Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 6-май күни шет тиллерин оқытыў системасын жетилистириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимизде ҳәр жылы илимниң бир неше бағдары таңлап алынып, айрықша итибар менен раўажландырылмақта. Быйылғы жылы физика ҳәм шет тиллери әне усындай тийкарғы тараўлар етип белгиленген.
Өзбекстанның ашықлық сиясаты, дүнья базарына жедел кирип баратырғаны, барлық тараўларда халықаралық бирге ислесиў кеңейип атырғаны шет тиллерин билиўге зәрүрликти арттырмақта.
Бүгинги күнде елимиздеги 25 жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқытыў шет тилинде алып барылмақта. 2016-жылы олар тек ғана 7 еди. Халықаралық тил сертификатын алған питкериўши оқыўшылардың саны соңғы 3 жылда 10 есеге артқан.
Быйылғы жылы «Эл-юрт умиди» қоры арқалы 350 студенттиң абырайлы сырт ел университетлеринде оқыўы ушын стипендиялар ажыратылды. Бул өткен жылларға салыстырғанда 5 есеге көп болып есапланады.
Бирақ, орынлардағы жағдай мақсет етилген үлкен режелерге сай емес. Атап айтқанда, билимлендириў системасында 2 мыңнан аслам шет тили муғаллиминиң лаўазымы вакант болып қалмақта. 1 мың 400 мектепте шет тилин оқытыў сапасы улыўма қанаатландырарсыз. Бул системадағы муғаллимлердиң тек 4 проценти миллий ҳәм халықаралық тил сертификатына ийе. Ханабад ҳәм Кувасой қалалары, Зафарабад, Миришкор, Төрткүл, Шерабад ҳәм Узун районларында бундай сертификатлы бир де бир муғаллим жоқ. Мектеплердеги шет тили муғаллимлериниң 49 проценти тесттен өте алмаған.
Мәжилисте системадағы машқалалар ҳәр тәреплеме талланып, тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
-Мәмлекетимизде шет тиллерин үйретиў бойынша келешек ушын беккем тырнақ болатуғын жаңа системаны жолға қойыў ўақты-сааты келди. Биз бәсекилес мәмлекет қурыўды өз алдымызға мақсет етип қойған екенбиз, буннан былай мектеп, лицей, колледж ҳәм жоқары оқыў орны питкериўшилери кеминде 2 шет тилин толық билиўи шәрт. Бул қатаң талап ҳәр бир билимлендириў мәкемеси басшының жумысының тийкарғы нормасына айланыўы зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сол мақсетте Министрлер Кабинети жанында Шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыў агентлиги шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.
Бул агентлик дүньяда жақсы нәтийже берген оқытыў методикалары, бағдарлама ҳәм сабақлықларды билимлендириў системасында енгизип, шет тиллерин толық өзлестириўге жәрдем береди. Билимлендириў мәкемелери, тармақлар ҳәм аймақлардың зәрүрлигинен келип шығып, кеминде 10 шет тилин үйретиўди шөлкемлестиреди.
Сондай-ақ, министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да жумыс бериўшилер менен бирге, хызметкерлердиң кәсиплик жумысын шет тиллерде толық әмелге асырыў имканиятын беретуғын методикаларды ислеп шығып, шараятқа бейимлескен ҳалда, әмелиятқа енгизеди.
Мәмлекетлик тилден шет тиллерге ҳәм шет тиллеринен мәмлекетлик тилге профессионал аўдарма ислеў методикаларын жаратыў да оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болады.
Агентлик шет тиллерин билиў рейтингин де жүргизеди. Шет тили муғаллимлери ушын маманлық талаплары ҳәм баҳалаў нормаларын ислеп шығады және маманлық категорияларын береди.
Бир сөз бенен айтқанда, Агентлик «бақша-мектеп-жоқары билимлендириў-кәрхана» шынжыры арқалы, халықтың барлық қатламына сай болған методика, усыныс ҳәм сабақлықларды ислеп шығады және енгизеди.
Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери ҳәм Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетлери, Самарқанд шет тиллери институты менен бир қатарда, ҳәр бир ўәлаятта бир университет шет тиллери бойынша таяныш мәкеме сыпатында белгиленеди.
Мәмлекетимиз басшысы оқытыўшыларға мүнәсип шараят жаратыў, маманлығына қарап оларды хошаметлеў зәрүр екенлигин атап өтти.
Халықаралық сертификаттың дәслепки ҳәм орта дәрежесин алған оқытыўшылардың айлық мийнет ҳақысына 40 процент, жоқары нәтийже көрсеткенлерге 50 процент үстеме берилетуғыны белгиленди.
Буннан тысқары, жоқары балл алған муғаллимлерге халықаралық сертификат алыў ушын тест тапсырыў қәрежетлери қаплап бериледи. Келеси жылдан баслап, жумысқа қабыл етилип атырған шет тили муғаллимлерине миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе болыў талабы киргизиледи.
Кейинги үш жыл даўамында мектеплердеги 53 мың шет тили муғаллимлериниң барлығы халықаралық сертификат алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып, мектеплердеги вакант орынларды тәжирийбели қәнигелер менен толықтырыў ўазыйпасы қойылды.
Шет тиллерин терең үйретиў мақсетинде район ҳәм қалаларда 207 мектеп таңлап алынды. Бул мектеплерде сырт ел китаплары, алдынғы оқыў бағдарламалары ҳәм методикаларынан еркин пайдаланыў және пәнлерди шет тилинде оқытыў жолға қойылады.
Ўәлаят ҳәкимликлерине мектеплерде шет тилин оқытыў сапасын арттырыў ушын жергиликли бюджеттен ҳәр бир район ҳәм қалаға 1 миллиард сумнан қаржы ажыратыўға көрсетпе берилди.
Қәнигелескен мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынларына тил ийеси болған сырт ел муғаллимлерин тартыў, ҳәр бир районда таңлаў өткерип, шет тили муғаллимлериниң сырт елде тәжирийбе арттырыўын жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы шет тиллери бойынша ең жақсы мектеплерди анықлаў ушын Президент сыйлығын енгизиў усынысын билдирди.
Бунда район, қала ҳәм республика дәрежесинде таңлаў өткериледи. Район ҳәм қала басқышында 1-орынды алған мектеплер 100 миллион сумнан, ўәлаят басқышы жеңимпазлары 250 миллион сумнан, мәмлекетимиз көлеминдеги ең жақсы мектеп болса 500 миллион сум муғдарында сыйлықланады. Екинши ҳәм үшинши орын ийелери де сәйкес түрде хошаметленеди. Бул мектеплердиң директоры ҳәм муғаллимлери мәмлекетлик сыйлықларға усыныс етиледи.
Оқытыўдың сапасы халықаралық нормативлерге сай сабақлық ҳәм методикалық қолланбаларға да байланыслы. Сонлықтан, инглис тили бойынша Кэмбридж университети баспасы сабақлықларды 200 мектепте апробациядан өткерип, кейинги жылдан барлық мектеплерде енгизиў ўазыйпасы қойылды. Бундай жумыслар рус, немис, корейс, қытай ҳәм француз тиллери бойынша да шөлкемлестириледи.
Тараўдағы өзгерислерден хабардар болып барыўы, жаңа әдебият ҳәм қолланбалар сатып алыўы ушын ҳәр бир шет тили муғаллимине бюджеттен 1 миллион сумнан қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.
Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине ЮНИСЕФ пенен биргеликте 7 жасқа шекемги балаларға шет тиллерин оқытыў бойынша методикалық қолланба ислеп шығып, енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте жоқары билимлендириў системасында қәнигелер таярлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.
Бүгинги күнде жоқары оқыў орынлардағы 78 процент профессор-оқытыўшылардың шет тилин билиў дәрежеси қанаатландырарсыз жағдайда екени көрсетип өтилди.
Жаңа оқыў жылынан баслап, шет тиллери бойынша қабыллаў квоталарының саны 2 есе көбейтилип, 16 мыңға шекем жеткерилетуғыны, мәмлекетлик грант болса 3 есеге арттырылатуғыны атап өтилди.
Соның менен бирге, келеси жылдан баслап, магистратура ҳәм докторантураға кириўшилер ушын шет тили бойынша халықаралық сертификатқа ийе болыў талабы киргизиледи. Жоқары оқыў орынларында қәнигелик пәнлерин шет тиллеринде оқытыў басқышпа-басқыш енгизиледи. Тәбийғый ҳәм техникалық пәнлер бойынша сырт ел сабақлықлары ҳәм қолланбаларынан еркин пайдаланыў жолға қойылады.
Шет тилин оқытыўдың илимий-педагогикалық потенциалын арттырыў мақсетинде «Эл-юрт умиди» қоры арқалы сырт ел докторантурасында билим алыў ушын жылына 20 орын ажыратылады.
Британия кеңеси, Гёте институты, Француз альянсы, KOICA, JICA, Конфуций институты сыяқлы сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиўди және де күшейтиў, мәмлекетлик емес оқыў орайларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ҳәр бир министрлик, уйым, мәмлекетлик компаниялар ҳәм ири жеке меншик кәрханаларда тил үйрениўди қоллап-қуўатлаў, ҳәптениң бир күнин белгилеп, шет тиллерин үйрениў ушын шараят жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тил үйретиўши видеосабақлар, фильм ҳәм көрсетиўлер жаратыў, электрон бағдарламалар ислеп шығыў бойынша да тапсырмалар берилди.
Видеоселектор мәжилисинде жуўапкер басшылар ҳәм муғаллимлер өз пикир-усынысларын билдирди.
ӨзА