Закирова, оның садық келинлери ҳәм жетим қалған ақлықларының естелигине бағышлап қурылған. Ол халқымыздың урыстағы жоғалтыўлары, жеңиске қосқан үлкен үлесиниң тымсалы сыпатында парк орайынан орын алған. Бул естеликке гүл қойыў барлық Өзбекстан аналарына жоқары ҳүрметтиң көриниси болып есапланады.

Қураллы Күшлер системасына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери де комплекске гүллер қойды.

Жеңис паркиндеги амфитеатрда 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған байрам илажы болып өтти.

Усы байрам күнлери бүгинги тыныш-парахат турмысқа қандай аўыр сынақ ҳәм қыйыншылықлар есабынан ерисилгенин және бир мәрте терең сеземиз. Бул жолда қурбан болған ўатанласларымыздың естелигине басымызды ийемиз.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң быйыл 20 апрельдеги «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарында урыс қатнасыўшыларының жағдайынан хабар алыў, елдиң тынышлығы ҳәм азатлығы жолында жанын пидә еткен ўатанласларымыздың естелигин еслеў сыяқлы жақсы мақсетлердиң көринисин тапқан.

Усы ҳүжжетлерге муўапық, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының ҳәр бирине Президентимиздиң қутлықлаўын, 12 миллион сум муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлығы ҳәм байрам саўғалары салтанатлы тәризде тапсырылды. Олардың ҳәр бирине медициналық ҳәм социаллық жақтан қорғаў мақсетинде тийисли хызметкерлер бириктирилип, турақлы патронаж хызмети көрсетилмекте. Санаторийлерге бийпул жолламалар ажыратылмақта.

Урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт арты ветеранлары менен бирге ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына да материаллық және руўхый жәрдем көрсетилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығы менен барлық ветеранларды, пүткил халқымызды қутлықлады.

– Бүгинги даңқлы сәнени биз ҳәмийше шексиз қуўаныш ҳәм шексиз қайғы менен белгилеймиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Екинши жер жүзилик урыс адамзат тарийхындағы ең үлкен, ең қайғылы қырғын болып есапланады. Алты жыл даўам еткен бул урыста сол ўақытта дүнья жүзиндеги 73 мәмлекеттен 62 си, Жер жүзи халқының 80 проценти қатнасқан. Европа, Азия ҳәм Африка континентлериндеги 40 мәмлекетти тиккелей қамтып алған қураллы соқлығысыўларға 110 миллион адам мобилизацияланған ҳәм жәми 70 миллион адам қайтыс болған.

Бул урыста қатнасқан, фронт артында қыйын мийнет еткен ата-бабаларымыз ҳәм апаларымыздың шексиз мәртлиги адамзат тарийхына уллы бет болып жазылған.

– Бизлер – бүгинги миннетдар әўладлар сизлердей мәрт аталарымыз бенен бир өмир мақтаныш етемиз. Мине усындай толқытқан минутларда сизлердиң саўаш майданларындағы уллы қаҳарманлығыңыз, урыстан кейин мәмлекетти тиклеў ҳәм раўажландырыў жолында еткен пидайы хызметлериңиз ушын ҳәммемиз бас ийип тәжим етемиз. Арадан бираз жыллар, әсирлер өтпесин, сизлердиң фашизмге қарсы көрсеткен мәртлигиңизди халқымыз бәрқулла кеўлинде, ядында сақлайды, бул мәртлик жасларымыз ушын мәңги ибрат үлгиси болып қалады, – деди Президент.

1941-жылдың басында республикамыз халқы 6 миллион 800 мыңнан аслам болған. Урыс басланыўы менен, соннан дерлик 2 миллионы фронтқа жиберилген. Бул қаҳарман адамлардың 500 мыңнан асламы саўашларда қайтыс болған.

– Биз бул санларды ҳәр жылы қайта-қайта еске аламыз. Булар тек ғана әпиўайы санлар емес. Олардың негизинде меҳрибан аналарымыз, апаларымыз, мәрт әкелеримиз, пүткил халқымыздың кеўлиндеги шексиз қайғы ҳәм ҳәсирет жәмлескен. Бул қайғы менен дәртлерди ҳеш қандай сөз бенен тәрийплеп болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Урыстан жәбир көрген 1 миллион 500 мыңнан аслам кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар республикамызға көширип алып келинген. Олардың 200 мыңнан асламы ата-анасынан айырылған балалар еди.

– Елимиз қорқынышлы урыс жылларында өзиниң жоқары гуманистлик пайзылетлерин көрсетти. Өзбекстанға алып келинген түрли миллетке тийисли мыңлаған инсанларға баспана берди, мийрим-шәпәәт, адамгершилик көрсетип, ең соңғы нанын да олар менен бөлисти. Халқымыздың бундай үлкен мәртлиги, адамгершилиги пүткил дүнья жүзинде ҳүрмет-абырайға ийе болды. Ҳәм бул ислер менен ҳәр қанша мақтаныш етсек арзыйды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Урыс апатшылықларынан сабақ шығарып, тынышлық ушын гүрес бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып атырғаны атап өтилди. Өзбекстан өз стратегиясына муўапық, тынышлық ҳәм турақлылықты қәстерлеп сақлаў, мәмлекеттиң ғәрезсизлигин буннан былай да беккемлеў жолынан барады.

Илаж телевидение арқалы тиккелей көрсетилди. Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы байрам қатнасыўшылары нуранийлар менен видеобайланыс арқалы сөйлести.

Шавкат Мирзиёев илажға келген урыс ҳәм мийнет ветеранлары менен сәлемлесип, жағдайын сорады. Оларға беккем денсаўлық, узақ өмир тиледи. Кекселер мәмлекетимизге тынышлық-парахатшылық, халқымызға абаданлық тилеп пәтия етти.

Президент нуранийлар менен бирге байрамға бағышланған концерт бағдарламасын тамаша етти.

– Байрам мүнәсибети менен өткерилип атырған илажлардан оғада руўхландым, – дейди Қашқадәрья ўәлаяты Шахрисабз районынан келген Саъдулло ата Жабборов. – 102 жасқа кирдим. Жас ўақтымда ата-анамыздың мәсләҳәтинен шықпадым, жақсы адамларға жақын болдым, олар көрсеткен жол-жобаларға әмел еттим. Мәмлекетимиз, халқымыздың ғамқорлығы менен бүгинги абадан турмысты көриў несип етти. Ҳәзир Президентимиз жасларды көп оқыўға, илимли болыўға шақырып атыр. Билимли инсанлардын есабынан тынышлығымыз беккем, турмысымыз абадан болады.

– 1924-жылы туўылғанман. Бүгин Жеңис паркинде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығын қуралласларымыз бенен бирге белгилеў несип еткенинен оғада қуўанышлыман, – дейди Наўайы ўәлаяты Нурата районында жасаўшы Норбой ата Қозоқов. – Биз ески әўладпыз, жаслығымызда бундай имканиятлар болмаған. Ғәрезсиз Өзбекстанымыз пүткил дүнья жүзине танылып атырғаны, өзбек халқы табысларға ерисип атырғанын көрип, әттең он жыл кейин дүньяға келмеген екенмен деймен. Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз тыныш, халқымыз аман болсын! Биз, ветеранларға көрсетилип атырған ғамқорлықтан басымыз аспанға жетпекте.

Президент Шавкат Мирзиёев Даңқ музейиндеги жаңа экспозиция менен танысты.

Музейде 12 мың 500 ден аслам экспонат жыйналған болып, олардың саны барған сайын артып бармақта. Тарийхый факт ҳәм ўақыялар заманагөй технологиялар, интерактив усыллар жәрдеминде сәўлелендирилген. Мәмлекетимиз басшысының алдынғы сапар етиў ўақтындағы көрсетпелери тийкарында экспозициялар және де байытылған. Қураллы Күшлер системасындағы министрликлер ҳәм уйымлар ушын өз алдына бөлимлер шөлкемлестирилген.

– Бул жер халық музейи болыўы керек. Урыста қатнасқан ямаса жетим балаларды бағып алған инсанлардың әўладлары менен байланысып, ата-бабалардың мәртлигин жүзеге шығарыўы зәрүр. Еле үйренилмеген оғада көп дәреклер бар. Елимиздеги ҳәр бир аўыл, мәҳәлле, мектеп улыўма етип айтқанда, жәмийетшилик оларды жыйнаў ҳәм үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетиўи керек. Бул урыс қорқынышын аңлаў, тарийхтан сабақ алыў ушын әҳмийетли. Музей онда тийкар, тарийх пенен бүгинги күн арасында көпир болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон базасын жаратыў, китаплар басып шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

ӨзА