9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Қарақалпақстан 1950-1963-жыллары (1954-1959-ж) еки мәрте ғана пахта планын орынлады.

«Пахта-өзбек халқының миллий байлығы» деген шақырық тийкарында ҳәмме күш, ҳәмме имканиятлар усы шақырыққа жуўап  ретинде жумсалар еди.

Тилекке қарсы, Қарақалпақстан пахта таярлаў бойынша Өзбекстанда ең кейинги орынларда болып келди.  Соның ушын да сол жыллары жоқарыдағы басшылар тәрепинен «қарақалпақлар жалқаў» деген ашшы сөзлер айтылар еди. Республикамыздың арқа районларында пахтадан 8-12 центнер өним алар еди. Пахта тиришиликтиң арқаўы, халықтың жасаў жағдайы, ырысқы-несийбеси тек пахтаның өнимине, Қарақалпақстан экономикасының 70 проценти тек пахта өнимине байланыслы еди.

Усындай аўыр жағдайда 1963-жылы 5-март  күни 37 жасар Қәллибек Камалов областлық партия комитетиниң биринши секретары болып, сайланды.

Қ.Камалов елге басшы болыўдан баслап ис усылын пүткиллей өзгертип, басшылыққа жаңа усыл енгизди. «Ағалы ел азбас, жағалы тон тозбас» дегениндей, елде басшы боларлық, ақыллы, парасатлы, ел-халқын изине ерте билетуғын уқыплы ел ағаларын иске тартты. Олар менен қарым-қатнасты пүткиллей өзгертти. Яғный бурынғы «ҳүкимдарлық» заманда «Эй, Санкибаев» дегенниң орнына «Рейим аға, ҳарма, бала-шағаң аман ба?»-деп сөз баслар еди. Бундай жыллы қатнас ел азаматларына «қанат» байлап, оларды ҳүрмет-иззетке ҳәм олар өзлериниң бар күш-ғайратын пахтадан мол зүрәәт алыўға жумсар еди. Егер бурынғы аўыл басшылары обком киятыр десе, жүўери атызға қашып жасырынған болса, енди Камалов киятыр десе оны қарсы алып, сөзлерин еситиўге қуштар болар еди.

Усындай ҳүрмет-иззет, елди сыйлаў, ел басшыларына қанат байлаў, халқымыздың ар-намысын тиклеў, пахтадан мол зүрәәт алыўға өз гезегинде үлкен хызмет етер еди. Сондай-ақ, пахатадан мол зүрәәт алыў материаллық-техникалық базаны толық үскенелеў менен елдиң аўызбиршилиги, қарым-қатнастың жаңаланыўына сөзсиз байланыслы.

Бул бойынша Қ.Камалов өзиниң «Ел хызметинде» атлы китабында «Ҳәр ўақыттың өзине жараса қыйыншылығы болады. Оларды жеңиў халыққа басшылық еткен ел ағаларының иси деп ойлайман» деген қатарлары адамзат турмысының ҳақыйқый аксиомасы десек алжаспаған боламыз.

Шынында да, Қәллибек Камалов республикамызға басшы болған жыллары халық хожалығының барлық тараўларында бурын көрилмеген дәрежеде алға илгерилеўлер ҳәм раўажланыўлар жүз берди. Әсиресе, аўыл хожалығының пахташылық тармағында 7 млн. 144 мың тонна ямаса ҳәр жылы орташа бурынғы 150-160 мың тонна орнына 340 мың тоннадан пахта жетистирилип, оннан 2 млн. 219 мың тонна пахта талшығы алынған. Бул аўыз бенен айтыўға аңсат болғаны менен сол жыллары елимизге басшылық еткен азаматлардың күни-түни истиң көзин билип жумыс ислеўин, халқымыздан усы аўыр машақатларды аўызбиршилик пенен жеңип шығыўды талап етти.

Сондай-ақ, усы жыллары заманагөй билим-илим ҳәм технологияларды ийелеўге қуштар жергиликли кадрларды тәрбиялаў менен бир қатарда, бурыннан бай ис-тәжирийбеге, жердиң тилин билетуғын атайы дийқанлардың басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип түрде хошаметлеўге айрықша дыққат қаратылды.

Қарапайым пуқараларға қаратылған усындай итибардың нәтийжесинде республикамыздан      Өзбекстанға, сондай-ақ бурынғы пүткил Аўқамға белгили ел азаматлары жетилисип шықты.

Мине солардың бири «Қарақалпақстанға мийнети сиңген пахтакеш», «Жасорат» медалының ийеси Рейим ата Санкибаев еди.

Заманның алғаў-далғаў дәўиринде туўылып, қаршадайынан жетимликтиң зардабын шеккен ҳәм турмыстың қыйыншылықларын бастан өткерип, «мийнет қазанында қайнап пискен» оның әйне жаслық жыллары Екинши жер жүзилик урыстың қанлы саўаш майданларында, буннан соң болса урыстан қыйраған елимиздиң халық хожалығын тиклеўдей күтә аўыр ҳәм қыйын жылларда өтти.

Атап айтқанда, ол 1944-1950-жыллары колхозда бас есапшы, 1950-1955-жыллары «Ақтуба» аўыллық кеңесиниң баслығы, 1955-1963-жыллары колхоз баслығы, 1955-1963-жыллары колхоз басқарма баслығы, кейин ала сол колхоз тийкарында дүзилген бөлим баслығы болып, өзиниң мийнет сүйгишлиги, кишипейиллиги ҳәм шебер шөлкемлестириўшилик пазыйлетлериниң арқасында пүткил елге танылып, жоқары сый-ҳүрметке бөленди. Солардың ишинде Рейим атаның 1958-1965-жыллары Қарақалпақтан ҳәм Өзбекстан Республикалары Жоқарғы Советиниң ҳүрмет Жарлықлары, 1966-жылы орден-медальлар, 1980-жылы «Қарақалпақстанға мийнети синген пахтакеш» деген ҳүкиметлик атақлар менен сыйлықланғанын атап өтиўимиз керек. Ол бир неше шақырық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине депутат болып сайланды.

Рейим атаның бундай жоқары атақларды алыўы өз-өзинен болған емес. Ол сол жыллары суўықты суўық, ыссыны ыссы деместен, аўыл халқына ең әўели өзи өрнек болып тынымсыз мийнет етти.

Жасы үлкенди аға, жасы кишини ини деп оларға жыллы сөзин ҳәм меҳирин аямастан халық ийгилиги ушын пидайылық пенен хызмет иследи. Керек жеринде аўылласларының жақсы турмыс кешириўи ушын тийисли шөлкем басшыларына барып, айтысып-шертисип болса да усы елаттың пайын алып жүрди. Соның менен бирге «Тарақлы» аўылындағы той мерекелердиң өз-ара сыйласықлы ҳәм аўызбиршилик пенен тәртипли, ысырапгершиликсиз өтиўине өзи тиккелей басшылық етип, кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайларынан хабар алып туратуғын еди.

Усы жыллар ишинде ол районға көп жыллар басшылық еткен Пиржан Халмуратов, Ниязбек Қойлыбаев сыяқлы белгили ел азаматлары менен бирге ислесип, көплеген шәкиртлер таярлады. Олардың көпшилиги ҳәзир бул дүньядан көз жумған болса, биразы ақлық-шаўлықларының арасында ғаррылық гәштин сүрмекте. Рейим атаның усындай шәкиртлериниң бири Әсенияз Жуманов устазын былайынша еске түсиреди:

– 1975-жыл республикамызға танымалы искер басшы Ережеп Алланиязовтың мирәтине бола «Сельхозтехника»дан М.Жуманазаров атындағы хожалыққа бас инженер болып жумысқа келдим. Бул жерге жумысқа араласқан дәслепки күннен баслап, маған өзимиздиң ақсақалдың баласы екенсең ғой, деп жыллы сөзин аямастан өзиниң баўырына тартқан ҳәм адамларға тез сиңисип кетиўиме себепши болған усы Рейим аға болды. Сол жыллары бул хожалықтағы алты бөлимниң де баслықлары жер менен тиллескен атайы дийқанлар еди. Әсиресе, солардың ишинде Рейим аға адамлар менен тез тил табысып ислесиўи, кәтқудашылығы, кеңпейиллиги менен басқалардан ажыралып турар еди. 1979-жылдың гүзинде Қәллибек Камалов усы аўылдағы «Баймурат жер»ге келип, ғаўаша атызларын көзден өткерип, пахтаның шигитин санағанда бир ханадан 12 шигит шыққанында ҳәмме бирдей қуўанысып, Рейим ағаға рахмет айтқанымыз ҳәм жыл жуўмағында хожалығымыздың Пүткил Аўқамлық көшпели байрақты жеңип алғаны, күни кешегидей көз алдымда елеслейди. …

Рейим атаның аўыллас иниси ҳәм шәкирти Бақый Шерниязов бизлерге, Рейим аға менен Пиржан Халмуратов Кегейлиге райком болған жыллардың биринде «Досжан жер» деген атызда болған ўақыяны айтып берди. Ўақыя былай болған екен. Сол жыллардың биринде бәҳәр жаўын-шашынлы болып, ғаўаша нәллери қатыўаш астында қалып, олар күтә сийрек өскен. Буннан кеўли толмаған Рейим аға бир түнде бөлимдеги техникаларды жыйнап, атызды қайтадан бузып, тырма-мала басып қайта егис қылыпты. Сол күни таң азан менен қайдан хабар тапқанын билмеймен, атыз басына Пиржан Халмуратов келип, атыздағы ақ топырақты услап турып, Рейим ағадан атызды неге буздың, ақ топыраққа шигит көгере ме?-деп сорапты. –Көгереди, -депти Рейим аға. Онда мен бул жерге қашан келейин?-деп сорапты Пиржан аға. – Он күннен соң айланағойың, -депти устазым. Соннан Пиржан аға он күннен соң атыз басына келсе, қатар толтырып, бир тегис көгерген нәллерди көрипти ҳәм буннан кеўли толып, ақ топыраққа шигит көгергенин биринши мәрте көриўим, сизге үлкен рахмет!-деп өз миннетдершылығын билдирипти.

Рейим ағаның және бир шәкирти усы аймақта көп жыл бригадир ҳәм бөлим баслығы болған Жолымбет Дилманов атамыз туўралы және бир қызық эпизодты айтып берди. Оның айтыўынша, ерте бәҳәрде атызларды аралап жүрсе, Рейим атаның изине адамларды ертип, аўылдағы коллекторларды байлап жүрген екен. Жолымбет аға оннан буның себебин сораса, Рейим атамыз «Балам быйыл жерлер ерте тапқа келетуғын қусайды. Коллекторларды бөгемесек, жерлер ерте таптан шығып кетип, егиске бирден үлгере алмай қаламыз, депти. Әне, Рейим ағаның дийқаншылықтағы усындай мол тәжирийбеси ҳәм искерлигиниң арқасында сол жылы егисти өз ўақтында жуўмақлап, гүзде пахтадан жоқары өнимдарлыққа ерисипти.

– 1961-1984-жыллары Рейим ағаның қараўында дәслеп жумысшы, соңынан табельщик бригадир болып жумыс иследим, -дейди және бир шәкирти Нәўбетбай Бекимбетов.- 1963-жылы бөлимимиз пахтадан мол зүрәәт жетистиргени ушын Рейим аға «Волга», бригадиримиз Бекмурат Тәжимуратов, 1964-жылы және бир бригадиримиз Жуманбек Жумабаевлар «Москвич» автомашинасы менен сыйлықланыўы, жумысшы ҳәм механизаторларымызға пуллардың берилиўи Рейим ағаның истиң көзин билип, жумыс алып барыўының нәтийжеси еди. Ол жыллары аўылымызға Шараф Рашидов, Қәллибек Камаловлар тез-тез келип, дийқанлардың ҳал-жағдайларынан хабар алып, Рейим аға менен гүрриңлесип, өз-ара мәсләҳәтлесер еди. Бизлер бүгинги күни де ағамыздың ел ушын ислеген хызметлерин жасларға үлги сыпатында айтып жүрмиз. …

Сондай-ақ, Рейим атаның аўыллас инилери бурын көп жыллар аўыл хожалығы ҳәм билимлендириў тараўында мийнет ислеген Арысланбай Қәдирбергенов, Қунназар Әбиев, Дилимбет Бекбергенов, Жалғасбай Үббиев, Халмурат Ҳәбийбуллаевлар менен гүрриңлескенимизде де мақаламыз қаҳарманының өзине тән ерликлерин ҳәм кәтқудашылығын ҳүрмет пенен еске алды. Әсиресе, «Тарақлы» аўылының районда бириншилерден болып электрлесиўи, газлесиўи ҳәм жоллардың асфальтланыўы, балалар ушын заманагөй мектеп қурылғанын Рейим ағаның жигерли мийнет ислеўиниң арқасы деп биледи ҳәм егер Рейим аға тири болғанда аўылға келип турған газ трубаларын қызықтырып, пломблатып қоймас еди, деп басларын шайқасады.

– Бүгинги күни өмирден өз орнымды таўып, ел қатары шаңарақ болыўыма, илим менен шуғылланып, оны табыслы жақлап шығыўымда атам менен енемниң тутқан орны айрықша. Мен олардан мәнги миннетдарман,-дейди Рейим атаның келини, филология илимлериниң кандидаты, доцент Шәригүл Алланиязова.

«Жақсыдан бағ қалады..» дегениндей ел ардағындағы аталарымыздың бири Рейим Санкибаев ҳәм Райхан Алламуратовалар өзлеринен жақсы ислер қалдырыў менен бирге, бир-биринен зыяда оқымыслы ҳәм тәрбиялы перзентлерди тәрбиялап камалға келтирди.

Орыс халқында «Человек велик потомством», яғный, «Инсан перзентлери менен уллы» деген әжайып нақыл бар. «Жақсыдан жақсы дөрейди»- дегениндей Рейим ағаның ул-қызлары халыққа өрнек болғандай азаматлар болып жетисти.

Олардың ул-қызлары Халмурза, Нәбийхан, Аймурза, Бекмурза, Марат, Фархад, Шолпанлар халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли жумыс ислеп, халыққа танылды, абырайға еристи.

Егер, Рейим ата тири болғанында быйыл 100 жасқа шығар еди. Ол бул ялғаншыда аз жасаса да, оның өмири үлкен табысларға толы болды. Р.Санкибаев халқының алдында нәтийжели мийнет етип, қалақ хожалықты алдынғы қатар хожалыққа айландырды ҳәм ел-халықтың сүйиспеншилигине, ҳүкиметтиң ҳүрмет-иззетине миясар болып, бул дүньядан көз жумды.

 

Адил Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги