Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Елликқала районы прокуратурасы ҳәм МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында және бир жынаят анықланды.

Пуқара К.М. Р.Ж.ның исенимине кирип, оған 9 мың АҚШ долларына «Бўстон жой таъмирлаш» жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетине тийисли аймақтан еки дүкан қурыў ушын жер орын ажыратып бериўди ўәде еткен. Усы жылдың 21-апрель күни өзиниң үйиниң алдында келисилген пулды алып атырған ўақтында усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген  9 мың АҚШ доллары айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен пуқара К.М. қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги