Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халықтың дәраматын арттырыўға қаратылған исбилерменлик умтылысларын финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў механизмлерин жаңа басқышқа алып шығыў, жаслар ҳәм хаял-қызлардың исбилерменлик басламаларын әмелге асырыўға жәрдемлесиў, «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасы арқалы жергиликли басқарыў уйымларын халыққа және де жақынластырыў, халық ҳәм исбилерменлердиң машқалаларын анықлаў және оларды нәтийжели шешиўдиң Самарқанд тәжирийбесин әмелиятқа енгизиў мақсетинде:

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Самарқанд ўәлаятының ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң 2021-жыл 1-июньнен баслап Самарқанд ўәлаяты район (қала) ҳәкимликлериниң структурасында төмендегилерди нәзерде тутатуғын «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын эксперимент тәризинде өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

район (қала) ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўшилигинде Мәҳәлле кесиминде ислесиў орайларын (кейинги орынларда – Орайлар) мәмлекетлик мәкеме түринде шөлкемлестириў. Онда Орайлардың жумысы район (қала) ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары тәрепинен муўапықластырып барылады;

район (қала)лардағы ҳәр үш мәҳәллеге биреўден мәҳәлле кесиминде ислесиў инспекторларын бириктириў;

мәкан пуқаралар жыйыны баслығының абаданластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы негизинде мәкан пуқаралар жыйыны баслығының исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер мәселелери бойынша орынбасары лаўазымын енгизиў;

ҳәкимниң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны баслығының исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер мәселелери бойынша орынбасарының өз-ара биргеликте ислесиўин тәмийинлеў.

  1. Орайлардың жумысы Пастдарғом, Ургут ҳәм Булунғур районларында быйыл 1-июньнен баслап ҳәм Самарқанд ўәлаятының қалған район қала(ларында) 1-августқа шекем шөлкемлестирилетуғыны;

Орайларда ашылатуғын штат бирликлери район (қала)лық бәнтликке жәрдемлесиў орайының жумысқа жайластырыў инспекторлары штат бирликлериниң қысқартылыўы есабынан қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Орайлардың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турақлы дәрамат дәрегин жаратыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көриў;

мәҳәлле кесиминде ислесиў тийкарында бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлесиў ҳәм халықты кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў;

исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған пуқараларға, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға кредит ҳәм субсидиялар алыўда жәрдемлесиў;

исбилерменлик, өнерментшилик пенен шуғылланыў тилегин билдиргенлерге заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм мини-технологиялар табыўда жәрдемлесиў;

мәҳәлледеги инфраструктураға байланыслы машқалаларды шешиў илажларын көриў ҳәм сырт елде жумыс ислеў ҳәм маманлығын арттырыў тилегин билдирген пуқаралар менен ислесиў.

  1. Самарқанд ўәлаяты район ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң үлги шөлкемлестириў структурасы 1-3-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте:

Мәҳәлле кесиминде ислесиў орайының үлги режеси менен шөлкемлестириў структурасын;

Мәҳәлле кесиминде ислесиў орайлары хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң Бирден-бир тариф сеткасы бойынша разрядларын тастыйықласын.

  1. Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги район ҳәм қала ҳәкимликлери тәрепинен үлги реже ҳәм шөлкемлестириўшилик структурасы тийкарында Мәҳәлле кесиминде ислесиў орайының уставы менен шөлкемлестириў структурасының тастыйықланыўын тәмийинлесин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола Орай директоры:

ўәлаят ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары менен келисилген ҳалда район ҳәкими тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи;

мәҳәллелер кесиминде жыйналған машқала ҳәм мүрәжатларды муўапықластырып, оларды шешиўде район (қала) ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен биргеликте жумысларды шөлкемлестиреди;

әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе халық депутатлары район (қала)лық Кеңесинде есап берип барады.

  1. Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги шөлкемлестирилетуғын Орайларды тийисли имарат, заманагөй мәлимлеме қураллары (компьютер топламы, байланыс, Интернет ҳәм басқалар) менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте халық ҳәм исбилерменлердиң мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм шешиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм инсан факторын азайтыў мақсетинде Орай ҳәм мәкан пуқаралар жыйынының жумысын өз-ара байланыслы ҳалда санластырыўды нәзерде тутатуғын «Онлайн мәҳәлле» программалық тәмийнатты (кейинги орынларда – программалық тәмийнат) ислеп шықсын.

Онда программалық тәмийнат арқалы мүрәжатларды қабыл етиў, Орайға жибериў ҳәм орынланыўын мониторинг етиўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. Қаржы министрлиги:

программалық тәмийнатты ислеп шығыў ҳәм енгизиўге байланыслы қәрежетлерди Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң бюджеттен тысқары раўажландырыў ҳәм хызметкерлерди материаллық жақтан хошаметлеў қорының қаржылары есабынан қапласын;

2022-жылдан баслап ҳәр жылы программалық тәмийнатты техникалық ҳәм программалық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң буйыртпасына тийкарланып зәрүр қаржыларды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлериниң параметрлеринде нәзерде тутқан ҳалда ажыратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте Орайлардың хызметкерлери ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер мәселелери бойынша орынбасарлары ушын жаңадан енгизилетуғын системаның түп мәниси ҳәм нәтийжели жумыс ислеўи бойынша оқыў семинарларын шөлемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте:

усы тәжирийбени таллап барыў мақсетинде Самарқанд ўәлаятының район (қала)ларындағы Орайлардың жумысын мониторинг етиў топарын шөлкемлестирсин;

мониторинг топары тәрепинен тәжирийбе процесинде системадағы машқалаларды анықлаў, жумысты жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм ўәкилликли уйымларға усынып барыў илажларының көрилиўин тәмийинлесин.

2022-жыл 1-январьдан баслап бул экспериментти республиканың басқа да аймақларында енгизиў мақсетке муўапық екенлиги бойынша усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шөлкемлестириў структурасын реформалаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер және уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 6-май