Советлер Аўқамыныӊ Қаҳарманына теӊ есапланатуғын «Даӊқ» ордениниӊ толық кавалери Тилеўмурат Утемуратов 1925-жылы Қараөзек районында дийқан шаӊарағында туўылды ҳәм  мектепте толық емес орта билим алғаннан соӊ колхозда жумыс иследи.

Ал, 1943-жылы 18 жасқа толған оны әскерий комиссариат урысқа қатнасыў ушын армия қатарына шақырады. Батыс фронтта саўашларға кирискен  Тилеўмурат Утемуратов аўыр жарақат алып, 3 ай даўамында госпитальда емленеди.

Соӊынан ол  және саўаш майданына қайтып келип, 3-Беларуссия фронтыныӊ 5-армиясы 97-атқышлар дивизиясыныӊ 136-полкында  сапёр сыпатында қатнасып, еле қаршадай жас болыўына қарамастан қанлы саўашларда өзиниӊ батырлығы ҳәм ерлигин көрсетти.

Атап айтқанда, қатардағы жаўынгер  Утемуратов өз қуралласлары менен 3 сал соғып Беларуссия аймағындағы Березина дәрьясын кешип өтип, фашистлер тәрепинен әскерлеримизге дузақ сыпатында қойылған 78 минаны зыянсызландырады ҳәм жаўынгерлерге қәўипсиз еки соқпақ жол ашып береди. Соӊынан ол өз исин даўам етип, дәрья бойында душпанныӊ және 30 минасын зыянсызландырыўға ериседи.

Тилеўмурат Утемуратовтыӊ бул ислеген ерлиги әскербасшылары тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып, ол 1944-жылдыӊ 13-сентябринде  3-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланады.

Ал, 1945-жылдыӊ  30-январь күни Польшаныӊ Кальештейн елатлы пункти  болған саўашта болса бизиӊ мәрт жерлесимиз Тилеўмурат Утемуратов 21  душпан әскерлерин жоқ етиўге еристи ҳәм бул хызметлери ушын ол СССР Жоқарғы Совети Президиумыныӊ 1945-жыл 26-февральдағы Пәрманы менен және бир мәрте 3-дәрежели Даӊқ ордени менен  сыйлықланыўға миясар болады. Бул Тилеўмураттыӊ командирлериниӊ сыйлыққа усынылған ҳүжжетлерди таярлаў барысында жиберген қәтеси еди. Себеби, оныӊ картотекасында бурын сыйлықланбаған деген жазыў турған ҳәм сонлықтан ол 3-дәрежели «Даӊқ» ордени менен екинши мәрте сыйлықланады.

Өзиниӊ батырлығы менен басқа қуралласларына үлги болып жүрген Утемуратовқа сондай-ақ , аға сержант әскерий дәрежеси бериледи.

Соныӊ менен бирге, сержант Утемуратов өзиниӊ мәртлик ислерин даўам етип, 1945-жылдыӊ 8-16-апрель күнлери Земланд ярым атаўында болған саўашларда жеке өзи оннан аслам душпан әскерлерин жоқ етип, бир неше офицер ҳәм солдатларын тутқынға алыўға ериседи. Ол бул ерлиги ушын 2-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланады.

Сондай-ақ, ол «Ерлиги ушын» медалы менен де сыйлықланыўға ериседи.

1950-жылы әскерий хызметин босаған ол Қараөзек районында жасап мийнет етеди.

1982-жылдыӊ 22-январ күни Тилеўмурат Утемуратовтыӊ ҳүжжетлеринде жиберилген қәте-кемшилик дүзетилип, оған 1-дәрежели Даӊқ ордени тапсырылады ҳәм солай етип ол Даӊқ ордениниӊ толық кавалерине айланады.

Халқымыздыӊ мақтанышына айланған мәрт ҳәм қаҳарман жаўынгерлиримиздиӊ бири Тилеўмурат Утемуратов Қараөзек районында 2005-жылдыӊ 16-октябри күни қайтыс болады.

 

Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги