Нѳкис районы орайына кире беристеги гүзар жолдыӊ оӊ тәрепине нәзер таслаған адам бул аймақта тазадан жайлар салынып, ол жерде жаӊа елаттыӊ пайда болып атырғанына кѳзи түседи. Бул әлбетте, районда халық саныныӊ әдеӯир ѳсип, жаӊадан-жаӊа шаӊарақлардыӊ бой тиклеп атырғанлығынан дәрек береди.
-2018-жылы район орайында жайласқан ҳәр биринде 8 шаӊарақ туратуғын 10 кѳп қабатлы ески жайымыз бузылып, онда жасайтуғын хожалықларға район ҳәкимлиги тәрепинен компенсация есабында 3-4 млн сумнан ақша ҳәм турақ жай қурыӯ ушын усы 31-санлы мектептиӊ арқа тәрепинен жер участкаларын ажыратып берген еди,-дейди бизге усы аӯылдыӊ турғыны Оразбай Дәӯлетияров.-Мине сол жылдыӊ ѳзинде бизлер усы аймаққа шамамыздыӊ жеткенинше имарат тиклеп, ѳзлеримиздиӊ есабымыздан үйлерге тәбийғый газ, электр линиялары ҳәм ишимлик суӯ тармақларын тарттық. Бирақ, жол мәселесине келгенде жергиликли халықтан ақша жыйнайық десек, турғынларымыздыӊ пандемия дәӯиринде қаржы жағынан «қоллары сәл келтелик» етип тур. Сонлықтан бизлерди усы жол машқаласы күтә қыйнап тур. Елат үстинен еки канал ағып турғанлықтан, оннан қалаберсе, аймаққа жақын жерлер фермерлер тәрепинен суӯғарылған ӯақытлары изей суӯлар жер бетине шығып жолларда жаӊа батпақлықлардыӊ пайда болыӯына себеп болады. Сондай-ақ, бурын усы жер участкаларымыз топырағынан пайдаланып, район турғынлары тәрепинен бир-неше жыллар даӯамында қам гербиш қуйыла бергенликтен жерлеримиз басқа аймақларға салыстырғанда әдеӯир ойға түсип кеткен. Аӯыл халқы тәбияттыӊ басқа қыйыншылықларынан қорықпағаны менен жаӯын-шашыннан күтә қорқады. Себеби, бул жерге жаӯын жаӯса, жаяӯ адам түӯе автомашиналардыӊ да жүриӯи қыйын болады. Атап айтатуғын болсам, 2019-жылдыӊ бәҳәр айларыныӊ биринде Мақсет деген қоӊсымыздыӊ үйинде кишкене балалардыӊ қараӯсыз қалғанлығы себепли ѳрт келип шығып, буны ѳшириӯ ушын «пожарный»ларды шақырғанымызда ѳрт ѳшириӯ автомашинасы жолларымызда әдеӯир ӯақыт даӯамында батып қалып, оны кѳпшилик адам болып ысырып мәнзилге зорға апардық. Сондай-ақ, 2020-жылы Азамат деген қоӊсымыздыӊ келиншеги наӯқасланып, үйине «тез жәрдем» шақырғанында, арнаӯлы медициналық автомашина жолымызда батып қалыӯдан қорқып, келиншекти күйеӯи асфальт жолға арқалап шығарғаны еле есимизде. Бундай жағдай Айдос қоӊсымыздыӊ келини аӯырғанында да жүз берип, онда «тез жәрдем» машинасын адамлар ийни менен ысырып, жолға зорға шығарып салды.
Бул машқалалар туӯралы жыйын баслығы яки сектор баслықларына мүрәжат еттиӊизбе?,-деп сорадым аймақ пуқараларынан.
-Халқымыздыӊ жол машқаласын айтып бармаған жеримиз қалмады. Аймақ турғынларыныӊ ярымыныӊ үй дәптеринде жасайтуғын мәнзил «Ақмаӊғыт посёлкасы» деп жазылған болса, айырымларына «Саманбай» аӯыл пуқаралар жыйыны деп жазылған. Сонлықтан бул елат еки ортада әӯере-сарсаӊ болып, сыртта қалып қоймақтамыз. Район ҳәкимлигиндегилер «Болады үйренип шығамыз. Усы жылы «Абат аӯыл»ға киргизип беремиз, »- деп ӯәде береди де, кейин умытып кете береди. Жақында 31-санлы мектепте ѳткерилген ушырасыӯда да усы машқаланы шешип бериӯди сорадық. Район ҳәкимлиги «Үйренип шығып, жәрдем етемиз,»-деп ӯәде етти. Лекин, елеге шекем жолларымызда ҳәрекет жоқ. Илайым, жақын арада бул аймақта жаӯын жаӯмағай деп тилек тилеп отырмыз,-дейди Оразбай аға.
Шынында да, бүгинги күни 80 нен аслам шаӊарақ жасап атырған елат турғынлары гүз, қыс ҳәм бәҳәр айларында аймақта жаӯын-шашын болмаӯын қәлейди. Себеби, жоқарыда атап ѳткен жағдайлардан басқа, бул аймақ балалары бала бақша ҳәм мектепке барыӯда да әдеӯир қыйыншылықларға дусласып келмекте. Бизлер жақын арада район ҳәкимлиги аймақ халқыныӊ бул машқаласын үйренип шығып, оған унамлы шешим табады,- деп исенип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги