Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 21-январьдағы «Өсимликлер карантини тараўында мониторинг жүргизиў ҳәм фитосанитар дала қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби бойынша режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 1-майдан баслап импорт ҳәм экспорт етилиўши мийўе-овощ ҳәм өсимлик өнимлерин лабораториялық экспертизадан өткериўде ҳәр бир үлги ушын 88 563 сум муғдарында төлем енгизилди.
– Экспортқа жиберилетуғын өнимлердиң карантин объектлери менен зыянланғанлығы белгили болса, агроном инспекторлар гүманлы орынлардан үлгилер алып Ташкент орайлық карантин лабораториясына почта арқалы жибереди. Лабораторияның төлемли хызметине тийкарланып 88 563 сум пул е-фито шәртнамасына тийкарланып экспортёрлар тәрепинен өткериледи ҳәм өним экспертизадан өткерилгеннен кейин арнаўлы лабораториялық жуўмақ бериледи,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы лаборатория бөлиминиң баслығы Сулыўхан Мадреймова. – Егер 7 күнниң ишинде пул өткерилмесе, лаборатория жуўмағы берилмейди ҳәм олардың карантин астындағы өнимди жоқ етиўге ҳуқықы бар және карантин астындағы өним тексерилмеген жағдайда ол экспортёрларға қайтарып бериледи.
Алдын, Өзбекстанға алып кирилетуғын ҳәм сыртқа алып шығылатуғын өсимликлер карантини қадағалаўындағы өнимлердиң дизимине өзгерислер киргизилген еди.
Ҳәзирги күнде инспекция тәрепинен исбилерменлик субъектлерине карантин астындағы өнимлердиң үлгилерин төлем тийкарында лабораториялық экспертизадан өткерилиўи бойынша семинарлар шөлкемлестирилип, бул бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги