Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен мүбарек Рамазан айында бир қатар қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
Атап айтқанда, усы жыл 26-апрель күни Чернобыль апатшылығын сапластырыўға қатнасып, қайтыс болған 32 жигиттиң шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине 150 мың сумлық азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
– Чернобыль атом электр станциясында апатшылық жүз бергенине мине быйыл саррас 35 жыл болды,-дейди «Өзбекстан чернобыльшылары» аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Қасым Бекбосынов.- Оны сапластырыўға республикамыздан 600 ден зыят адам қатнасқан болса, соннан 400 ден асламы түрли топардағы майып есапланады. Ашынарлысы 111 жерлесимиз өмирден биймезгил көз жумды.
Усы апатшылықты сапластырыўға қатнасқанлардың шаңарақларын социаллық жақтан қорғаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр. Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен көрсетилип атырған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдиремиз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери