– Хызметкерлер төмендеги жағдайларда дем алысты созыў ямаса басқа мүддетке көшириў ҳуқықына ийе:

ўақтынша мийнетке жарамсызлық дәўиринде;

ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысына туўра келип қалғанда;

мәмлекетлик ямаса жәмийетлик ўазыйпаларды орынлап атырғанда, егер нызамлар ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлерде бундай ўазыйпаларды орынлаў ушын хызметкерди жумыстан азат етиў нәзерде тутылған болса.

Демек, жоқарыда келтирилген жағдайларда дем алысты созыў ямаса басқа мүддетке көшириўге рухсат бериледи.

Тийкар: Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси 145-статьясы.

(Бул материал Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети «Юридикалық клиника»сы студентлери тәрепинен оқытыўшылардың қадағалаўы астында таярланды).

 

Гулноза Бобоева, ӨзА