Бүгин «Qanot sharq» авиакомпаниясының «Airbus А320» маркалы биринши авиалайнери «Ташкент-3» аэропортына келип қонды.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген мәресимде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Туризм ҳәм спорт министри Азиз Абдуҳакимов, «Qanot sharq» авиакомпаниясының шөлкемлестириўшиси Носир Абдуғаффоров мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлерине жаратылып атырған қолайлықлар жеке меншик авиакомпаниялар жумысының жолға қойылыўында үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Өзиниң 20 жылдан аслам жумысы даўамында «Qanot sharq» авиакомпаниясы тийкарынан жүк ҳаўа транспорты тараўында тәжирийбе топлағанын атап өтиў зәрүр. Компания өткен дәўир ишинде мәмлекетимиз ҳәм сырт елде ири агентлик тармағын жарата алды ҳәм пүткил жумысы ўақтында 100 мың тоннадан аслам жүк тасыўға еристи.
Соның менен бирге, компания кейинги жети жыл ишинде жолаўшы тасыў бойынша өз имканиятын сынап көрди. Жергиликли ҳәм сырт ел авиакомпаниялары менен тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойған компания чартер рейслери арқалы 150 мыңнан аслам жолаўшыны өз мәнзиллерине жеткериўге еристи.
Әҳмийетли тәрепи сонда, 2020-жыл октябрь айында еки «A 320» жолаўшы самолёты ушын ижара шәртнамаларына қол қойыўға ерискени авиакомпания тарийхында әҳмийетли дәўирди баслап берди. Солай етип, мәмлекетимизде тап усы ҳаўа жоллары бойынша биринши жеке меншик исбилерменлик тийкарында «Qanot sharq» авиакомпаниясының жумысы жолға қойылды.
– Бүгин биз туризм, транспорт тараўы ушын әҳмийетли болған тарийхый күнде қатнастық, – деди Бас министрдиң орынбасары А.Абдуҳакимов. – Өзбекстанға биринши мәрте жеке меншик авиакомпанияның биринши авиалайнери жетип келди. Бул ҳаққында компанияның интакерлери менен еки жыл алдын режелери бойынша сөйлесип алған едик. Компания жақын 20 күн ишинде екинши авиалайнерин алып келеди. Жылдың ақырына шекем және еки «А330» маркалы авиалайнер алып келиниўи күтилмекте. Солай етип, компания өзиниң үш «А320» ҳәм үш «А330» маркалы самолётына ийе болады. Президентимиз тәрепинен ишки ҳәм зыярат туризмин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бул бойынша пәрман қабыл етилип, исбилерменлерге кеңнен жеңилликлер берилген еди. «А330» маркалы самолёт әйне зыярат туризми ушын қолайлы болып, 300ге шекем жолаўшының мәмлекетимизге келиўине имканият жаратады.
– Бүгин топарымыз ушын қуўанышлы күн болды, – деди «Qanot sharq» авиакомпаниясының шөлкемлестириўшиси Носир Абдуғаффоров. – Бәринен бурын, бизге усындай қолайлылық ҳәм имканиятлар жаратып берген Өзбекстан ҳүкимети ҳәм Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз. Бүгин жеткерип келинген авиалайнеримиз Европа авиациясының қағыйдаларына муўапық, техникалық хызметтен өткерилген ҳәм оның техникалық жағдайын баҳалаў ушын көргизбе пәрўазлары да әмелге асырылған. Екинши самолёттың алып келиниўи май айының үшинши он күнлигинде режелестирилген.
Салтанатлы мәресимниң басында қатнасыўшылар «Airbus А320» маркалы биринши авиалайнер менен танысты.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы