(Бозатаў районында өткерилген «Поэзия фестивалы» тәсирлери)
Усы жылдың 6-апрель сәнесинде Ҳүрметли Президентимиздиң өткен жылдың октябрь айында Қарақалпақстанға болған сапары даўамында белгилеп берген ўазыйпаларының орынланыўын тәмийинлеў мәқсетинде, Бозатаў районында өткерилген «Поэзия фестивалы» қарақалпакстанлы, соның ишинде бозатаўлы жас дөретиўшилер ушын үлкен әдебият байрамына айланды.
Ташкент ҳәм Нөкис қаласынан, туўысқан Хорезм ўәлаятынан келген белгили жазыўшы – шайырлардың қатнасыўында, жас қәлемкешлердиң белсендилиги астында өткерилген бул әдебият байрамы, Қарақалпақ әдебияты жылнамасындағы, бозатаўлылар өмириндеги умытылмас әдебий-мәдений илажлардың бирине айланды.
Фестиваль дәслеп райондағы Бердақ бағында шайыр бабамыздың естелигине гүл шеңберлерин қойыў менен басланды.
Буннан соң райондағы жаслар орайында өткерилген мушайра, еки әўлад ўәкиллериниң ушырасыўы илажға айрықша сән бағышлады.
Әдебий илаждың ашылыўында шығып сөйлеген, Қарақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасыўшыларды фестивалдың ашылыўы менен қутлықлап, елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әдебиятқа, мәденият ҳәм мәнаўиятқа қаратылып атырған айрықша итибар, китапқумарлықты кеңнен ен жайдырыў бағдарында әмелге асырылып атырған көлемли реформаларға тоқтап өтти.
Фестивальда Өзбекстан халық шайыры Олий Мажлис Сенат ағзасы Маҳмуд Тайыр, Өзбекстан халық шайыры Усман Әзим, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары, шайыр Надир Жанузақ, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов, Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Гулистан Аннақличева, Қарақалпақстан халық шайыры Рустем Мусурман, Қарақалпақстан Халық жазыўшысы Муратбай Нызанов, хорезмли жазыўшы Қурбан Муҳаммад Ризолардың қатнасыўы, шығып сөйлеўи, оқыған қосықлары менен баҳалы пикирлери, барлық поэзия ықласбентлери ушын умытылмас мәўритлерге айланды.
Әсиресе, илажда бозатаўлы жас шайыр қызлардан Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Гулсәнем Оразбаева ҳәм оның бир қатар заманласларының бири-биринен соң, сөз сорап қосық оқыўлары, район ҳәкими Маҳмуд Қайпановтың мениң шайыр қызларымның қосықларын бир тыңлап көриң деп, ҳәмме қатнасыўшылардың дыққатын қаратып, сөз алып бериўи, бәрше қатнасыўшылардың қәлбине әлем-әлем қуўаныш, айрықша толқынланыўшылық сезимлерин пайда еткени сыр емес.
Себеби бүгингидей мәлимлеме-технологиялары кең раўажланып, көпшилик оның соңғы әўладлары менен ислесиўди үрдис етип атырған ҳәзирги пайытта, китапқа меҳир оятыў, қосық жазыў ҳәм оны тыңлаў, заўық алыў ҳәм дөретиўшини қоллап-қуўатлаў сыяқлы ис-ҳәрекетлер, биз ушын суў менен ҳаўадай зәрүр.
Гөззал тәбияты, тоғайында шоқтай жанған қырғаўылы, көлинде балығы, шөлинде аңқыған жуўсан ийиси, жол бойы сулыў сән берип турған тораңғыллары менен жыңғыллары, пейли даласындай кең, қосық сазға жаны қумар мийнеткеш, миймандос халқы менен Бозатаў кеңликлери, пүткил әдебият қәўимин өз қушағына тартты.
Соның менен қатар бул кеңликлер менен сулыў тәбият көринислери шайырлар қәлбинде илҳам тарларын шертти.
Өзбекстан халық шайыры, сенатор Маҳмуд Тайыр шайыра Гулистан ападан тарийхын ҳәм тәрийпин сорастырып билип алған мағлыўматлары ҳәм жол бойы көзи менен көрген тәсирлерин ақ қағазға түсиргенин айтып «Бозатаўлылар» деп аталған жаңа қосығын оқығанда, пүткил қатнасыўшылартың қуўанышдан жүзлери жайнап, қол шапатлаў әжайып нама сести яңлы жаңлады.
Себеби, өз елиңниң тәрийпин өзиңнен де зыяда етип, кимдур жырлап турса, қәлбиңде муҳаббат толқыны тасқынлайтуғыны тәбийғый.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығы биринши орынбасары, шайыр Надир Жанызақ өзиниң шығып сөйлеўинде Бозатаў кеңликлерине тәрийп бере отырып, – бул жерде өскен ҳәр бир тораңғыл ҳәм жыңғыллар, мәртлик ҳәм сабыр, гүресиўшеңликтиң тымсалы болып, келешекте жазыўшы-шайырларымыздың дөретпелеринде әдебий тымсалға айланады.
Усы жерде жасап атырған халықтың мәртлиги менен кең пейиллигин, мийнетсүйгишлиги менен сабыр-тақатын, миймандослығы менен гүресиўшеңлигин сүўретлеўши тымсалларға айланады деген қанатлы пикирлери қәлбимизге терең ой салды.
Әлбетте ,әдебиятымызда мәжнүн тал, байтерек, гүжим, шынар, ақ терек сыяқлы дарақлар түрли мазмунда әдебий образларда сәўлелениўин тапқан.
Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Гүлистан Аннақличева өз заманласы, Өзбекстан халық шайыры Усман Әзимниң «Ана жер» ҳаққындағы қосығын қарақалпақ тилинде оқып берип, әдебий шығарма егер жақсы жазылған болса, қайсы тилге аўдарылса да, инсанға заўық бағышлай алатуғынлығын және бир мәрте тастыйықлады.
Өзбекстан халқ шайыры Усман Әзим сөзге шығып, жасларға әдебияттың өзине тартар күши, дөретиўшилик жумыстың мийнети менен зийнети ҳаққындағы пикирлери, ўатанға муҳаббат ҳаққындағы оқыған қосығы, жас қәлемкешлер ушын дөретиўшилик сабағы болды.
Хорезмли жазыўшы Қурбан Муҳаммад Ризоның туўысқан халықлар әдебияты дослығы, Мақтумқулы, Әгаҳий, Әжинияз ҳәм тағы басқада шайырлардың бир-бирин толықтырып турғанлығы, әдебий қатнасықлар ҳәм оның бүгинги көриниси ҳаққындағы пикирлери, түркий халықлар дослығы ҳаққындағы оқыған қосығы бәршени терең ойға шүмдирди.
Әдебиятлар дослығы, миллетлер дослығы, миллетлер дослығы болса – турақлылық, раўажланыўлар негизи.
Мушайраны басқарып барған Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримовтың атап өткениндей, бүгин бозатаўлылар қәлбинде өзгеше қуўаныш, өзгеше руўх, оларға бул қуўанышты ең дәслеп Ҳүрметли Президентимиз инәм етти, район қайтадан ашылды, абадан турмыс, бахытлы келешекке имканиятлар жаратылды, «Поэзия фестивалы» усы қуўанышлардың үзликсиз даўамы.
Бозатаў районы халқы, жаслары ушын Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен алып келинген ҳәм Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпакстан бөлими баслығы, журналист, аўдармашы К.Реймовтың өзи аўдарған әдебий китапларды район ҳәкими үлкен миннетдаршылық пенен қабыл етип алды, себеби дүньяның барлық жақсылықлары жәмленген китап бул – барлық байлықлардан үстин туратуғын ең бийбаҳа саўға.
Күнниң екинши ярымында Ҳүрметли Президентимиздиң аталық ғамқорлығы нәтийжесинде, жаңаланып атырған Бозатаўдың бүгинги жамалын, социаллық-экономикалық жетискенликлер менен жаслар ҳәм ҳаял-қызлар турмысын, келешек әўладлар тәрбиясы ушын әмелге асырылып атырған инабатлы ислерин, өз көзлеримиз бенен көриў бахтына миясар болдық.
Райондағы «BOZATAW SIMMENTAL» ,«BOZ-TEX» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери, жаслар орайы, бир қатар мектеплер менен балалар бақшаларында, жазыўшы-шайырлардың топарларға бөлинип өткерген ушырасыўлары, ҳақыйқый мийнет адамлары менен жасларда миннетдаршылық сезимлерин пайда етти.
Ташкент пенен Нөкистен, қоңсы Хорезмнен келип ҳал-жағдай сорап, әдебий сәўбетлер өткериў, бул усы ушырасыўларда қатнасқан ҳәр бир бозатаўлы ушын күтилмеген саўға болды.
Бүгин Бозатаў дөретиўшилик мийнет қушағында, ең тийкарғысы ҳәр бир мийнет адамы, бүгинги исленип атырған ийгиликли иси, ертеңги абадан турмысқа негиз екенлигин түсинип жасамақта.
Бүгинги күнде, райондағы «BOZATAW SIMMENTAL» шарўашылық комплексинде 300 ге шамалас нәсилли маллар күтимли бағылып атырған болса, оның санын 600 басқа жеткериў мақсет етилген.
«BOZ-TEX» тигиўшилик фабрикасы барлық түрдеги ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар сондай-ақ, балалар кийимлерин тигиўге бағдарланған.
Райондағы және бир пайызлы орынлардың бири «Өнерментлер аллеясы» болып, бул жерде он бармағы өнерли ҳаял-қызлар «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында қол өнери менен шуғылланып келмекте.
Заманагөй “Жаслар орайы”, «Бозатаў стадионы» бүгинги Бозатаў жасларының сүйикли мәканына айланған.
Себеби, “Жаслар орайы”ндағы түрли дөгереклер бүгинги дәўир талабы тийкарында шөлкемлестирилген.
«Жаслар орайы»нда жас қәлемкешлер менен өткерилген сәўбетте Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Султановтың әдебият әлеминиң өзине тартар күши, әдебий шығарма жазыўдың өзине тән өзгешеликлери ҳаққындағы қалыс пикирлери, қәлемкеш жасларға өмирлик сабақ болары анық.
Белгили сатирик жазыўшы С.Жумағуловты көрген ҳәм оның шығармалары ықласбентлериниң жүзлерине күлки енип, бир пурсат сәўбетлесиўге асыққанын байқадық.
Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жуўаплы хаткери, балалардың сүйикли жазыўшысы Б.Ерназаров пенен үлкенлер ҳәм балаларға бирдей таныс, шайыр ҳәм журналист С.Ембергенов, белгили шайыр ҳәм педагог Т.Жиемуратовлардың ҳар бир объектке барғанда, терең қызығыўшылық пенен мағлыўматлар алып, өзгерислерден баладай қуўанып, кисесиндеги жазыў дәптерине жаңалықлар түсириўге ҳәрекет еткенлери, дөретиўши инсанлардың жаны мудамы жақсылыққа қумар екенлигин көрсетеди.
Фестивальдың шөлкемлестириў жумысларында белсендилик көрсетип, ерте таңнан машиналарды таярлап, жолға шығыўдан алдын бәршени барлап, жуўырып-жортып хызметте жүрген Жазыўшылар аўқамы жанындағы «Ижод» қоры Қарақалпақстан бөлими баслығы, белгили жазыўшы ҳәм журналист Б.Бекмуратовқа фестиваль қатнасыўшыларының алғысы шексиз.
Нөкисли жас шайырларға бас болып, балалар бақшасында тәрбияланып атырған кишкенелер менен олардың тәрбияшылары арасында сәўбет өткерген балалар шайыры Г.Жүгинисов бүгинги жас әўладқа жаратылып атырған имканиятлардан қуўанышлы.
Кеш түсиўден алдын Бозатаў орайындағы «Амфитеатр»да өткерилген концерт бағдарламасы ҳәм шайырлар мушайрасына, район кең жәмийетшилиги, алдыннан тарқалған хош хабар себепли, ағылып келе баслады.
Нөкис қаласынан халқымыз сүйген хош ҳаўаз ийелери Г.Айымбетова, Ж.Бекбергенова, Р.Ражапов, Р.Атажанов, Р.Юсупов, Қ.Муратов сыяқлы бир қатар қосықшылар атқарған қосықлар, «Айқулаш» тың аяқ-қолы шаққан, шебер ойыншылары атқарған аяқ ойынлар, ашық аспан астында, байрам илажына айрықша заўық бағышлады.
Белгили шайырлар менен бозатаўлы жас дөретиўшилердиң шығып қосық оқыўлары концерт бағдарламасына өзгеше сән берди.
Қарақалпақстан халық шайыры Рустем Мусурманның қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллери шығармаларының өзбек тилиндеги аўдармаларынан үзиндилерди тәсирли оқыўы, өзиниң халық атқарыўшылығы жолында оқыған қосығына уласып, қатнасыўшылар алғысына миясар болды.
Бүгинги қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллери А.Өтепбергеновтың «Бердақ» ҳаққындағы, Х.Даўлетназаровтың жақсылыққа жетеклеўши, Я.Ажимовтың бүгинги дәўир өзгерислери сөз етилген, Б.Аймуҳаммедованың «Аналар атынан тилек», балалар шайыры Ш.Атамуратованың балалықтың алтын мәўритлери, хорезмли шайыр Ш.Қаландарова менен Ш. Сабурованың ўатан темасындағы қосықлары Бозатаў аспанында бәлент жаңлады.
Биринши мәрте мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өткерилген «Поэзия фестивалы» на белсене қатнасқан район жасларына Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы атынан саўғалар тапсырылды.
Нөкис қаласынан жасы үлкен жазыўшы-шайырлардан сабақ аламыз, қосықларымызды көрсетип пикир еситемиз, деп келген Жазыўшылар аўқамының ең жас ағзасы, талантлы шайыр А.Дәрменов бас болған Б.Жолдасбаев, Д.Данияров, А.Сатбаев, Р.Әбдимуратов, тахтакөпирли М.Абдиқалиев сыяқлы жас дөретиўшилер, өзлери ушын, бүгинги әдебиятымыздың жас ўәкиллери сыпатында үлкен жуўапкершилик, сабақлар алғанын жол бойы пикирлесип келди.
Жуўмақластырып айтқанда, Бозатаўда өткен бир күнлик фестиваль жазыўшы-шайырлар ушын да, район халқы, жаслары ушын да, ең тәсирли, қуўанышлы мәўритлерди инәм еткен, есте қаларлықтай ўақыя болды.
Биз дөретиўши инсанлар ҳәмийше халқымыз алдында қарыздармыз, мине усы қарыздарлықтың бир бөлеги бозатаўлылар алдында.
Бозатаўтың мийнет сүйгиш, миймандос, кеңпейил халқы, жазыўшы-шайырларымыздан үлкен-үлкен дөретиўшилик мийнетлер күтиўге ҳәм усы дөретиўшилик мийнетлердиң қаҳарманлары болыўға толық ҳақылы.
Раўаж Отарбаев,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги