(Тарийх жанкүйери, халқымыздың қәдирдан ақсақалы Қ.Камаловтың «Қарақалпақлар тарийхы бойынша жаңа дәреклер» атлы китабын оқығаннан соң туўылған ойлар)
Жәҳән цивилизациясында ҳәр бир халықтың өз орны, өзине ылайық тарийхы, дүньялық мәдениятқа қосқан мүнәсип үлеси бар. Усы арқалы адамзат баласының өтмиште басып өткен жолы ҳәм тарийх бетлеринде қалдырған излери дәстиярлы түрде үйрениледи ҳәм оннан тыянақлы жуўмақ шығарылады. Ҳәр қандай халықтың тарийхын тутас изертлеў ушын: оларды тек бир мәканнан, бир орталықтан келтирип шығарыў, яки сол этностың ҳәзирги жасап турған жери менен ғана байланыстырыў, ҳәмийше дурыс нәтийже бермейтуғынлығы илимде дәлийлленди ҳәм буған мысал сыпатында көплеген фактлер алға қойылмақта. Мәселен, ерте заманлардағы қәўимлердиң Түсликтен Арқаға ҳәм Арқа Шығысқа, сондай-ақ Шығыстан Батысқа болған көшип-қоныўлары түрлише мәдениятларды жаратты ҳәм халықларды бири-бири менен араластырып, жаңа бирлеспелерди пайда етти.
Алайық, буннан жети-сегиз мың жыл бурын Европа кеңислигинде жасаўшы арий қәўимлериниң Азия кеңликлерине жылысыўы ҳәм Арал теңизи жағалаўларына келип қонысласыўы, оннан соң Ҳиндстанға қарай өтип, жергиликли дравидлерди түсликке қарай жибериўи, «ҳинди-европа» (индо-европа) тиллеринде сөйлеўши халықлар ареалын кеңейткен еди [Кузьмина Е.Е. Арии – путь на юг. – Москва, 2008. – 558 с.]. Соңын ала Түслик Аралбойы үлкесинде қәд көтерген Қаңғайлы яки Қаңға (Кангюй) мәмлекети атамасының Ҳиндстанда «Ганга» түринде көринис табыўы да, усындай байланыслардыӊ нәтийжеси сыпатында қаралады. Қаңғайлы аўқамын сақ-массагетлер дүзгенлиги арнаўлы изертлеўлерден белгили.
Сақ-массагетлердиң арғы ата-бабалары ерте заманларда Месопотамия жеринде өмир сүрген Киэнги (шумер) ҳәм Мийтени (хетт-хуррит) журты халықлары менен де байланыстырылады. Тарийхта олардың өз мәканларын шығысқа қарай өзгерткенлиги бойынша мағлыўматлар сақланып қалған. Әлбетте, буннан алдын да, буннан кейин де Шығыстан Батысқа: Орта Азияға, Европаға; Аралбойы үлкесинен Узақ Шығысқа, ҳәзирги Саха (Якутия) жерлерине, оннан арыда: Арқа Америкаға қарай да жылысыўлар, қонысласыўлар болды. Көшип барғанлардың гейпара толқынлары Түслик Америка жерлерине де барып жетти. Илимдеги соңғы тастыйықлаўлар бойынша нәзеримиздеги қоныс аўдарыўлар: бериси – он мың, арғысы – қырық мың жыллық аралықты өз ишине алады.
Бизиң бул дәреклерге улыўма шолыў жасаўымыздағы мақсет, мың-мың жыллар даўамында Жер шарының қаншама бөлеклеринде өз изин қалдырған ҳәм тарийхта: «түрки» (ту-кю), «түркит» (тюркют), «түркис» (түргис), «түркеш» (түргеш) түринде түрлише атамалар менен ушырасатуғын даңқлы бабаларымыздың Уллы Туран кеңислигинде турақласыўы, Түрки қағанатын дүзиўи, европалы авторлар жазбаларында «Түркланд» (Tyrkland), парсы дәреклеринде «Туркистан» (түркилер журты), қарақалпақ халқының ески сөзлеринде «Атажуртым – Түркистан» деп тилге алынатуғын үлкеде орайласыўы, олардың дүнья мәдениятына қаншелли үлес қосқанлығы тарийхшыларға белгили болса да, усы дәреклер ҳәзирге шекем евроцентристлик көзқарастан: бир тәреплеме, жөнекей ҳәм үзик-жулық ҳалда ғана үйренилип келди. Бул жағдай, Түрки улысының тийкарғы буўынын қураған қарақалпақ халқының тарийхына айрықша тийисли.
Ҳақыйқатында, усындай уллы тарийх ийеси болған қарақалпақлар өтмишин үйрениўде де ҳәзирги күнге шекем белгили-баслы бағдар болмады ҳәм илимий концепция исленип шығылмады. Усы мәселени дурыс аңлаған ҳәм орынлы түрде ортаға салған – тарийх жанкүйери, халқымыздың қәдирдан ақсақалы Қ.Камаловтың «Қарақалпақлар тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер» атлы китабы аталмыш машқаланы шешиў бағдарындағы исеним баслама ҳәм баслы жол-жоба болғанлығы, бизди қуўандырады.
Китаптың дәслепки бетлеринде автор: «… Л.Н.Гумилевтың «Древние тюрки», «Тысяча летия вокруг Каспия», П.П.Ивановтың «Очерки истории каракалпаков» атлы мийнетлерин тәкирарлап оқыр екенмен, ески қәнигелигим – тарийхшылығыма қайтып, усы күнге шекем тарийхшыларымыз жетерли итибар бермей келген халқымыздың узақ өтмишин сәўлелендиретуғын бир китапша жазыўды мақул көрдим ҳәм оған «Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер» деп ат қойдым. Булай атаўымның себеби, мен келтирежақ фактлер дүнья тарийхында жаңалық болмаса да, бизиң халқымыз ушын, бүгинги жас әўлад ушын бурынғы тарийх китапларында жазылмаған жаңа дәреклер болып табылады», – деп өзиниң түпки мақсетин оқыўшылар нәзерине ашық-айдын жеткереди [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер. – Нөкис: Билим, 2020. – Б. 3-4.].
Китапта дәслеп қарақалпақ халқының этникалық қәлиплесиўиндеги сақ-массагетлердиң тутқан орны көрсетип берилген. Л.Н.Гумилевтың изертлеўлерине сүйенген автор, массагетлердиң б.э.б. VI әсирде Балқаш көли менен Арал теңизи аралығында жасағанлығы, тийкарынан шарўашылық ҳәм балықшылық пенен шуғылланғанлығы, Жанкент атлы бас қаласының болғанлығы, жергиликли қәўимлер Арқа Ираннан келген сақлар менен биригип «Сақ-массагетлер» аўқамын дүзгенлиги, олардың айырым бөлеклериниң Орал таўларына шекем жетип барғанлығы, ол жерлерден пайдалы қазылмалар (алтын, гүмис, мыс, темир, қорғасын) өндирип турғанлығы, Орысият журтшылығы бул жумбақ халықлардың «түркийлер» екенлигин соңғылықта анықлағанлығына орынлы тоқтап өтеди [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер. – Нөкис, 2020. – Б. 4-5.]. Эллин тарийхшысы Геродот массагетлердиң көп санлы қәўим екенлигин ҳәм наятый күшли жаўынгер халық болғанлығын жазып қалдырған [Геродот. История. Т. I. – Ленинград, 1972. – С. 201-205.].
Қ.Камалов, қарақалпақлардың этногенезин изертлеўде Иран халықлары тарийхынан шетлеп өтпеўди еслетеди ҳәм сақ-массагетлердиң сол мәмлекет пенен байланысына айрықша итибар қаратады. Л.С.Толстованың изертлеўлерине таянып: «…Иран менен шегаралас жерлерде Митан (мүйтен) деген патшалық болған. Ол патшалық үш әсир өмир сүрген. Кейин оларды Иран жаўлап алып, митанлар Қырымға, Кавказ жерлерине көшеди. Биразы Иранда қалады. Булар ески қарақалпақ деп аталады. Буны анықлаў керек. Бул пикир қайта изертлеўди талап етеди», – деп зинҳарлайды [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер… – Б. 14-15.]. Қарақалпақлардың Киши Азия ҳәм Иран халықлары менен байланыслары ҳаққында бир пайытлары атақлы археолог алым С.П.Толстовтың өзи (Л.С.Толстованың әкеси) де илимий жыйынларда шығып сөйлегенлиги, усы мәселени тереңнен үйрениў зәрүрлигин бир неше мәрте көтергенлиги бираз илимпазларымыздың ядында.
Жазба дәреклерде «Майтани», «Митанни» яки «Мийтени» деп аталған сол мәмлекет халқының «мийтан», «мәйтан», «мәйтен», «мүйтен» этнонимлери менен байланыслылығы ҳәм мүйтенлердиң қарақалпақ халқын қәлиплестирген тийкарғы алты қәўимлик бирлеспениң бири екенлиги көпшиликке белгили. Әййемги Египет мәмлекетин «Мысыр», яғный «Сырлы журт» деп атағанлар усы Мийтен ели болған ҳәм олар «түрки тиллериниң сағасы» саналатуғын шумерлер (кэнегелер) менен жақын тилде сөйлескен. Олардың сөйлесимлери семит-хамит семьясындағы тиллерден кескин айырылып турған. Митанни елинен бөлингенлердиң Қазылық (Кавказ) тәрепке кеткен бөлеклери армян мәдениятының қәлиплесиўине де үлкен үлес қосқан [Аветисян Г.М. Государство Митанни: Военно-политическая история в XVII – XIII вв. до н.э. – Ереван, 1984. – 130 с.].
Итибарлысы сонда, мүйтенлерден жазып алынған аңызларда: олардың бир бөлегиниң Шамнан, тағы бир бөлеклериниң Қырымнан, тағы биразларыныӊ Балық пенен Бадақшаннан келгенлиги ҳәм ертеде бес ири урыўлық бирлеспеден турғанлығы есленеди. «Бес жүйе мүйтен» яки «бес тоқсан мүйтен» деген шежирелик атамалар да усыны ядқа салады ҳәм бул дәреклер қарақалпақлардың басқа үлкелерде жасаўшы диаспоралары арасында да сақланып қалған [Қарақалпақ /шежире/. – Самарқанд, 2009.]. Мүйтенлердиң Тәмин деген бабасын перилер көтерип келгенлиги ҳаққындғы әпсана да кең тараған. Ўақтында Л.Толстованың дыққатын тартқан усы әпсанада қарақалпақлар менен Алдынғы Азия халықларының байланыслары сәўлеленген [Толстова Л. Исторические предания Южного Приаралья. – Москва, 1984. – С. 91-94].
Өзлерин «ханлар зүррияты», «ҳасылзада», «төретуқым», яғный: «ақсүйек» деп санаў – қарақалпақ халқының шынжырлы әўладларында сақланып қалған ҳәм оған дәстиярлы тийкарлар да бар. Бухара қарақалпақларынан жазып алынған аңызларда да мүйтенлер менен қыятлардың Ырақ (Ирак) журтында патшалық қурғанлығы айтылады. Усы аңыздың изи Бердақ шайырдың «Шежире» шығармасында:
Будынжар билен Қағынжар,
Шалжуўыты йәне ҳәм бар,
Мүйтен, Қыят – болды булар,
Төреден айырылған екен…, – деп келтирилген [Бердақ. Шежире. – Нөкис, 1993. – Б. 17]. Соны да еслетип өтиў лазым, «Шежире» шығармасында бул ўақыялар Шыңғыс хан дәўири менен байланыслы баянланса да, онда алыс тарийхтың жаңғырығы сезиледи. «Мүйтен» ҳәм «Қыят» атамаларының Арқа Қытайда қайта жаңлаўы, ол хуннлар жасаған заманлар менен байланыслы.
Қ.Камалов өз мийнетинде хуннлар ҳүкимдарлығына да тоқтап, олардың түрки халықларының Шығыстағы бөлеклери екенлигине нәзер аўдарған. Бул жөнинде: «Бизиң з.б. 200-жылы Қытай (Цинь) императоры Лю Бан өзи бас болып, 300 мың әскер жыйнаған (Қытай әскерлери жаяў, көлиги жоқ. Қытайда тыянақлы армия жоқ, армия жынаятшылардан, қылмыслы адамлардан қуралған). Сонша армия жыйнағаны менен қытайлар (қытайлылар) хуннлардан жеңилип қалады. Күн суўық, хуннлардың ханы Модэ атлы, қуралланған 100 мың армиясы менен Қытай армиясын қырып таслайды», – деп сол ўақыттағы тарийхый ўақыяларды жазады [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер… – Б. 7.].
Европа тарийхында «Модэ», «Моте», ал Шын (Цинь) жазбаларында «Маодунь», «Маудун», «Мудун», «Му-тянь», «Муте-шаньюй» (уллы ҳүкимдар) исмлери менен есленетуғын хуннлар көсеми Орайлық Азия халықлары арасында «Мүйтен хан», ҳәтте «Қарақалпақ Мүйтен хан» деп аталатуғынлығы туўралы тирнекли мағлыўматлар ушырасады. Түрки халықлары шежирелерин үйрене келип, оларды жазба дәреклер менен салыстырған фольклортаныўшы Сейдин Әмирлан (Табысқан Қанаатов) сол хуннлар ҳүкимдарының ҳақыйқатында да халық аўзында айтылып киятырған Мүйтен хан екенлиги ҳаққында бир қатар дәреклерди жәмийетшилик нәзерине усынды [Қарақалпақ тарийхының кең жийеклери // Әмиўдәрья. – Нөкис, 2007. – №1. – Б. 91-113].
Бизиң жыл санаўымыздан алдынғы 209-жылы, әйне 18-19 жасында әкеси Түмен ханның орнына тахтқа отырған ҳәм өз журтын саррас 35 жыл басқарған, 300 мыңнан 400 мыңға шекем турақлы армияға ийе болған Мүйтен хан (қаған) хуннлар мәмлекетиниң шегарасын әдеўир кеңейткен ҳәм Уллы Қағанат дүзген атақлы ҳүкимдар сыпатында тарийхта мөрленип қалды [Гумилев Л.Н. История народа хунну. – Москва, 2008. – 640 с.]. Бул ҳүкимдардың бурынғы уллы бабаларының аты ҳәм атамасы менен усылай аталыўы нызамлы қубылыс. Соның менен бирге, хуннлардың түрки халықларының ең күшли қәўимлеринен болғанлығын, олардың массагетлер менен туўысқанлығын да тарийх бийкарламайды. Солай да болса, нәзеримиздеги мәселе келешекте кеңнен үйренилиўи тийис басы ашық темалардың бири.
Ертедеги түркилердиң Шығысқа кеткен бөлеклери «хуннлар» аталса, ал Аралбойы үлкесинен шығып, Батысқа қарай жылысқан қатламлары «печенеглер» атамасы менен белгили болғанлығы дәреклерден мәлим. Бул мәселеде Қ.Камалов: «Сақ-массагетлер Арал теңизиниң қубласында жасап, 7-8 әсирден соң қоныс өзгертип, Арал теңизиниң батыс жағына, Үстирт кеңислигине шығады ҳәм сол дәўирде сақ-массагетлер «кангөй» (қаңғай) ҳәм «печенег» деген атамаларға ийе болады. …Печенеглердиң биразы оннан да арман өтип, Румыния жерине орналасып, «Бессарабия» деген атамада Румынияның ең арқа аймағына қоныс басады», – деп ҳәзирги күнде Молдова мәмлекетиниң қурамына кириўши гагаузлардың қарақалпақлар (батыс печенеглер) менен этникалық өзегиниң бирлигин көрсетип берген ҳәм олардың жасайтуғын мәканларының атларын да санап өтеди [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер… – Б. 22-23.].
Бессарабия үлкесиндеги қарақалпақлардың этникалық қурылысын ядқа салатуғын: Баймақлы (Баймаклия), Тарақлы (Тараклия), Шөмишли (Чисмшлия), Қазаяқлы (Казаяклия), Қаңлы (Канглия), Қыят (Кият), Қытай (Китай), Қыпшақ (Копчак), Қоңырат (Кумрат) ҳәм т.б. көплеген жер-суў атамаларының тарийхтың айқын сәўлеси сыпатында ҳәзирге шекем сақланыўы да, арғы ата-бабалардың барған жерлеринде өз изин қалдырып отырғанлығын, даңқлы өтмишин аңлатады. Шынында да қарақалпақлардың этникалық өзегин қураған (мүйтен, қоңырат, қытай, қыпшақ, кенегес, маңғыт) қайсы субэтносты алсақ та, олар тарийхта ылайықлы орнына ийе.
Қ.Камаловтың Румыния мәмлекетинде болып, бизден бир неше әсирлер бурын бөлинип кеткен баўырласларымыз ҳаққында мағлыўмат топлаўы, өзлигин аңлаўға умтылған ҳәр бир изертлеўшиниӊ тарийхқа болған қызығыўшылығын тағы да оятары сөзсиз. Жазба дәреклерде «бэчэ», «бэжэнэ», «бэшэнэ», «бэсэне», «бажанак», «пазцынак» ҳәм т.б. да түрли атамада көринетуғын печенеглер көп әсирлер даўамында Европада үлкен күшке ийе болып турды ҳәм олардың даўрығы жылнамаларда жақсы сақланып қалды [Печенеги /антология/. – Москва, 2013. – 192 с.].
Қарақалпақлардың буннан кейинги тарийхта айрықша көриниўи, Ноғай Ордасының дүзилиўи ҳәм Қырым ханлықлары менен байланысып кетеди. Усы тарийхый дәўирлер ҳаққында Қ.Камалов қарақалпақлардың Ноғай ордасында өз аты менен белгили болғанлығын атап өтиў менен қатар, олардың үлкен бир бөлегиниң Қырымға көшкенлигин де нәзерден шетте қалдырмай: «Қырым XV-XVI әсирлер ҳәм оннан соң да бирнеше әсир қарақалпақлар ханлығы болып келген», – деп сол аймақтағы Маңғыт, Қыпшақ, Барын, Қырық ийеликлерин келтирип, олардың ханлықтың кеминде 70% жерин ийелегенлигин дәреклер менен дәлиллеп берген [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер… – Б. 27.].
Автор бул дәўирлерге «Ноғай Ордасы» деген атама берип, Ноғайлы заманы тарийхына бир неше бетти арнаған ҳәм жаңа мәмлекетлик бирлеспениң дүзилиўиндеги Едиге бийдиң сиясий искерлигин де көрсетип өткен [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер… – Б. 27-33.]. Көрсетилген дәреклер әдебияттаныўшы алым К.Мәмбетовтың изертлеўлерин толықтыратуғын жаңа мағлыўматларға бай ҳәм оқыўшыларға усы еки мийнетти де салыстырып оқыў зәрүрлигин еслетип өтемиз [Мәмбетов К. Тарийх төркинлери. – Нөкис, 1999. – 160 б.].
Қ.Камалов, қарақалпақ халқының тарийхына байланыслы ҳәр қыйлы бурмалаўларды орынлы сынға алған. Соның менен бирге, автор: «Жаңа тарийхымыз А.Досназаровтың қарақалпақ халқына автономиялы область алып бериў хызметлери менен басланыўы тийис», – деген дурыс бағдарды белгилеп берген [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер… – Б. 46.].
Мийнеттиң соңғы бетлеринде автор халқымыздың жаңа тарийхын жазыўда: «… редакциялық комиссия темаларды бөлисип алып, өзимиздеги материалларға қосымша қарақалпақлар жасаған еллерге барып, мәмлекетлик архивлерде ислеп, тарийхымыздың тийкарғы нусқаларын жыйнап, 2-2,5 жылда ҳақыйқый тарийхын жаратсақ – Уллы жеңис болар еди», – деп өзи көтерген ийгиликли басламаның түйинин де зиялыларымыз нәзерине жеткерген [Камалов Қ. Қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында жаңа дәреклер… – Б. 82.].
Халқымыздың қәдирдан ақсақалы Қ.Камаловтың өз оқыўшысына қалыс жеткерип отырған пикирлериниң барлығында да, ол кисиниң ой-өрисиниң кеңлиги, миллетимиздиң даңқлы тарийхын ашыўға болған умтылысы ҳәм оны аңлаў арқалы келешек әўладтың жоқары саналы руўх ийеси болып жетилисиўин арзыў еткен инсанның жүрек тербелислери, үмитлери сезилип турады. Биз китапты бир неше мәрте оқыр екенбиз, усы пазыйлетлерди аңладық.
Тоқсан жасты еңсерип, жүзге қарай қәдем атқан ақсақалдың бундай пидайы ҳәрекетлери, көпшиликке ой салыўы – көп болып қоллап-қуўатлайтуғын ис. Биз китап авторына шын миннетдаршылық билдириў менен қатар, Уллы Жаратыўшымыздан қәдирдан ақсақалымызға еле де узақ жас бериўин, өз мәрҳаматларын аямаўын, жасуллымыз тек ғана жақсы жаңалықларды еситип, ҳәмийше жақсылықларға гүўа болыўын ҳәм ойға алған нийетлериниң жемисин көриўин тилеп қаламыз.
Кеңесбай АЛЛАМБЕРГЕНОВ,
филология илимлериниң докторы, профессор.
Есимқан ҚАНААТОВ,
НМПИ докторанты
ДӘРЕК: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы.