Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде, «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң басламасы менен 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның тийисли бәнтлери бойынша әмелге асырылған жумысларды додалаўға бағышланған жәмийетлик тыңлаў болып өтти.
Жәмийетлик тыңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Тоғай хожалығы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетлериниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының басшылары, қәнигелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Б.Кусекеев, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Е.Акимниязов, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң бөлим баслығы Б.Ибрагимовлар шығып сөйлеп, мәмлекетлик бағдарлама бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик бағдарламаның 99-бәнти бойынша зыярат туризми ҳәм ишки туризмди раўажландырыў, 123-бәнти бойынша 2021-2023-жылларда мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын терек ҳәм нәллерди егиў, тәрбиялаў ҳәм путаў-қырқыў бойынша аймақта бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетлик бағдарламаның 123-бәнтине муўапық, Өзбекстан Республикасы аймағында 2021-2023-жылларда мәмлекетлик тоғай хожалығы фондына кирмейтуғын терек ҳәм нәллерди егиў, тәрбиялаў ҳәм путаў-қырқыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ислеп шығылды. Усы бағдарлама тийкарында 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасы аймақларын көклемзарластырыў мақсетинде жәми 32,8 миллион дана, соннан 2021-жылда 10,4, 2022-жылда 10,9, 2023-жылда 11,4 миллион дана ҳәр түрдеги терек ҳәм нәллерди егиў жумысларын системалы ҳәм ғалаба түрде шөлкемлестириў режелестирилген. Соның мене бирге, топырақ – климат шараятынан келип шыққан ҳалда нәлханалар (питомник) шөлкемлестириў, егилген нәллерди тәрбиялаў және суўғарыўдың заманагөй инфраструктурасын жаратыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен бағдарламаға муўапық, аймағымыздағы тереклерди хатлаўдан өткериў, нәтийжелери бойынша анықланған кеселлик ҳәм зыянкеслер менен зыянланған тереклерди саўалландырыў илажларын көриў, олардың реестрлерин жүргизиў, сондай-ақ, Мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын тереклер менен нәллердиң баҳалы түрлериниң кесилиўине жәрияланған мораторийға бойсыныў үстинен экологиялық қадағалаўды еле де күшейтиў бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы ПФ-5635-санлы пәрманына муўапық, жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўын системалы түрде мониторинг етиў ҳәм нәтийжелери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Президент Админстрациясы менен Министрлер Кабинетине, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине талқыланған мағлыўматларды ҳәм усынысларды турақлы түрде киргизип барыў «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекетиниң тийкарғы ўазыйпасы сыпатында белгиленген,-дейди «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов. – «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасында да Әдиллик министрлиги, «Тараққиёт стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети менен биргеликте жоқарыда көрсетилген ўазыйпаларды әмелге асырыўы керек екенлиги белгиленген.
Тийкарғы мақсет – мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетлик қадағалаў тийкарында үйрениў, жәмийетлик тыңлаўда додалаў, сол арқалы жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыўдан ибарат.
Илажда Өзбекстан Республикасы «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық быйылғы жылғы Мәмлекетлик бағдарламаның тийисли бәнтлери бойынша тараў басшыларының есабатлары жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен тыңланды.
Жәмийетлик тыңлаўда көтерилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Алдағы ўақытлары басқа тараўларда да усындай жәмийетлик тыңлаўлар өткерилип, оның жуўмағы тийисли тармақ басшыларының қатнасыўында додаланыўы келисип алынды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги