Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тийисли тараўларға ҳәм ҳәкимликлерге бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген.

Биз Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары П.Қудияров пенен сәўбетлесип, қарарда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўы, атап айтқанда, бос турған мәмлекетке тийисли объект-имаратлар ҳәм киши мәмлекетлик активлерди исбилерменлик субъектлерине әпиўайыластырылған тәртипте бериў, қаланың өсиў ноқатлары («драйвер» тараўлары), жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қатнасыўында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың орынланыў барысы бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

 

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрь күнги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы
қарарының 1-қосымшасына муўапық, қаланың өсиў ноқатлары    болып, қурылыс материаллары ҳәм азық-аўқат санааты белгиленген.

Бүгинги күнде усы тараўлар бойынша улыўма муғдары 160,3 млрд. сум болған 44 жойбарды әмелге асырыў есабынан 414 жаңа жумыс орнын жаратыў белгилеп алынды.

Атап айтқанда, қурылыс материаллары санааты бағдарында улыўма муғдары 131,7 млрд. сум болған 32 жойбарды әмелге асырыў есабынан 331 қосымша жумыс орнын жаратыў белгиленген.

Бүгинги күнде усы бағдарда улыўма нырқы 41,3 млрд. сум болған,
20 жойбар иске түсирилип, 192 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Қалған жойбарларда «тармақ кестеси» тийкарында қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, азық-аўқат санааты бағдарында улыўма муғдары  28,6 млрд. сум болған нан, ун, сүт өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеўши 12 жойбар бағдарламаға киргизилген.

Ҳәзирги ўақытта азық-аўқат санаатында улыўма нырқы 5,0 млрд. сум болған 8 жойбар иске түсирилип, нәтийжеде 27 жаңа жумыс орны жаратылды. қалған жойбарларды өз ўақтында иске түсириў бойынша «тармақ кестеси» тийкарында жумыслар алып барылмақта.

Қарардың 5 ҳәм 5а-қосымшаларына муўапық, қалада улыўма баҳасы 882 млрд. 624 млн. сум (соннан, 537 млрд. 87 млн. сум басламашының қаржылары, 131 млрд. 810 млн. сум банк кредити, 13 млн.
248 мың доллар сырт ел кредити ҳәм сырт ел инвестициясы 7 млн. 462 мың доллар) есабынан 181 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм 1639  жаңа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген.

Бунда, тараўлар кесиминде, санаат тараўында 401,0 млрд. сумлық 60 жойбар (637 жаңа жумыс орны), аўыл хожалығы тараўында 55,9 млрд. сумлық 9 жойбар (106 жаңа жумыс орны), хызмет көрсетиў тараўында 425,6 млрд. сумлық 112 жойбардың (896 жаңа жумыс орны) әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Соннан, 2020-жылда жәми 172,3 млрд. сум болған, 659 жаңа жумыс орнын жаратыўшы 75 жойбардың иске түсирилиўи режелестирилген.

2020-жыл даўамында жәми 171,3 млрд. сумлық 78 жойбар иске түсирилди ҳәм 545 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

2021-жылда жәми 495,5 млрд. сум болған, 835 жаңа жумыс орнын жаратыўшы 98 жойбар иске түсирилиўи белгиленген.

2021-жылдың биринши шерегинде қалада 13 мәҳәлледе улыўма муғдары
61,7 млрд. сум болған, 170 жаңа жумыс орнын жаратыўшы 17 жойбар иске түсирилиўи режелестирилген. Екинши шеректе 40,8 млрд. сум болған, 54 жаңа жумыс орнын жаратыўшы 10 жойбар, үшинши шеректе 28,5 млрд. сум болған, 57 жаңа жумыс орнын жаратыўшы 11 жойбар, төртинши шеректе 364,3 млрд. сум болған, 554 жаңа жумыс орнын жаратыўшы 60 жойбар иске түсирилиўи белгиленген.

Жыл басынан берли улыўма муғдары 89,0 млрд. сум (73529,0 млн. сум өз есабы, 7565,0 млн. сум банк кредити, 767,0 мың доллар сырт ел кредити) болған, 33 жойбар иске түсирилди ҳәм 313 жаңа жумыс орынлары жаратылды. (режеде 61,7 млрд. сум болған 17 жойбар, әмелде
89,0 млрд. сумлық 33 жойбар иске түсирилген).

2022-жылда жәми 224,6 млрд. сум болған, 190 жаңа жумыс орнын жаратыўшы 13 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген.

Әмелде усы жылдың 8-апрель жағдайына 170 жойбарда
418,6 млрд. сум болған инвестициялық қаржылар өзлестирилип, улыўма муғдары 260,4 млрд. сум болған 111 жойбар иске түсирилди ҳәм 858 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Нөкис қаласында бос турған мәмлекетлик объектлер ҳәм киши мәмлекетлик активлердиң исбилерменлик субъектлерине әпиўайыластырылған тәртипте берилиўи бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, «Nukus Lak Bo`yoqlari» ЖШЖның улыўма муғдары 10,0 млрд. сум (10,0 млрд.сум өз есабы) болған 30 жаңа жумыс орнын жаратыўшы «Қурылыс материаллары ҳәм лак-бояўларын ислеп шығарыў» жойбарының өз ўактында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен «Гөне қала» МПЖдағы ҳәкимлик балансындағы бос турған имарат Қарақалпакстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 3-август күнги 213-санлы карары тийкарында инвестициялық (1,0 млн. доллар эквивалентинен кем болмаған) ҳәм социаллық (100 жаңа жумыс орны) миннетлемелерин белгилеген ҳалда тиккелей «ноль»лик баланста берилди. Ҳәзирги күнде имаратта қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылмақта.

 

Сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қатнасыўында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар ҳаққында айтатуғын болсақ, “Khalifa Bin Zayed AI Nahyan Foundation” (БАӘ) тәрепинен улыўма муғдары 7,0 млн. доллар (7,0 млн. доллар сырт ел инвестициясы) болған,
15 жаңа жумыс орнын жаратыўшы «Шайх Халифа атындағы ҳаяллар ҳәм балалар емлеўханасын шөлкемлестириў» жойбарының әмелге асырылыўы режелестирилген.

Усы жойбарды әмелге асырыў ушын Нөкис қаласы ҳәкиминиң
тийисли қарары тийкарында Нөкис қаласы, «Шымбай шайхана» МПЖ аймағы Нөкис қалалық медициналық бирлеспеси аймағынан 15844 м2 жер майдан ажыратып берилди.

Бүгинги күнде усы жойбарға ажыратылған жер майданына қурылыс жумыслары алып барыў ушын жерлери тегисленип, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў жумыслары алып барылмақта.

 

Жазып алған:

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги