Усы жыл 17-апрельде Нөкис қаласында жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў мақсетинде өткерилген «Таза қала» жойбарына  Бажыхана басқармасының хызметкерлери де белсене қатнасты.

Бажыхана басқармасының әтирапы, қаладағы тазалықты талап етип турған орынларда абаданласытырыў жумыслары алып барылды. Акция шеңберинде бажыханашылар жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алып, олардың үйлеринде де абаданластырыў жумысларын әмелге асырды.

– Жаслар аўқамының басқармадағы басланғыш шөлкеминиң жетекшилери ҳәм сәрдарлары менен биргеликте басқарма хызметкерлери «Тынышлық», «Дослық» ҳәм «Қос булақ» мәҳәллелерине барды,-дейди басқарма қәнигеси Ю.Қудиярова. – Басқарма хызметкерлери ол жерде жасайтуғын майыплығы бар, жалғыз баслы ҳәм бағыўшысын жоғалтқан кекселерден Рамазан айы мүнәсибети менен хабар алып, азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди. Олардың қыйтақ жерлерине қарық жарылып, мийўели нәллер отырғызылды. Жайлары ҳәкленип, үйлериниң әтирапында тазалаў-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги