1941-жылдыӊ декабрь айында армия қатарына шақырылған Әлимбай Аманбаев  Чаржаў қаласында әскерий таярлықтан өткеннен соӊ 1942-жылдыӊ апрелинен баслап саўашларға қатнасады.

2-Беларуссия фронтыныӊ 3-гвардия корпусы 15-истребитель-танклерге қарсы гвардиялық артиллерия бригадасында зеӊберекши болып саўашларға қатнасқан ол өзиниӊ ерлиги менен көпке үлги болды.

Атап айтқанда, ол 1944-жылдыӊ 10-15-октябрь күнлери Польшаныӊ Лесьне-Хылины елатлы пункти жанында болған ғажа-ғаж саўашларда душпанныӊ еки пулемётын жоқ етип, еки танкасын саптан шығарыўға ериседи ҳәм бул хызмети ушын 1944-жылдыӊ 23-ноябринде 3-дәрежели «Даӊқ» ордени сыйлықланады.

Буннан руўхланған Әлимбай Аманбаев Вартенбург тусындағы саўашларда душпанныӊ ярым взвод солдаты, бир танкасы ҳәм 6 пулемёт точкасын жоқ етиўге ериседи ҳәм буныӊ ушын армия сәркардасы тәрепинен 1945-жылдыӊ 16-апрель күни  2-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланады.

Ал, 1945-жылдыӊ 20-апрель күни Грайфенхаген тусындағы саўашта болса, Аманбаев басқарған танк душпанныӊ еки пулемётын, 15 солдатын жоқ етеди ҳәм жаўынгерлеримиздиӊ Одер дәрьясы жағасынан әҳмийетли позицияны ийелеўине жол ашып береди. Келеси күни болса, Әлимбай Аманбаев душпанныӊ бир взводтай әскерин, 3 пулемётын, 24-апрель күнги саўашта 10нан аслам әскери ҳәм 3 пулемётын жоқ етиўге ериседи. Ол бул саўашларда көрсеткен ерлиги ушын 2-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланады.

Буннан кейинги саўашларда да мәртлик көрсеткен жерлесимиз 1945-жылдыӊ  7-июнь күни 1-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланып, 1946-жылдыӊ декабринде аўылға қайта оралады.

Соӊынан ол Нөкис қаласында слесар, 1948-1952-жыллары Ишки ислер уйымында жумыс  ислеп, киши сержант дәрежесине ийе болады. Буннан кейин де ол халық хожалығында жемисли мийнет етип, мийнет дем алсына шығады.

 

Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги