Өзбекстан қаҳарманлары
Мойнақ районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Ферғана ўәлаяты Алтыраық районындағы «Нурлы абат» фермер хожалығының баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Лолахан Мурадованың мийнет жолына ҳәм ибратлы өмирине бағышланған илаж болып өтти.
Онда Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң бас қәнигеси Ф.Каримова, мектеп директорының орынбасары Г.Наўешова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында фермерликти раўажландырыўға қаратылып атырған илажларға тоқтап өтти.
Бүгинги күни фермер хожалықларының айырымларына ҳаял-қызларымыз басшылық етип, жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Солардың бири «Нурлы абат» фермер хожалығының баслығы Лолахан Мурадова болып табылады.
Өзиниң пидәкерлик мийнети нәтийжесинде фермер апа бүгинги күни көпшиликке өрнек болып келмекте. Усы мийнетлериниң арқасында «Эл-юрт ҳурмати», «Фидокорона хизматлари учун» орденлери, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери ҳүрметли атақлары, 2019-жылы болса Өзбекстан Қаҳарманы ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Илажда қаҳарман фермердиң ибратлы өмир жолы ҳәм мийнетлери слайдлар ҳәм видеороликлер арқалы оқыўшылардың нәзерине усынылды.
Мектеп оқыўшылары тәрепинен мийнет алдыңғыларын улығлаўшы қосықлар атқарылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы